Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2304-2301/4618 Дата решения 17.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Чимбой туманлараро суди Судья Торебаев Бахтияр Орынбаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Торемуратов Женисбек Женисбай улы Ответчик / Подсудимый Муратбаева Юлдуз Марат кызы
Source ID 666c4d97922a655d3668eda5 Claim ID 4908339 PDF Hash f4d03e425da226dc... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 3 995 символов
БИЙЛИК Өзбекстан Республикасы атынан 2020 жыл ноябрь айының 16 сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы районлараралық судының суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши М.М.Сапаев, М.Есемуратованың хаткерлигинде, тәреплердиң қатнасында, талапкер ________тиң жуўапкер ________ға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 0-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер АНЫҚЛАНДЫ: Талапкер ________ судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер ________ менен ________жылы турмыс қурып, нызамлы некеден өткенлигин, турмыслары даўамында орталарында ______ жыл туўылған М ҳәм _______жыл туўылған С атлы перзентлери туўылғанлығын, жуўапкер менен ________ жылдан баслап бирге жасамайтуғынлығын, себеби жуўапкер жумысқа кирип улыўма өзгерип кеткенин, ата-анасына карсы сөйлеп аўызына келген сөзлерди айтатуғын болғанын, өзин сыйламайтуғынын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалық болыў мүмкиншилиги жоқлығын, суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспағанлығын билдирип, жуўапкер ________ менен некелеринен ажыратыўды ҳәм даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер ________ даўа арзаны қысман тән алып, талапкер ________ пенен ______жылы турмыс қурып, _______ жылы нызамлы некеден өткенлигин, турмыслары даўамында орталарында еки перзенти туўылғанлығын, өз-ара келиспеўшиликлер себепли ________ жылдан баслап бирге жасамайтуғынлығын, некелеринен ажырасыўға қарсылығы жоқ екенлигин билдирди. Суд тәреплердиң түсинигин тыңлап, исте топланған дәлийллерди, судта анықланған ҳалатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис бойынша анықланған ҳалатларға көре, тәреплер _____ жылы турмыс қурып, ________жыл районы ПХАЖ бөлиминде _____-сан менен дизимге алынған нызамлы некеден өткен, турмыслары даўамында орталарында _______жылы М ҳәм _______ жылы Сардарбек атлы перзентлери туўылған, өз-ара келиспеўшиликлер себепли ________ жылдан баслап тәреплер бөлек жасап атырған, суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспаған. Булар тәреплердиң түсиниклери, районы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң _____ жылғы ____-санлы хаты ҳәм районы, МПЖның _____ жылғы _____-санлы мәлимлемеси менен тастыйықланады. Жуўапкерде некеден ажырасыў тәрепдары. Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап қалыўға мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажыратады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден ажыратыў ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир кешириўлериниң ҳәм шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап қалыўдың илажы жоқлығы анықланған жағдайда ғана қанаатландырылыўы лазым. Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерли-зайыплық мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын тиклеўдиң мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен ажыратыўды ҳәм некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул көрди. Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК 249-253статьяларын қоллап, суд БИЙЛИК ЕТТИ: Талапкер ________тиң даўа арзасы қанаатландырылсын. Талапкер ________ пенен жуўапкер ________ орталарындағы ________жыл районы ПХАЖ бөлиминде ______-сан менен дизимге алынған нызамлы некелеринен ажратылсын. Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин. Бийлик үстинен қарар шығарылған күннен баслап усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляция тәртибинде шағым берилиўи ямаса прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши: М.М.Сапаев