Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2301/14231 Дата решения 28.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Кайпова Назигул Дарьябаевна Ответчик / Подсудимый Ембергенов Медетбай Омарович
Source ID 667ee206b6bf6f28996e5d39 Claim ID 4908040 PDF Hash 7156a3fb1131df2e... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 4 067 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024-жыл май айының 28-сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши Ххх, ххтың хаткерлигинде, адвокат Хххтың, тәреплердиӊ қатнасында, хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған №2-2301-2301/14231-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер, А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Ххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында ѳзи жуўапкер Ххх пенен 2004 жыл апрель айында турмыс қурғанын, ПХАЖ бөлиминен нызамлы некеден ѳткенин, орталарында перзенти жоқ екенин, өз-ара келиспеўшиликлер себепли себепли 2023 жылдың октябрь айынан баслап бөлек жасайтуғынын, себеби жуўапкер ҳәр турли себеплер менен урыс шығарып, өзине жуўапкер ажрасыўға судқа арза бер дегенин, ендиги жағында жуўапкер менен хожалық болыўына имканияты жоқ екенин, сонлықтан жуўапкер менен орталарындагы некеден мүддет берместен ажыратыўды сораған. Суд мәжилисинде ххх даўа арзасын қуўатлап, ѳзлери 2004 жыл апрель күни турмыс қурғанын, орталарында перзенти жоқ екенин, жуўапкер менен 2023 жыл октябрь айынан баслап бѳлек жасап атырғанын, себеби жуўапкер себепсиз урыс шығаратуғынын, өзин туўысқанлары менен қатнастырмайтуғынын, суд тәрепинен жарасыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде яғный 2024 жыл 14 январь күни өзи жуўапкер менен жарасып бирге жасап атырғанын, бырақ өзи жуўапкерге исеними қалмағанын, сонлықтан жуўапкер менен нызамлы некеден ажыратыўды, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде даўагер адвокаты Ххх даўа арзаны қуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алмасатан, даўа арзада көрсетилген халатлар тийкарсыз екенин, өзи хожалығын тиклеў ушын ҳәрекет етип атырғанын, некеден ажыратыўға қарсы екенлигин, сонлықтан даўагердиң даўа арзасын қанаатландырмастан қалдырыўды сорады. Суд тәреплердиӊ түсиндирмелерин, адвокаттың пикирин тыңлап, ис материаллары менен танысып шығып, даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды лазым тапты. Судта анықланған жағдайларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер 2004 жыл апрель айында турмыс қурған. 2021 жыл 01 март күни нызамлы некеден ѳткен. Биргеликтеги турмысынан орталарында перзентлери жоқ. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2023 жыл октябрь айынан баслап өз-ара келиспеўшиликлер себепли бѳлеклескен, бирақ тәреплер 2024 жыл 14 январь күни жарасып бирге жасап атырған. Жўўапкер Ххх хожалығын сақлап қалыў ушын ҳәрекет етип атырғанын, сол себепли некелеринен ажрасыўына қарсы екенин билдирди. Суд тәреплердиң орталарындағы келиспеўшиликлерди шаңарақтағы ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм олардың жарасып кетиўлерине имканият бар деп ҳәм даўагердиң некеден ажыратыўға анық ўәжлер келтирмегенлиги себепли оларды некелеринен ажыратыўға жетерли тийкарлар жоқ деп есаплайды. Ал, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыў ҳаққындағы ислерди көриўде нызамларды қоллаў әмелияты ҳаққында»ғы 2011 жыл 20 июльдеги 06-санлы Қарарының 16-бәнтинде «Турмыста кешетуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм күтилмеген себеплерге көре, ерқатын ортасында келип шыққан келиспеўшиликлер, сондай-ақ, ерли-зайыплыдан биреўи ямаса екеўиниң тийкарлы ўәжлер келтирмеген жағдайда неке мүнәсибетлерин даўам еттириўди қәлемеслиги некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар бола алмайды» деп көрсетилген. Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды мақул көрди Суд жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы процессуал Кодексиниӊ 249-253 статьяларына тийкарланып, Қ А Р А Р Е Т Т И: Хххныӊ жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы қанаатландырылмастан қалдырылсын. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына шешиўши қарар қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки шешиўши қарар нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши: к.н.дурыс _______________ Ххх