Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2301/14220 Дата решения 28.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Атабаев Еркинбай Медетбаевич Ответчик / Подсудимый Даулетназарова Гулжан Султанбаевна
Source ID 667eebf9b6bf6f28996e5d3e Claim ID 4911869 PDF Hash 6492faddd3a51d88... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 4 100 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024-жыл май айының 28-сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имәратында болып, Басшылық етиўши Ххх, хххтың хаткерлигинде, даўагер қатнасында, даўагер Хххтиң жуўапкер Хххна қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 2-2301-2301/14220-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер, АНЫҚЛАНДЫ: Даўагер Ххх судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер Ххх менен 2008-жыл март айында турмыс қурып, ПХАЖ бөлиминде нызамлы некеден өткенлигин, орталарында 13.02.2009-жыл туўылған Шахсанем ҳәм 28.07.2010-жыл туўылған Азиза атлы перзенти бар екенлигин, өзи жуўапкер менен 2023-жыл август айынан баслап бирге жасамайтуғынлығын, себеби минезлери туры келмей өз-ара урыслы болғанын, өзиниң туўысқанларына қарсы қоятуғынын, өзине қарата жуўапкер ИИБне мүрәжаат еткен ўақытларыда болғанын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалығын қайта тиклеў мүмкиншилиги жоқ екенлигин, жарастырыў комиссиясында жарастырыў ҳәрекетлери болғанын, бирақ өзи ҳәм жуўапкер жарасыўдан бас тартқанын, сонлықтан жуўапкер менен араларындағы некеден ажыратыўды ҳәм даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер Ххх суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте ақырғы жасаў мәнзилине хабар етилгенде суд мәжилисине келмеди. Сол себепли пуқаралық исин Өзбекстан Республикасы ППКниң 220-статьясы талапларына тийкар көриўди лазым тапты. Суд даўагердиң түсиндирмелерин тыңлап, исте топланған дәлиллерди, судта анықланған халатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис бойынша анықланған халатларға көре, тәреплер 2008-жыл март айында турмыс қурып, 21.11.2008-жыл нызамлы некеден өткен, орталарында 13.02.2009-жыл туўылған Шахсанем ҳәм 28.07.2010-жыл туўылған Азиза атлы перзенти бар. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2023-жыл август айынан баслап бирге жасамайды. Суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспаған. Нөкис қаласы «Тынышлық» МПЖниң 24.05.2024-жылғы баянламасында жуўапкер Ххх шаңарағын сақлып калыў нийети жоқ екенин, ажраспақшы екенин билдирген. Булар Нөкис қаласы шаңарақ ҳәм хаял-қызлар болиминиң 27.05.2024-жылғы 03/458-санлы хаты менен менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап қалыўға мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажыратады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден ажыратыў ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир кешириўлериниң ҳәм шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап қалыўдың илажы жоқлығы анықланған жағдайдағана қанаатландырылыўы лазым. Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерлизайыплық мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын тиклеўдиң мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен ажыратыўды ҳәм некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул көрди. Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК 249-253статьяларын қоллап, суд ҚАРАР ҚЫЛДЫ: Даўагер Хххтиң даўа арзасы қанаатландырылсын. Даўагер Ххх ҳәм жуўапкер Ххх орталарындағы 2008-жыл 21-ноябрь күни Бозатаў районы ПХАЖ бөлиминде 101-сан менен дизимге алынған нызамлы некелеринен ажратылсын. Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына шешиўши қарар қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки шешиўши қарар нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши: к.н.дурыс _______________ Ххх