Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2304/13850 Дата решения 24.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Жолдасбаев Азамат Мурат улы Ответчик / Подсудимый Мирзабаева Наубахар Нукусбаевна
Source ID 667ae991b6bf6f28996e5c65 Claim ID 4881640 PDF Hash c1739138dbddef89... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 4 084 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024 жыл май айының 24 сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши Ххх, хххтың хаткерлигинде, тәреплердиң қатнасында, даўагер Хххның жуўапкер Хххға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 2-2301-2304/13850-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер АНЫҚЛАНДЫ: Даўагер Ххх судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер Ххх менен 2019 жыл декабрь айында турмыс қурып, 11.02.2021 жыл нызамлы некеден өткенлигин, орталарында 12.02.2021 жыл туўылған Алибек атлы перзенти бар екенин, жуўапкер менен турмыс курғанынан баслап жақсы жасамағанын, себеби ол тез тезден әкесиниң үйине кетип қалабергенин, сол себепли орталарында жәнжел келип шықанын, жуўапкер себепсиз урыш шығаратуғын әдет шығарғанын, ең кейинги урысы 2021 жыл июль айында анасы ҳәм жуўапкер орталарында болғанын, өзи хожалығын сақлап қалыў ушын бир неше мәрте хәрекет еткенин, бирақ пайдасы болмағанын, өзи 2024 жыл январь айында Таженова Айнура менен баска турмыс курғанын, сол себепли суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспағанлығын билдирип, некелеринен ажратыўды, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алып, даўагер Ххх менен 2021 жыл 22 июль айынан баслап бөлек жасайтуғынын, ол ҳәзирги ўақытта баска турмыс қурғанын, сол себепли жарасыў имканияты жоқ екенин билдирип, некеден ажырасыўға қарсылығы жоқ екенин айтып түсиник берди. Суд тәреплердин түсиниклерин тыңлап, исте топланған дәлийллерди, судта анықланған ҳалатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис бойынша анықланған ҳалатларға көре, тәреплер 2019 жыл декабрь айында турмыс қурып, 11.02.2021 жыл Кегейли районы ПХАЖ бөлиминде 104-сан менен дизимге алынған нызамлы некеден өткен, орталарында 12.02.2021 жыл туўылған Алибек атлы перзенти бар, өз-ара келиспеўшиликлер себебли тәреплер 2021 жыл июль айынан баслап бирге жасамайды, олардың ерли-зайыплық мүнәсибети усы ўақыттан баслап тамамланған, тәреплер суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспаған. Буннан тысқары даўагер Ххх 2024 жыл январь айында Таженова Айнура Рашидовна менен басқа турмыс қурған. Булар тәреплердиң түсиниклери, Нөкис қаласы шаңарақ ҳәм хаял-қызлар бөлиминиң 2024 жыл 24 май күнги 03/461-санлы хаты тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап қалыўға мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажратады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден ажыратыў ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир кешириўлериниң ҳәм шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап қалыўдың илажы жоқлығы анықланған жағдайда ғана қанаатландырылыўы лазым. Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерли-зайыплық мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын тиклеўдиң мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен ажыратыўды ҳәм некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул көрди. Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК249-253-статьяларын қоллап, суд Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы: Даўагер Хххның даўа арзасы қанаатландырылсын. Даўагер Ххх ҳәм жуўапкер Ххх орталарындағы 11.02.2021 жыл Кегейли районы ПХАЖ бөлиминде 104-сан менен дизимге алынған нызамлы некелеринен ажратылсын. Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши карардан наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляция тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши:- Ххх