← Назад
Решение #1277939 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 441 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024-жыл май айының 27-сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан
Республикасы Нөкис районлар аралык судының ашық суд мәжилиси өз имаратында
болып,
Басшылық етиўши Ххх,
ххххтың хаткерлигинде, тәреплердиң қатнасында, даўагер Хххның жуўапкер
Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша №2-23012304/13620-санлы пуқаралық исин суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилер,
А Н Ы Қ Л А Н Д Ы:
Даўагер Ххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында өзи Ххх
пенен 2016-жыл январь айында турмыс қурғанын, нызамлы некеден 2016-жыл 27сентябрь күни өткенин, жуўапкер менен 2020-жыл сентябрь айынан баслап бирге
жасамайтуғынын, себеби минезлери тура келмей өз-ара келисе алмай қалғанын,
сонлықтан жуўапкер менен орталарындағы некеден ажыратыўды сораған.
Суд мәжилисинде даўагер Ххх даўа арзасын қуўатлап, өзи Ххх пенен 2016-жыл
январь айында турмыс қурғанын, бирге жасаған даўиринде орталарында 2016-жыл
15-сентябрь күни туўылған Шодиёна атлы перзентли болғанын, жуўапкер менен
2020-жыл сентябрь айынан баслап бөлек жасайтуғынын, себеби себеби минезлери
тура келмей өз-ара келисе алмай қалғанын, перзенти өзиниң тәрбиясында екенин,
суд тәрепинен берилген мүддет ишинде жараспағанын, сонлықтан судтан даўа
арзасын қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алып, суд тәрепинен берилген
мүддет ишинде жараспағанын, даўагер менен ажырасатуғынын, сонлықтан даўа
арзаны қанаатландырыўға қарсылығы жоқлығын билдирип түсиник берди.
Суд тәреплердиң түсиндирмелерин тыңлап, ис материаллары менен танысып
шығып, даўаны қанаатландырыўды лазым тапты. Судта анықланған жағдайларға
ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер 2016-жыл январь айында турмыс қурған.
2016-жыл 27-сентябрь күни нызамлы некеден өткен. Орталарында 2016-жыл 15сентябрь күни туўылған Шодиёна атлы перзенти бар. Өз-ара келиспеўшиликлер
себепли тәреплер 2020-жылдың сентябрь айынан баслап бөлек жасап атырған.
Олардың ерли-зайыплық қатнасықлары усы ўақыттан баслап тамамланған. Тәреплер
орталарындағы перзентлери даўагердиң тәрбиясында болып атырған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен
некеден ажыратыў ҳаққындағы ислерди көриўде нызамларды қоллаў әмелияты
ҳаққында»ғы 2011 жыл 20 июль күнги 06-санлы қарарының 15-бәнтине көре,
«некеден ажыратыў ҳаққындағы исти көриўде суд шаңарақты сақлап қалыў
бойынша шаралар көриўи лазым. Сол мақсетте, суд мәжилисинде шаңарақты сақлап
қалыў мүмкинлигин тастыйықлаўшы ҳалатлар (балалар барлығы, некениң
даўамлылығы, шаңарақтағы мүнәсийбетлердиң қәсийетлери ҳ.т.б) анықланса, суд
ҳәр еки тәрептиң яки олардың бириниң илтимасына асас ямаса өз басламасы менен
некеден ажыратыў ҳаққындағы истиң көрилиўин кейинге қалдырыўға ҳақлы.
Бул семьяны сақлап қалыў мақсетинде тәреплерге жарасыў ушын 6 ай мүддет
берилген, бирақ бул мүддет ишинде олар жараспаған. Жарасыў ушын еки тәрепте де
ҳәрекет болмаған. Бундай ҳалда суд ерли-зайыптың буннан кейин бирге жасаўының
имканияты қалмаған, деген жуўмаққа келеди.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодекси 41-статьясына муўапық, «Егер суд
ерли-зайыптың буннан былай биргеликте жасаўына ҳәм шаңарақты сақлап
қалыўына имканияты қалмаған деп тапса, оларды некеден ажыратады» деп
көрсетилген.
Хожели районы шаңарақ ҳәм ҳаял қызлар бөлиминиӊ 2024-жыл 27-май күнги
№115-санлы хатында тәреплерди жарастырыў мүмкиншилиги жоқлығын
билдирген.
Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырыўды ҳәм некеден ажыратыў
ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына
базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди
мақул көрди.
Суд жоқарыдағыларға ҳәм Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал
Кодексиниң 249-253 статьяларына тийкарланып
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўагер Хххның даўа арзасы қанаатландырылсын.
Ххх ҳәм Ххх орталарындағы 2016-жыл 27-сентябрь күни Хожели районы 1санлы ПҲАЖ бөлими тәрепинен 679-сан менен дизимге алынған некеден
ажыратылсын.
Некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалық берерде тәреплердиң ҳәр биринен
базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы
судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына шешиўши қарар қабыл
қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки шешиўши қарар нызамлы
күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым,
прокурор протест келтириўи мүмкин.
Басшылық етиўши:
к.н.дурыс _______________
Ххх