← Назад
Решение #1277804 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Ажрим (даъво аризасини кўрмасдан қолдириш); Почта хабарномаси
Реквизиты
Стороны
Текст решения
1 438 символов
УЙҒАРЫЎ
2024 жыл июнь айының 03-сәнесинде пуқаралық ислери
бойынша XXX суды, суд имаратында, ашық суд мәжлисинде, басшылық
етиўши XXX, XXX хаткерлигинде, даўагер XXX жуўапкерлер XXX, XXX, XXX,
XXX, XXX, XXX қарата мийрас жайдан шығарыӯ ҳаққындағы XXX-санлы
пуқаралық исин көрип, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Даўагер XXX жуўапкерлер XXX, XXX, XXX, XXX, XXX, XXX қарата
мийрас жайдан шығарыӯ ҳаққындағы даўа арза менен судқа мүрәжаат
еткен.
Бул пуқаралық иси 2024 жыл 28 ҳәм 31 май, 03 июнь күнлерине
тайынланған болып, тәреплер тийисли тәртипте шақыртырылғанында,
кеширимли себеплерсиз суд мәжлисине келмеген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниң
122-статьясы, 1-бөлими, 5-бәнтине көре, суд егер, исти өзиниң
қатнасыўысыз додалаўды илтимас қылмаған тәреплер екинши
шақырыў бойынша ҳәм кеширимли себеплерсиз судқа келмесе, суд
болса иске тийисли бар материаллар тийкарында исти шешиў мүмкин
емес, деп есапласа арзаны көрместен қалдырады.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы
Пуқаралық процессуал кодексиниң 122, 271, 272-статьяларына
қолланып, суд
УЙҒАРДЫ:
Даўагер XXX жуўапкерлер XXX, XXX, XXX, XXX, XXX, XXX қарата
мийрас жайдан шығарыӯ ҳаққындағы даўа арзасы көрместен
қалдырылсын.
Уйғарыўға наразы тәреп 20 күн мүддет ишинде усы суд арқалы
Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық ислери бойынша
апелляциялық судлаў коллегиясына жеке шағым, прокурор жеке
протест келтириўге ҳақылы.
Басшылық етиўши:-
XXX