← Назад
Решение #1277938 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 068 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024-жыл май айының 27-сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан
Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында
болып,
Басшылық етиўши Хххх,
хххтың хаткерлигинде, адвокат Ххххтың, тәреплердиӊ қатнасында, даўагер
Ххххның жуўапкер Ххххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы
бойынша қозғатылған №2-2301-2304/13849-санлы пуқаралық исин көрип шығып,
төмендегилер,
А Н Ы Қ Л А Н Д Ы:
Даўагер Хххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында ѳзи жуўапкер
менен
2009
жыл
июль
айында
турмыс
қурғанын,
нызамлы некеден ѳткенин, биргеликтеги турмысынан орталарында 15.01.2021 жыл
Гулзада ҳәм 08.02.2015 жыл Султанбек атлы
еки перзентлери туўылғанын,
келиспеўшиликлер себепли 2023 жылдың апрель айынан баслап бөлек жасайтуғынын,
себеби жуўапкер ҳәр турли себеплер менен урыс шығарып қол көтеретуғынын,
қолайсыз ҳәрекетлер ислейтуғынын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалық
болыўына имканияты жоқ екенин, сонлықтан жуўапкер менен орталарындагы некеден
мүддет берместен ажыратыўды сораған.
Суд мәжилисинде даўагер Хххх даўа арзасын қуўатлап, ѳзлери 2009 жыл июль
күни турмыс қурғанын, орталарында еки перзенти бар екенин, жуўапкер менен 2023
жыл апрель айынан баслап бѳлек жасап атырғанын, себеби жуўапкер себепсиз урып
азап беретуғынын, суд тәрепинен жарасыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде
жуўапкер менен жараспағанын, сонлықтан жуўапкер менен нызамлы некеден
ажыратыўды, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде даўагер адвокаты Хххх даўа арзаны қуўатлап, даўа арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер Хххх даўа арзаны тән алмасатан, даўа арзада
көрсетилген халатлар тийкарсыз екенин, өзи еки перзентин ойлап хожалығын тиклеў
ушын ҳәрекет етип атырғанын, некеден ажыратыўға қарсы екенлигин, сонлықтан
даўагердиң даўа арзасын қанаатландырмастан қалдырыўды сорады.
Суд тәреплердиӊ түсиндирмелерин, адвокаттың пикирин тыңлап, ис
материаллары менен танысып шығып, даўа арзаны қанаатландырылмастан
қалдырыўды лазым тапты.
Судта анықланған жағдайларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер 2009
жыл июль айында турмыс қурған. 2010 жыл 26 май күни нызамлы некеден ѳткен.
Биргеликтеги турмысынан орталарында 15.01.2021 жыл Гулзада ҳәм 08.02.2015 жыл
Султанбек атлы перзентлери туўылған. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли
2023 жыл апрель айынан баслап бѳлек жасап атырған.
Жўўапкер Хххх хожалығын сақлап қалыў ушын ҳәрекет етип атырғанын,
перзентлерин тири жетим қылғысы келмейтуғынын, сол себепли некелеринен
ажрасыўына қарсы екенин билдирди.
Суд
тәреплердиң
орталарындағы
келиспеўшиликлерди
шаңарақтағы
ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм олардың жарасып кетиўлерине имканият бар деп
ҳәм даўагердиң некеден ажыратыўға анық ўәжлер келтирмегенлиги себепли оларды
некелеринен ажыратыўға жетерли тийкарлар жоқ деп есаплайды.
Ал, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен
некеден ажыратыў ҳаққындағы ислерди көриўде нызамларды қоллаў әмелияты
ҳаққында»ғы 2011 жыл 20 июльдеги 06-санлы Қарарының 16-бәнтинде «Турмыста
кешетуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм күтилмеген себеплерге көре, ер-
қатын ортасында келип шыққан келиспеўшиликлер, сондай-ақ, ерли-зайыплыдан
биреўи ямаса екеўиниң тийкарлы ўәжлер келтирмеген жағдайда неке мүнәсибетлерин
даўам еттириўди қәлемеслиги некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар бола алмайды»
деп көрсетилген.
Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды мақул көрди
Суд жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы процессуал
Кодексиниӊ 249-253 статьяларына тийкарланып,
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўагер Ххххныӊ жуўапкер Ххххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа
арзасы қанаатландырылмастан қалдырылсын.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы
судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына шешиўши қарар қабыл
қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки шешиўши қарар нызамлы
күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым, прокурор
протест келтириўи мүмкин.
Басшылық етиўши:
к.н.дурыс _______________
Хххх