Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2301/13913 Дата решения 24.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Мадиреймова Нурсулу Азим кызы Ответчик / Подсудимый Шаригатов Нурсултан Максетович
Source ID 667aef02b6bf6f28996e5c69 Claim ID 4881645 PDF Hash ba51c497a8eb8311... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 5 055 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024 жыл май айының 24 сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши Ххх, хххтың хаткерлигинде, тәреплердиң қатнасында, даўагер Хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған №22301-2301/13913-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер, А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Даўагер Ххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында ѳзи жуўапкер менен 2012 жыл декабрь айында турмыс қурғанын, ПХАЖ бөлими тәрепинен нызамлы некеден өткенин, араларында 2013 жыл 13 октябрь күни туўылған Айдана, 2016 жыл 09 март күни туўылған Улбосын ҳәм 2021 жыл 26 декабрь күни туўылған Айзере атлы перзентлери бар екенин, өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2023 жыл феврал айынан баслап жуўапкер менен бирге жасамайтуғынын, себеби жуўапкер өз билгенин ислейтуғынын, себепсиз урыс шығаратуғынын, өзи перзентлери менен квартирада жасап жүргенин, өзинен ҳәм перзентлеринен жуўапкер хабар алмайтуғынын, ендиги жағанда ол менен хожалық болыў мүмкиншилиги қалмағанын, сонлықтан жуўапкер менен орталарындағы некеден ажыратыўды сораған. Суд мәжилисинде даўагер Ххх даўа арзасын қуўатлап, суд тәрепинен жарасыў ушын берилген мүддет ишинде жараспағанын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алып, даўагер менен 2023 жыл феврал айынан баслап бѳлек жасап атырғанын, себеби даўагер менен минезлери туры келмей өз-ара келисе алмағанын, орталарында урыс қағыс көбейип кеткенин, сонлықтан даўагер менен жарасыў имканияты жоқ екенин, суд тәрепинен жарасыў ушын берилген мүддет ишинде жараспағанын билдирип, некеден ажыратыўға қарсылығы жоқ екенин билдирди. Суд тәреплердиң түсиндирмелерин тыңлап, ис материаллары менен танысып шығып, даўа арзаны қанаатландыўды лазым тапты. Судта анықланған жағдайларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер 2012 жыл декабрь айында турмыс қурған. 2013 жыл 12 апрель күни Нөкис қаласы ПХАЖ бөлими тәрепинен нызамлы некеден өткен. Бирге жасаған дәўиринде орталарында 2013 жыл 13 октябрь күни туўылған Айдана, 2016 жыл 09 март күни туўылған Улбосын ҳәм 2021 жыл 26 декабрь күни туўылған Айзере атлы перзентлери бар. Перзентлери анасының тәрбиясында. Тәреплер минезлери туры келмей өз-ара келисе алмағаны себепли 2023 жыл феврал айынан баслап бѳлек жасап атырған. Олардыӊ ерли-зайыплылық мүнәсебетлери усы ўақыттан баслап тамамланған. Жуўапкер де некелеринен ажрасыў тәрепдары. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумыныӊ “Судлар тәрепинен некеден ажыратыў ҳаққындагы ислерди кѳриўде нызамларды қоллаў әмеляты ҳаққында”ғы 2011-жыл 20-июль күнги 06-санлы қарарыныӊ 15-бәнтине кѳре, “некеден ажыратыў ҳаққындағы исти кѳриўде суд шаӊарақты сақлап қалыў бойынша шаралар кѳриўи лазым. Сол мақсетте, суд мәжилисинде шаӊарақты сақлап қалыу мүмкиншилигин тастыйқлаўшы ҳалатлар (балалар барлыгы, некениӊ даўамлылығы, шаӊарақтағы мүнәсебетлердиӊ қәсийетлери ҳ.т.б”) анықланса, суд еки тәрептиӊ яки олардыӊ бириниӊ илтимасына асас ямаса ѳз басламасы менен некеден ажыратыў ҳаққындагы истиӊ кѳрилиўин кейинге қалдырыўға ҳақылы. Соныӊ менен бирге Өзбекстан Республикасы шаӊарақ кодексиниӊ 40-статьясы 2-бѳлимине муўапық “Суд истиӊ кѳрилиўин кейинге қалдырып, ерли-зайыплыларға жарасыў ушын 6 айға шекемги мүддет бериўге ҳақылы” Бул семьяны сақлап қалыу мақсетинде тәреплерге 6 ай мүддет берилген, бирақ бул мүддет ишинде олар жараспаған. Жарасыў ушын еки тәрептеде ҳәрекет болмаған, бундай ҳалда суд ерли-зайыптын буннан кейин бирге жасаўыныӊ имканияты қалмаған деген жуўмаққа келеди. Өзбекстан Республикасы шаӊарақ кодекси 41-статьясына муўапық “Егер суд ерли-зайыптыӊ буннан былай биргеликте жасаўына ҳәм шаӊарақты сақлап қалыўына имканияты қалмаған деп тапса, оларды некеден ажыратады” деп кѳрсетилген. Нөкис қаласы шаӊарақ ҳәм хаял-қызлар бөлиминиӊ 2024 жыл 17 май күни берилген №02/142-санлы хатында тәреплерди жарастырыў мүмкиншилиги жоқлығын билдирген. Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырыўды ҳәм некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул көрди. Суд жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы процессуал Кодексиниӊ 249-253 статьяларына тийкарланып, Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы: Даўагер Хххның даўа арзасы канаатландырылсын. Ххх ҳәм Ххх орталарындағы 2013 жыл 12 апрель күни Нөкис қаласы ПХАЖ бѳлими тәрепинен 684-сан менен дизимге алынған некеден ажыратылсын. Некеден ажыратыў ҳакқындағы гүўалық берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына шешиўши қарар қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки шешиўши қарар нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши: к.н.дурыс _______________ Ххх