Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2301/13911 Дата решения 24.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Ибраймова Айтгул Икматулла кызы Ответчик / Подсудимый Оразимбетов Оралбай Дарибаевич
Source ID 667af08cb6bf6f28996e5c6a Claim ID 4881611 PDF Hash b4360e3e82eb43e9... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 4 363 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024-жыл май айының 24-сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши Ххх, хххтың хаткерлигинде, даўагер Хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған №2-23012301/13911-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер, А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Даўагер Ххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында өзи жуўапкер Ххх пенен некелерин 07.09.2015-жыл нызамлы рәсмийлестиргенин, биргеликтеги турмысынан орталарында 03.09.2015-жыл туўылған Ажинияз атлы перзенти бар екенин, жуўапкер менен турмыс қурған ўақытларынан жақсы жасамағанын, себеби мүнесебетлери туры келмей өз-ара келиспеўшиликлер көбейип кеткенин, өзи жуўапкер менен 07.03.2018-жылдан баслап бирге жасамайтуғынын, ендиги жағында шаӊарағын сақлап қалыў, жарасып бирге жасаў мүмкиншилги жоқ екенин, сонлықтан судтан орталарындағы некеден ажыратыўды сораған. Алдынғы суд мәжилисинде даўагер адвокаты Ххх даўа арзаны қуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сораған. Жуўапкер Ххх суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте ақырғы жасаў мәнзилине хабар етилгенде суд мәжилисине келмеди. Сол себепли пуқаралық исин Өзбекстан Республикасы ППКниң 220-статьясы талапларына тийкар көриўди лазым тапты. Суд мәжилисинде гуўа қатарында соралған М.Кудайбергенова өзи даўагер Хххның анасы екенин, ол 2023-жыл октябрь айынан баслап шет елде жумыс ислеп атырғанын, қызы Ххх жуўапкер Ххх пенен 2014-жыл турмыс қурғанын, олар ортасында бир перзенти бар екенин, кейинги ўақытлары тареплер орталарында урыс қағыс көбейип кеткенин, сол себепли олар 2020жыл ноябрь айынан баслап бирге жасамайтуғынын, олар орталарындағы перзенти өзиниң тәрбиясында екенин билдирип көрсетпе берди. Суд гуўаның көрсетпесин тыңлап, ис материаллары менен танысып шығып, даўаны қанаатландырмастан қалдырыўды лазым тапты. Судта анықланған жағдайлар бойынша, тәреплер 2014-жыл турмыс қурып, 07.09.2015-жыл Хожели районы 1-санлы ПҲАЖ бөлиминде нызамлы некеден өткен. Орталарында 03.09.2015-жыл туўылған Ажинияз атлы перзенти бар. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2020-жыл ноябрь айынан баслап бөлек жасайды. Булар гуўаның көрсетпеси менен тастыйқланады. Тәреплер суд мәжилислерине қатнаспады. Суд тәреплердиң орталарындағы келиспеўшиликлерди шаңарақтағы ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм олардың жарасып кетиўлерине имканият бар деп ҳәм талапкердиң некеден ажыратыўға анық ўәжлер келтирмегенлиги себепли оларды некелеринен ажыратыўға жетерли тийкарлар жоқ деп есаплайды. Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 14-бәндине көре, некеден ажыратыў менен байланыслы ислер бойынша нызамлы ҳәм тийкарлы бийлик қабыл етилиўи ушын суд истиң ҳақыйқый ҳалаттларын ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс тексерип шығыўы, ерли-зайып ортасындағы өз-ара қатнасықлар қәсийетин, некеден ажыратыў мәселеси қойылыўына тийкар болған себеплер, ерли-зайып ортасындағы келиспеўшиликтиң тийкарғы себеплерин анықлаўы шәрт. Сол мақсетлерде, суд исти еки тәреп қатнасыўында көриўи лазым, 16бәндине көре, турмыста болатуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм тасодифий себеплерге көре, ерли-зайып ортасында келип шыққан келиспеўшиликлер, сондай-ақ, ерли-зайыптан бири яки ҳәр екеўиниң жиддий ўәжлер келтирмеген халда неке қатнасықларын даўам еттириўин қалемеўи некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар болалмайды. Некеден ажралыўға тийкарлар болмағанда, суд даўаны қанаатландырмастан қалдырады. Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер толық қатнаспағнлығын, некеден ажыратыў ушын жетерли тийкарлар жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен ажыратпаўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы ППКниң 249-253 статьяларын қолланып, суд Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы: Даўагер Хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы қанаатландырылмастан қалдырылсын. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына шешиўши қарар қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки шешиўши қарар нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши: к.н.дурыс _______________ Ххх