Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2304-2301/4620 Дата решения 20.06.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Ажрим (даъво аризасини кўрмасдан қолдириш); Почта хабарномаси Суд Фуқаролик ишлари бўйича Чимбой туманлараро суди Судья Торебаев Бахтияр Орынбаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Даулетов Аралбай Кудайбергенович Ответчик / Подсудимый Генжебаева Шахсанем Кошкинбай кызы
Source ID 669fa298be8e6d174d00346a Claim ID 4908318 PDF Hash 9922b8b7e7522e4d... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 1 980 символов
УЙҒАРЫЎ (пуқаралық исти ис жүритиўден қысқартыў ҳақкында) 2021 жыл феврал айының 15 сәнеси пуқаралық ислер бойынша Шымбай районлараралық судының суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши М.М.Сапаев, М.Есемуратова хаткерлигинде, тәреплер қатнасында, талапкер _______тиң жуўапкер ______ға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған 0-санлы пуқаралық исин суд мәжилисинде қарап шығып, төмендегилер А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Талапкер _______ жуўапкер ______ға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжәәт еткен. Суд мәжилисинде талапкер _______ судқа арза менен муражаат етип, өзиниң жуўапкер ______ға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасынан бас тартатуғынын, сол себепли пуқаралық исти ис жүритиўден қысқартыўды сорады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыў менен байланыслы ислер бойынша нызамшылықты қоллаў тәжрийбеси ҳақкында»ғы Пленумының 2011 жыл 20 июль күнги 06 санлы қарарының 17-бәнтинде «егер талапкер некеден ажыратыў ҳаққындағы даўадан бас тартса, истиң бул тәрепи ис жүритиўден қысқартылады» деп көрсетилген. Ал, Өзбекстан Республикасы пуқаралық процессуал кодексиниң 124-статьясы 3-бәнтинде талапкердин арз кылған талапларынан бас тартыўы ҳәм судтың бул бас тартыўды кабыл етиўи ис журитиўди тамамлаў тийкарлары қатарында атап өтилген. Сонлықтан суд, талапкердиң даўадан бас тартыўын қабыл етиўди ҳәм пуқаралық исти ис жүритиўден қысқартыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға асас ҳәм Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал Кодексиниң 124, 271-272-статьяларын қолланып суд, У Й Ғ А Р Д Ы: Талапкер _______тиң даўа арзасынан бас тартыўы қабыл етилсин. Талапкер _______тиң жуўапкер ______ға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған пуқаралық иси ис жүритиўден қысқартылсын. Уйғарыў үстинен наразы тәреп усы суд арқалы 20 күн ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына жеке арза, прокурор жеке протест келтириўине ҳақылы. Басшылық етиўши: М.М.Сапаев