← Назад
Решение #1277877 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 243 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024-жыл май айының 28-сәнеси пуқаралық ислер бойынша
Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд
мәжилиси өз имәратында болып,
Басшылық етиўши Ххх,
А.Бермахановтың хаткерлигинде, даўагер қатнасында, даўагер Хххтиң
жуўапкер Хххна қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 2-2301-2304/11570санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер,
АНЫҚЛАНДЫ:
Даўагер Ххх судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги
түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер Ххх менен 2018-жыл декабрь
айында турмыс қурып, 17.04.2019-жылы Хожели қаласы ПХАЖ бөлиминде
нызамлы некеден өткенлигин, орталарында 13.03.2019-жыл туўылған Молдир
атлы перзенти бар екенлигин, өзи жуўапкер менен 2022-жыл январь айынан
баслап бирге жасамайтуғынлығын, себеби минезлери туры келмей өз-ара
урыслы болғанын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалығын қайта тиклеў
мүмкиншилиги жоқ екенлигин, себеби өзи 2023-жыл июль айында Досчанова
Гулшод Хайруллаевна менен басқа турмыс қурғанын билдирип, жуўапкер
менен
араларындағы
некеден
ажыратыўды
ҳәм
даўа
арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер Ххх суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли
тәртипте ақырғы жасаў мәнзилине хабар етилгенде суд мәжилисине келмеди.
Сол себепли пуқаралық исин Өзбекстан Республикасы ППКниң 220-статьясы
талапларына тийкар көриўди лазым тапты.
Суд мәжилисинде гуўа қатарында соралған Досчанова Гулшод
Хайруллаевна өзи даўагер Хххтиң ҳаялы екенин, оның менен 27.07.2023жылы турмыс қурғанын, усы күнге шекем жуўапкер Ххх күйеўи менен
жарасыў ушын қайтып келмегенин, ҳәзирги ўақытта өзи күйеўи менен бирге
ерли-зайыплы болып жасап атырғанын айтып көрсетпе берди.
Суд даўагердиң ҳәм гуўаның түсиндирмелерин тыңлап, исте топланған
дәлиллерди, судта анықланған халатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип,
даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис бойынша анықланған халатларға көре, тәреплер 2018-жыл декабрь
айында турмыс қурып, 22.02.2019-жыл нызамлы некеден өткен, орталарында
13.03.2019-жыл туўылған Молдир атлы перзенти бар. Тәреплер өз-ара
келиспеўшиликлер себепли 2022-жыл январь айынан баслап бирге
жасамайды. Суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет
ишинде жараспаған. Даўагер 27.07.2023-жылы Досчанова Гулшод
Хайруллаевна менен турмыс қурған. Булар даўагердиң ҳәм гуўалардың
түсиниклери, Хожели районы шаңарақ ҳәм хаял-қызлар болиминиң
25.05.2024-жылғы 118-санлы хаты менен менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер
суд ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап
қалыўға мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажыратады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар
тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты
қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден
ажыратыў ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир
кешириўлериниң ҳәм шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап
қалыўдың илажы жоқлығы анықланған жағдайдағана қанаатландырылыўы
лазым.
Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерлизайыплық мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын
тиклеўдиң мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен
ажыратыўды ҳәм некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде
тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының
бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул көрди.
Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК 249-253статьяларын қоллап, суд
ҚАРАР ҚЫЛДЫ:
Даўагер Хххтиң даўа арзасы қанаатландырылсын.
Даўагер Ххх ҳәм жуўапкер Ххх орталарындағы 2019-жыл 22-феврал
күни Хожели районы ПХАЖ бөлиминде 117-сан менен дизимге алынған
нызамлы некелеринен ажратылсын.
Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң
ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси
муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына
шешиўши қарар қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки
шешиўши қарар нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин.
Басшылық етиўши:
к.н.дурыс _______________
Ххх