← Назад
Решение #1277875 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
3 597 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024-жыл май айының 28-сәнеси пуқаралық ислер бойынша
Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд
мәжилиси өз имаратында болып,
Басшылық етиўши Хх,
хххтың хаткерлигинде, даўагер Ххтиң жуўапкер Ххға қарата некеден
ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған №2-23012301/14230-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер,
А Н Ы Қ Л А Н Д Ы:
Даўагер Хх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында өзи
жуўапкер Хх менен некелерин 29.03.2018-жыл нызамлы рәсмийлестиргенин,
биргеликтеги турмысынан орталарында перзенти жок екенин, жуўапкер менен
өз-ара келисе алмағанын, себеби өзин ҳәм шаңарақ ағзаларын жуўапкер
хурмет етпейтуғынын, ҳәзирги ўақытта жуўапкер Хх Корея Республикасында
екенин, өзи жуўапкер менен 2019-жылдан баслап бирге жасамайтуғынын,
ендиги жағында шаӊарағын сақлап қалыў, жарасып бирге жасаў мүмкиншилги
жоқ екенин, сонлықтан судтан орталарындағы некеден ажыратыўды исти
өзиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сораған.
Жуўапкер Хх суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли
тәртипте ақырғы жасаў мәнзилине хабар етилгенде суд мәжилисине келмеди.
Сол себепли пуқаралық исин Өзбекстан Республикасы ППКниң 220-статьясы
талапларына тийкар көриўди лазым тапты.
Суд
ис
материаллары
менен
танысып
шығып,
даўаны
қанаатландырмастан қалдырыўды лазым тапты.
Судта анықланған жағдайлар бойынша, тәреплер турмыс қурып,
29.03.2018-жыл Денов районы 1-санлы ПҲАЖ бөлиминде нызамлы некеден
өткен. Орталарында перзент жоқ. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли
2019-жылдан баслап бөлек жасайды. Жуўапкер суд мәжлислерине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер
суд ерли-зайыптың бундан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап
қалыўға мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажратады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар
тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты
қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 14-бәндине көре, некеден
ажыратыў менен байланыслы ислер бойынша нызамлы ҳәм тийкарлы бийлик
қабыл етилиўи ушын суд истиң ҳақыйқый ҳалаттларын ҳәр тәреплеме, толық
ҳәм қалыс тексерип шығыўы, ерли-зайып ортасындағы өз-ара қатнасықлар
қәсийетин, некеден ажыратыў мәселеси қойылыўына тийкар болған себеплер,
ерли-зайып ортасындағы келиспеўшиликтиң тийкарғы себеплерин анықлаўы
шәрт. Сол мақсетлерде, суд исти еки тәреп қатнасыўында көриўи лазым, 16бәндине көре, турмыста болатуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм
күтилмеген себеплерге көре, ерли-зайып ортасында келип шыққан
келиспеўшиликлер, сондай-ақ, ерли-зайыптан бири яки ҳәр екеўиниң жиддий
ўәжлер келтирмеген халда неке қатнасықларын даўам еттириўин қалемеўи
некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар болалмайды. Некеден ажралыўға
тийкарлар болмағанда, суд даўаны қанаатландырмастан қалдырады.
Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер толық қатнаспағнлығын,
некеден ажыратыў ушын жетерли тийкарлар жоқ деп есаплап, тәреплерди
некелеринен ажыратпаўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы ППКниң
249-253 статьяларын қолланып, суд
Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы:
Даўагер Ххтиң жуўапкер Ххға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы
даўа арзасы қанаатландырылмастан қалдырылсын.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына
шешиўши қарар қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки
шешиўши қарар нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин.
Басшылық етиўши:
к.н.дурыс _______________
Хх