← Назад
Решение #1277991 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 042 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024 жыл май айының 24 сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан
Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында
болып,
Басшылық етиўши Ххх,
хххтың хаткерлигинде, тәреплердиң қатнасында, даўагер Хххтиң жуўапкер
Хххға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 2-2301-2304/13629-санлы пуқаралық
исин көрип шығып, төмендегилер
АНЫҚЛАНДЫ:
Даўагер
Ххх судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги
түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер Ххх менен 2015 жыл сентябрь
айында турмыс қурып, 15.10.2015 жыл Тақыятас районы ПХАЖ бөлими арқалы
нызамлы некеден өткенлигин, орталарында 28.08.2016 жыл туўылған Мухаммадали
ҳәм 26.02.2018 жыл туўылған Мубийнахан атлы перзентлери бар екенин, жуўапкер
Ххх менен өз ара-келиспеўшиликлер себепли 2023 жыл сентябрь айынан баслап
бирге жасамайтуғынын, жуўапкер өз билгенин ислейтуғынын, сыйласық жоқ
екенин, сол себепли жуўапкер менен орталарындағы урыс-қағыс көбейип кеткенин,
суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде
жараспағанлығын
билдирип,
некелеринен
ажратыўды,
даўа
арзасын
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алып, даўагер Ххх пенен 2015
жыл сентябрь айында турмыс қурғанын, орталарында еки перзенти бар екенин,
даўагер қыянет еткенин, сол себепли орталарындағы урыс-қағыс көбейип кеткенин,
даўагердиң ажапаларыда хожалығына аралсып қойматуғынын, суд тәрепинен
жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспағанлығын билдирип,
некеден ажырасыўға қарсылығы жоқ екенин айтып түсиник берди.
Суд тәреплердин түсиниклерин тыңлап, исте топланған дәлийллерди, судта
анықланған ҳалатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны
қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис бойынша анықланған ҳалатларға көре, тәреплер 2015 жыл сентябрь айында
турмыс қурып, 15.10.2015 жыл Хожели районы 2-санлы ПХАЖ бөлиминде 267-сан
менен дизимге алынған нызамлы некеден өткен, орталарында 28.08.2016 жыл
туўылған Мухаммадали ҳәм 26.02.2018 жыл туўылған Мубийнахан атлы
перзентлери бар, өз-ара келиспеўшиликлер себебли тәреплер 2023 жыл август
айынан баслап бирге жасамайды, олардың ерли-зайыплық мүнәсибети усы ўақыттан
баслап тамамланған, тәреплер суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай
мүддет ишинде жараспаған. Булар тәреплердиң түсиниклери, Тақыятас районы
«Нурлы келешек» МПЖниң 2024 жыл 24 май күнги мәлимлемеси менен
тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд
ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап қалыўға
мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажратады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен
некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў
тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден ажыратыў
ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир кешириўлериниң ҳәм
шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап қалыўдың илажы жоқлығы
анықланған жағдайда ғана қанаатландырылыўы лазым.
Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерли-зайыплық
мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын тиклеўдиң
мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен ажыратыўды ҳәм некеден
ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет
пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы
өндириўди мақул көрди.
Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК249-253-статьяларын
қоллап, суд
Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы:
Даўагер Хххтиң даўа арзасы қанаатландырылсын.
Даўагер Ххх ҳәм жуўапкер Ххх орталарындағы 15.10.2015 жыл Хожели районы
2-санлы ПХАЖ бөлиминде 267-сан менен дизимге алынған нызамлы некелеринен
ажратылсын.
Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң ҳәр
биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши карардан наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляция тәртибинде шағым,
прокурор протест келтириўи мүмкин.
Басшылық етиўши:-
Ххх