Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2304/13622 Дата решения 24.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Ижро варақаси; Юборилганлигини тасдиқловчи электрон маълумот; Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Ажрим (иш юритишни тугатиш); Почта хабарномаси; To'lov kvitansiyasi Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение TURDIMURATOVA SEVARA JUSIP QIZI Ответчик / Подсудимый Кайпбаев Жанибек Сагинбаевич
Source ID 667af0cab6bf6f28996e5c6b Claim ID 4853371 PDF Hash 0746e0c48e5fc9eb... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 2 174 символов
УЙҒАРЫЎ (пуқаралық исти ис жүритиўден қысқартыў ҳақкында) 2024 жыл май айының 24 сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши Ххх, ххххтың хаткерлигинде, даўагер Хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған 2-2301-2304/13622-санлы пуқаралық исин суд мәжилисинде қарап шығып, төмендегилер А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Даўагер Ххх жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжәәт еткен. Суд мәжилисинде даўагер Ххх судқа арза менен муражаат етип, өзиниң жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасынан бас тартатуғынын, сол себепли пуқаралық исти ис жүритиўден қысқартыўды сорады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыў менен байланыслы ислер бойынша нызамшылықты қоллаў тәжрийбеси ҳақкында»ғы Пленумының 2011 жыл 20 июль күнги 06 санлы қарарының 17бәнтинде «егер даўагер некеден ажыратыў ҳаққындағы даўадан бас тартса, истиң бул тәрепи ис жүритиўден қысқартылады» деп көрсетилген. Ал, Өзбекстан Республикасы пуқаралық процессуал кодексиниң 124-статьясы 3-бәнтинде даўагердин арз кылған талапларынан бас тартыўы ҳәм судтың бул бас тартыўды кабыл етиўи ис журитиўди тамамлаў тийкарлары қатарында атап өтилген. Сонлықтан суд, даўагердиң даўадан бас тартыўын қабыл етиўди ҳәм пуқаралық исти ис жүритиўден қысқартыўды, даўа арза берерде төлениўи лазым болған мәмдекетлик бажы кешиктирилгенин есапқа алып даўагерден мамлекет пайдасына 680.000 сум мамлекетлик бажы пулын өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға асас ҳәм Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал Кодексиниң 124, 271-272-статьяларын қолланып суд, У Й Ғ А Р Д Ы: Даўагер Хххның даўа арзасынан бас тартыўы қабыл етилсин. Даўагер Хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған пуқаралық иси ис жүритиўден қысқартылсын. Даўагер Хххнан мамлекет пайдасына 680.000 сум мамлекетлик бажы өндирилсин. Уйғарыў үстинен наразы тәреп усы суд арқалы 20 күн ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына жеке арза, прокурор жеке протест келтириўине ҳақылы. Басшылық етиўши: Ххх