← Назад
Решение #1277878 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
3 917 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024-жыл май айының 28-сәнеси пуқаралық ислер бойынша
Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд
мәжилиси өз имәратында болып,
Басшылық етиўши Ххх,
хххтың хаткерлигинде, тәреплер қатнасында, даўагер Хххның жуўапкер
Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 2-2301-2304/13616-санлы
пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер,
АНЫҚЛАНДЫ:
Даўагер Ххх судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги
түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер Ххх пенен 2011-жыл апрель
айында турмыс қурып, 03.01.2012-жыл Хожели районы ПХАЖ бөлиминде
нызамлы некеден өткенлигин, орталарында 23.01.2013-жыл туўылған
Жасмина ҳәм 01.06.2018-жыл туўылған Рамуза атлы еки перзенти бар
екенлигин, жуўапкер Ххх пенен өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2021-жыл
май айынан баслап бөлек жасайтуғынын, себеби жуўапкер жумыс
ислемейтуғынын, хожалығына басы айланбайтуғынын, ендиги жағында
жуўапкер менен хожалығын қайта тиклеў мүмкиншилиги жоқ екенлигин,
берилген мүддет ишинде жуўапкер менен жараспағанлығын билдирип,
жуўапкер менен араларындағы некеден ажыратыўды ҳәм даўа арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алып, өзи 2021-жыл
май айынан баслап өз-ара келиспеўшиликлер себепли бөлек жасайтуғынын,
суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде
жараспағанлығын, даўагер менен некеден ажырасыўға қарсылығы жоқ екенин
айтып түсиник берди.
Суд тәреплердиң түсиндирмелерин тыңлап, исте топланған дәлиллерди,
судта анықланған халатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны
қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис бойынша анықланған халатларға көре, тәреплер 2011-жыл турмыс
қурып, 03.01.2012-жылы нызамлы некеден өткен, орталарында 23.01.2013жыл туўылған Жасмина ҳәм 01.06.2018-жыл туўылған Рамуза атлы
перзентлери бар. Перзентлери даўагердиң тәрбиясында. Тәреплер өз-ара
келиспеўшиликлер себепли 2021-жыл май айынан баслап бирге жасамайды.
Суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде
жараспаған. Булар тәреплердиң түсиниклери менен тастыйықланады.
Жуўапкер де некеден ажырасыў тәрепдары.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер
суд ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап
қалыўға мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажыратады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар
тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты
қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден
ажыратыў ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир
кешириўлериниң ҳәм шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап
қалыўдың илажы жоқлығы анықланған жағдайдағана қанаатландырылыўы
лазым.
Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерлизайыплық мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын
тиклеўдиң мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен
ажыратыўды ҳәм некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде
тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының
бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул көрди.
Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК 249-253статьяларын қоллап, суд
ҚАРАР ҚЫЛДЫ:
Даўагер Хххның даўа арзасы қанаатландырылсын.
Даўагер Ххх ҳәм жуўапкер Ххх орталарындағы 2012-жыл 03-январь
күни Хожели районы ПХАЖ бөлиминде 10-сан менен дизимге алынған
нызамлы некелеринен ажратылсын.
Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң
ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси
муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына
шешиўши қарар қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки
шешиўши қарар нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин.
Басшылық етиўши:
к.н.дурыс _______________
Ххх