← Назад
Решение #1277981 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 716 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024-жыл май айының 24-сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан
Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында
болып,
Басшылық етиўши Ххх,
хххтың хаткерлигинде, адвокат Хххтың, тәреплердиӊ қатнасында, даўагер
Хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша
қозғатылған №2-2301-2301/13810-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер,
А Н Ы Қ Л А Н Д Ы:
Даўагер Ххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында ѳзи жуўапкер
менен
2017
жыл
23
апрель
күни
турмыс
қурғанын,
2018 жыл 02 феврал күни нызамлы некеден ѳткенин, биргеликтеги турмысынан
орталарында 2018 жыл Алпамыс ҳәм 2020 жыл Амина атлы еки перзентлери
туўылғанын, жуўапкер менен турмыс қурғанлы жақсы жасамағанын, себеби жуўапкер
спирти ишимлик көп ишетуғынын, ишип келип урып азап беретуғынан, енеси
Н.Исакова жуўапкерди талай тәртипке шақырғанын, бирақ ол тыңламағанын,
орталарында еки перзенти болған сон хожалығын сақлап қалыўға ҳәрекет етип
келгенин, ақырында болмаған сон 2023 жыл 5 июль күни перзентлерин алып төркинине
кетип қалғанын, ҳәзирде сол жерде жасап атырғанын, өзи жуўапкер менен бирге
жасаўға қорқып калғанын, себеби ол себепсиз урып азап беретуғынын, ендиги жағында
жуўапкер менен хожалық болыўына имканияты жоқ екенин, сонлықтан жуўапкер
менен орталарындагы некеден мүддет берместен ажыратыўды сораған.
Суд мәжилисинде даўагер Ххх даўа арзасын қуўатлап, ѳзлери 2017 жыл 23 апрель
күни турмыс қурғанын, орталарында еки перзенти бар екенин, жуўапкер менен 2023
жыл 5 июль күнинен баслап бѳлек жасап атырғанын, себеби жуўапкер көп спиртли
ишимлик ишетуғынын, өзи жуўапкер менен бирге жасаўға қорқып калғанын, себеби ол
себепсиз урып азап беретуғынын, суд тәрепинен жарасыў ушын берилген алты ай
мүддет ишинде жуўапкер менен жараспағанын, сонлықтан жуўапкер менен нызамлы
некеден ажыратыўды, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде даўагер адвокаты Ххх даўа арзаны қуўатлап, даўа арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алмасатан, даўа арзада
көрсетилген халатлар тийкарсыз екенин, өзи себеп менен той шақырықларда
ишетуғынын, еки перзентин ойлап хожалығын тиклеў ушын ҳәрекет етип атырғанын,
некеден ажыратыўға қарсы екенлигин, сонлықтан даўагердиң даўа арзасын
қанаатландырмастан қалдырыўды сорады.
Суд тәреплердиӊ түсиндирмелерин, адвокаттың пикирин тыңлап, ис
материаллары менен танысып шығып, даўа арзаны қанаатландырылмастан
қалдырыўды лазым тапты.
Судта анықланған жағдайларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер 2017
жыл 23 апрель күни турмыс қурған. 2018 жыл 02 феврал күни нызамлы некеден ѳткен.
Биргеликтеги турмысынан орталарында 2018 жыл 13 март күни Алпамыс ҳәм 2020 жыл
17 ноябрь күни Амина атлы перзентлери туўылған. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер
себепли 2023 жыл 5 июль күнинен баслап бѳлек жасап атырған.
Жўўапкер Ххх хожалығын сақлап қалыў ушын ҳәрекет етип атырғанын,
перзентлерин тири жетим қылғысы келмейтуғынын, сол себепли некелеринен
ажрасыўына қарсы екенин билдирди.
Қалаберсе, Хожели районы “Жана жап” АПЖниң 2024 жыл 21 май күнги
жыйналыс баянламасында даўагер Ххх үйинде бирге жасайтуғын қайын ағасы болек
шықса қайтатуғынын көрсеткен.
Суд
тәреплердиң
орталарындағы
келиспеўшиликлерди
шаңарақтағы
ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм олардың жарасып кетиўлерине имканият бар деп
ҳәм даўагердиң некеден ажыратыўға анық ўәжлер келтирмегенлиги себепли оларды
некелеринен ажыратыўға жетерли тийкарлар жоқ деп есаплайды.
Ал, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен
некеден ажыратыў ҳаққындағы ислерди көриўде нызамларды қоллаў әмелияты
ҳаққында»ғы 2011 жыл 20 июльдеги 06-санлы Қарарының 16-бәнтинде «Турмыста
кешетуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм күтилмеген себеплерге көре, ерқатын ортасында келип шыққан келиспеўшиликлер, сондай-ақ, ерли-зайыплыдан
биреўи ямаса екеўиниң тийкарлы ўәжлер келтирмеген жағдайда неке мүнәсибетлерин
даўам еттириўди қәлемеслиги некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар бола алмайды»
деп көрсетилген.
Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды мақул көрди
Суд жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы процессуал
Кодексиниӊ 249-253 статьяларына тийкарланып,
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўагер Хххныӊ жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа
арзасы қанаатландырылмастан қалдырылсын.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы
судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына шешиўши қарар қабыл
қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки шешиўши қарар нызамлы
күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым, прокурор
протест келтириўи мүмкин.
Басшылық етиўши:
к.н.дурыс _______________
Ххх