Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2305/14265 Дата решения 07.06.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Ханполатова Рано Ургеничбаевна Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Бабаева Рана Ибрагимовна Ответчик / Подсудимый Бекеметов Худайберген Базарбаевич
Source ID 668c36c5b6bf6f28996e604b Claim ID 4921894 PDF Hash 546fcf52391b2962... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 5 389 символов
Ш Е Ш И Ў Ш И ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024 жыл июнь айының 07-сәнесинде пуқаралық ислери бойынша XXX судының ашық суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши судья XXX, XXX хаткерлигинде, жуўапкер XXX қатнасында, Даўагер XXX жуўапкер XXX қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған XXX санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Даўагер XXX жуўапкер XXX қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат етип, даўа арзасында өзи жуўапкер XXX пенен 1995-жылы турмыс қурғанлығын, 1997жылы 20-июнь күни Хожели районы ПҲАЖ бөлиминен нызамлы некеден өткенлигин, биргеликтеги турмысынан бес перзенти бар екенлигин, жуўапкер менен 2022-жылға шекем бирге жасағанлығын, 2022-жылдан баслап шаӊарақтағы өз-ара келиспеўшиликлер себебли бирге жасамайтуғынлығын, шаңарақта аўызбиршилик, сыйласық жоқлығын, жуўапкер жумыс ислегени менен табыс алып келмейтуғынын, шаңарақта урыс-жәнжел көбейип кеткенин, ендиги жағында хожалық болыў мүмкиншилиги қалмағанлығын, сонлықтан жуўапкер менен арасындағы некеден ажыратыўды сораған. Алдынғы суд мәжилисинде даўагер XXX даўа арзасын қоллапқуўатлап, жуўапкер XXX пенен 1995-жылда турмыс қурғанлығын, 1997-жыл 20-июнда нызамлы некеден ѳткенлигин, 2022-жылдан берли бөлек жасайтуғынлығын, себеби жуўапкер өзин қыянетте айыплап жәнжел шығаратуғынын, бир-бирин түсинип жасамағанын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалық болыў имканияты жоқ екенлигин айтып, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер XXX даўа арзаны тән алып, даўагер XXX менен ерли-зайыплы қатнасықлары 2022-жылдан баслап тоқтатылғанлығын, даўагер өзине қыянет еткенин, жарасыў ушын берилген мүддет ишинде жараспағанын, сол себепли некеден ажыратыўды сорап, даўагердиң даўа арзасын қанаатландырыўға қарсылығы жоқ екенлигин айтып түсиник берди. Суд тәреплердиң түсиндирмелерин тыңлап, ис материаллары менен танысып шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қанаатландырыўды лазым деп есаплайды. Өзбекстан Республикасы ППКниң 80-статьясында суд дәлийллерге истиң барлық жағдайларын жәмлеп, оларды суд мәжилисинде нызамға әмел қылған ҳалда, ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс көрип шығыўға тийкарланған өзиниң ишки исеними бойынша баҳа бериўи, ҳәр бир дәлийл байланыслылық, тийислилик ҳәм исенимлилик көз қарасынан, дәлийллердиң жыйындысы болса жетерлише көз-қарастан баҳаланыўы лазымлығы, ҳеш бир дәлийл суд ушын алдыннан белгилеп қойылған күшке ийе емеслиги белгиленген. Өзбекстан Республикасы Жоқары суды Пленумының 2019-жыл 29-май күнги «Судтың шешиўши қарары ҳаққында»ғы 12-санлы қарары 3-бәнтине көре, шешиўши қарар, ол процессуал ҳуқық нормаларына қатаң бойсынған ҳалда ҳәм усы ҳуқықый қатнасыққа қарата қолланылыўы лазым болған материаллық ҳуқық нормаларына сай түрде қабыл қылынған, зәрүр жағдайларда нызам уқсаслығы яки ҳуқық уқсаслығын қолланыўға тийкарланған болса ғана нызамлы есапланады. Судта анықланған ҳалатларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер 1995-жылы август айында турмыс қурған, 1997-жылы 20-июнь күни Хожели районы ПҲАЖ бөлиминен №300-санлы акт жазыўы менен дизимге алынған некеден өткен, биргеликтеги турмысынан XXX, XXX, XXX, XXX ҳәм XXX атлы бес перзенти бар. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2022-жылдан баслап бөлек жасайды. Сонлықтан даўагер XXX жуўапкер XXX қарата 20.06.1997 жылы Ҳожели районы ПҲАЖ уйымы тәрепинен 300-санлы акт жазыўы менен дизимге алынған некеден ажыратыўды сораған. Хожели районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң 05.06.2024-жылғы №124-санлы мәлимлемесинде ҳәм Хожели районы «Күн нуры» МПЖның 05.06.2024-жылғы 9-санлы мағлыўматында ерли-зайыплыларды жарастырыў имканияты болмағанлығы көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, «Егер суд ерли-зайыплының буннан былай биргеликте жасаўына ҳəм шаңарақты сақлап қалыўына имканияты қалмаған деп тапса, оларды некеден ажыратады» - деп көрсетилген. Суд ис ҳалатларын ҳәр тәреплеме додалап, тәреплер ортасындағы ерли-зайыплылық қатнасықлары 2022-жылдан баслап тамамланғанлығын, олар бирге жасамайтуғынлығын, жуўапкердиң некеден ажыратыўға қарсылығы жоқ екенлигин инабатқа алып, бундай жағдайда суд ерли-зайыплының буннан кейин бирге жасаўының имканияты қалмаған деген жуўмаққа келеди ҳәм даўа талабын қанаатландырып, тәреплерди некеден ажыратыўды лазым деп табады. Суд мәмлекетлик бажы мәселесин додалап, некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалық берерде тареплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы ППКниң 249-253-статьяларын қолланып, суд ҚАРАР Е Т Т И: Даўагер XXX жуўапкер XXX қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы қанаатландырылсын. XXX ҳәм XXX орталарында 20.06.1997-жылы Хожели районы ПҲАЖ бөлими тәрепинен 300-санлы акт жазыўы менен дизимге алынған Талапкер XXX некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалық берерде мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилсин. Некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалық берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының 1 (бир) барабары муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп қарар қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша апелляциялық судлаў коллегиясына апелляция тәртибинде шағым арза бериўи, прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши: XXX