← Назад
Решение #1277988 Гражданские
Ижро варақаси; Юборилганлигини тасдиқловчи электрон маълумот; Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори; To'lov kvitansiyasi
Реквизиты
Стороны
Текст решения
5 771 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024-жыл май айының 24-сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан
Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имәратында
болып,
Басшылық етиўши Ххх,
хххтың хаткерлигинде, адвокат Ххханың, даўагердиң қатнасында, даўагер
Хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 2-2301-2301/14229санлы пуқаралық исин видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып,
төмендегилер,
АНЫҚЛАНДЫ:
Даўагер Ххх судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги
түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер Ххх пенен 27.09.2014-жыл турмыс
қурып, 18.06.2019-жыл Нөкис қаласы ПХАЖ бөлиминде нызамлы некеден
өткенлигин, орталарында 26.09.2015-жыл туўылған Нуртас ҳәм 12.03.2019-жыл
туўылған Молдир атлы перзенти бар екенлигин, турмысларының дәстлепки
ўақытларынан жуўапкер менен жақсы жасамағанын, себеби шаңарағында
аўызбиршилик, сыйласық жоқ екенин, хожалығына басы айланбайтуғынын,
жуўапкер жумыс ислегени менен үйине табысын акелмейтуғынын, кейинги
ўақытлары орталарында өз-ара урыс қағыс көбейип кеткенин, еки перзенти ушын
барлық азапларына шыдап хожалығын сақлап қалыўға ҳәрекет еткенин, бирақ
пайдасы болмағанын, сол себепли өзи жуўапкер менен 2023-жыл январь айынан
баслап бөлек жасайтуғынын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалығын қайта
тиклеў мүмкиншилиги жоқ екенлигин билдирип, жуўапкер менен араларындағы
некеден мүддет берместен ажыратыўды сораған.
Суд мәжилисинде даўагер Ххх даўа арзасын қуўатлап, өзи жуўапкер Ххх
пенен 27.09.2014-жыл турмыс қурып, 18.06.2019-жыл Нөкис қаласы ПХАЖ
бөлиминде нызамлы некеден өткенлигин, орталарында 26.09.2015-жыл туўылған
Нуртас ҳәм 12.03.2019-жыл туўылған Молдир атлы перзенти бар екенлигин,
жуўапкер менен 2021-жыл май айынан баслап бөлек жасайтуғынын, суд тәрепинен
жарасыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспағанын, себеби өзи 2023жыл июль айында Хабибуллаев Анвар Алишерович пенен басқа турмыс қурғанын,
сонлықтан жуўапкер менен орталарындағы нызамлы некелеринен ажратыўды, дауа
арзаны қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде даўагер адвокаты Ххха даўа арзаны қуўатлап, даўагер
ҳәзирги күнде басқа турмыс қурып кеткенин, сонлықтан даўа арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер Ххх суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте
ақырғы жасаў мәнзилине хабар етилгенде суд мәжилисине келмеди. Сол себепли
пуқаралық исин Өзбекстан Республикасы ППКниң 220-статьясы талапларына
тийкар көриўди лазым тапты.
Суд мәжилисинде гуўа қатарында соралған Хабибуллаев Анвар Алишерович
өзи даўагер Хххның күйеўи екенин, оның менен 2023-жыл июль турмыс қурғанын,
усы күнге шекем жуўапкер Ххх хаялы менен жарасыў ушын қайтып келмегенин,
ҳәзирги ўақытта өзи хаялы менен бирге ерли-зайыплы болып жасап атырғанын
айтып көрсетпе берди.
Суд даўагердиң түсиндирмелерин, гуўаның көрсетпелерин, адвокаттың
пикирин тыңлап, исте топланған дәлиллерди, судта анықланған халатлар менен
салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис бойынша анықланған халатларға көре, тәреплер 27.09.2014-жыл турмыс
қурып, 18.06.2019-жылы нызамлы некеден өткен, орталарында 26.09.2015-жыл
туўылған Нуртас ҳәм 12.03.2019-жыл туўылған Молдир атлы перзентлери бар.
Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2021-жыл май айынан баслап бирге
жасамайды. Суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде
жараспаған. Даўагер 2023-жыл июль айында Хабибуллаев Анвар Алишерович пенен
турмыс қурған. Булар даўагердиң түсиниклери, гуўаның көрсетпеси, Нөкис қаласы
шаңарақ ҳәм хаял-қызлар бөлимининг 2024-жыл 14-май күнги 03/455-санлы хаты
менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд
ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап қалыўға
мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажыратады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен
некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў
тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден ажыратыў
ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир кешириўлериниң ҳәм
шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап қалыўдың илажы жоқлығы
анықланған жағдайдағана қанаатландырылыўы лазым.
Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерли-зайыплық
мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын тиклеўдиң
мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен ажыратыўды ҳәм некеден
ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет
пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы,
даўагер Хххнан видеоконференцбайланыс хызмети ушын Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды есап бетине (МБ ХККМ ББ Ташкент қаласы есап бети
401410860262777950100011001, банк коди МФО 00 014, ИНН 201122919, ӨзР
Орайлық банки қаржы бөлиминен ашылған есап бети 23402000300100001010)
85.000 сўм өндириўди мақул көрди.
Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК 249-253статьяларын қоллап, суд
ҚАРАР ҚЫЛДЫ:
Даўагер Хххның даўа арзасы қанаатландырылсын.
Даўагер Ххх ҳәм жуўапкер Ххх орталарындағы 2019-жыл 18-июнь күни
Нөкис қаласы ПХАЖ бөлиминде 1166-сан менен дизимге алынған нызамлы
некелеринен ажратылсын.
Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң ҳәр
биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Даўагер Хххнан видеоконференцбайланыс хызмети ушын Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды есап бетине 85.000 сўм өндирилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына шешиўши
қарар қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде апелляция яки шешиўши қарар
нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде
шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин.
Басшылық етиўши:
Ххх