← Назад
Решение #1277992 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
3 924 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024 жыл май айының 24 сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан
Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында
болып,
Басшылық етиўши Ххх,
хххтың хаткерлигинде, тәреплердиң қатнасында, даўагер Хххтиң жуўапкер
Хххға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 2-2301-2304/14121-санлы пуқаралық
исин көрип шығып, төмендегилер
АНЫҚЛАНДЫ:
Даўагер
Ххх судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги
түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер Ххх менен 2015 жыл декабрь айында
турмыс қурып, 10.11.2023 жыл ПХАЖ бөлими арқалы нызамлы некеден өткенлигин,
орталарында перзенти жоқ екенин, жуўапкер Ххх менен өз ара-келиспеўшиликлер
себепли 2023 жыл август айынан баслап бирге жасамайтуғынын, жуўапкер өз
билгенин ислейтуғынын, үйинен кетип қалаберетуғынын, сол себепли жуўапкер
менен орталарындағы урыс-қағыс көбейип кеткенин, суд тәрепинен жарастырыў
ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспағанлығын билдирип, некелеринен
ажратыўды, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алып, даўагер Ххх пенен 2015
жыл декабрь айында турмыс қурғанын, орталарында перзент жоқ екенин, сол
себепли орталарындағы урыс-қағыс көбейип кеткенин, өзиниң анасы кесел болғаны
себепли үйине кеткенин ҳәм анасына қарағанын, анасы 2023 жыл октябрь айында
қайтыс болғанын, суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет
ишинде жараспағанлығын билдирип, некеден ажырасыўға қарсылығы жоқ екенин
айтып түсиник берди.
Суд даўагердиң түсиниклерин тыңлап, исте топланған дәлийллерди, судта
анықланған ҳалатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны
қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис бойынша анықланған ҳалатларға көре, тәреплер 2015 жыл декабрь айында
турмыс қурып, 02.11.2022 жыл Нөкис қаласы ПХАЖ бөлиминде 2-2317-22-02157сан менен дизимге алынған нызамлы некеден өткен, орталарында перзенти жоқ, өзара келиспеўшиликлер болғаны себебли тәреплер 2023 жыл август айынан баслап
бирге жасамайды, олардың ерли-зайыплық мүнәсибети усы ўақыттан баслап
тамамланған, тәреплер суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет
ишинде жараспаған. Булар тәреплердиң түсиниклери, Нөкис қаласы шаңарақ ҳәм
хаял-қызлар бөлиминиң 2024 жыл 14 май күнги 02/133-санлы хаты менен
тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд
ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап қалыўға
мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажратады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен
некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў
тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден ажыратыў
ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир кешириўлериниң ҳәм
шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап қалыўдың илажы жоқлығы
анықланған жағдайда ғана қанаатландырылыўы лазым.
Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерли-зайыплық
мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын тиклеўдиң
мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен ажыратыўды ҳәм некеден
ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет
пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы
өндириўди мақул көрди.
Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК249-253-статьяларын
қоллап, суд
Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы:
Даўагер Хххтиң даўа арзасы қанаатландырылсын.
Даўагер Ххх ҳәм жуўапкер Ххх орталарындағы 02.11.2022 жыл Нөкис қаласы
ПХАЖ бөлиминде 2-2317-22-02157-сан менен дизимге алынған нызамлы
некелеринен ажратылсын.
Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң ҳәр
биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши карардан наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляция тәртибинде шағым,
прокурор протест келтириўи мүмкин.
Басшылық етиўши:-
Ххх