Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2304-2301/4612 Дата решения 17.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Чимбой туманлараро суди Судья Торебаев Бахтияр Орынбаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Даулетова Байрамгул Куанышбаевна Ответчик / Подсудимый Бектурсинов Арзибай Узакбаевич
Source ID 666c4db6922a655d3668eda6 Claim ID 4908360 PDF Hash 7046b3dc25181117... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 4 103 символов
БИЙЛИК Өзбекстан Республикасы атынан 2020 жыл ноябрь айының 16 сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши М.Сапаев, М.Есемуратова хаткерлигинде, тәреплер қатнасында, талапкер ________ның жуўапкер ________ке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша 0-санлы пуқаралық исин суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди, А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Талапкер ________ судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, өзи ________ пенен ________жыл ____январь күни турмыс қурғанын, ________жылы ____ ноябрь күни нызамлы некеден өткенин, орталарында ________жыл ____ декабрь күни туўылған Р, ______ жыл ____ март күни туўылған Н, _____ жыл _____ май күни туўылған У ҳәм _____ жыл _____ март күни туўылған Б атлы перзентлери барлығын, перзентлери өзиниң тәрбиясында екенлигин, жуўапкер спиртли ишимлик ишип келип урыс шығаратуғынлығын, жуўапкер есин жыйып алар деген үмитте бирге жасап келгенин, бирақ пайдасы болмағанын, сонлықтан _____ жылы _____ март күнинен баслап жуўапкер менен бирге жасамайтуғынлығын, суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспағанлығын билдирип, жуўапкер ________ пенен некелеринен ажыратыўды ҳәм даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер ________ даўа арзаны тән алмастан, талапкер менен некеден ажырасыўға қарсы екенин, себеби орталарында перзентлери барлығын, оларды жетим қылғысы келмейтуғынын, сонлықтан талапкердиң даўа арзасын қанаатландырмастан қалдырыўды сорады. Суд тәреплердиң суд мәжилисиндеги түсиниклерин, исте топланған дәлийллерди, судта анықланған халатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны қанаатландырмастан қалдырыўды лазым тапты. Ис бойынша анықланған халатларға көре, тәреплер ________жыл ____ январь күни турмыс қурған. ________жылы ______ ноябрь күни нызамлы некеден өткен. Орталарында ________жыл ____ декабрь күни туўылған Р, _____ жыл _____ март күни туўылған Н, _______ жыл _____ май күни туўылған У ҳәм ______ жыл ____ март күни туўылған Б атлы перзентлери бар. Перзентлери талапкердиң тәрбиясында. Жуўапкер спиртли ишимлик ишип келип урыс шығаратуғынлығы себепли тәреплер _______ жылдан баслап бирге жасамайды. Жуўапкер ________ шаңарағын сақлап қалыў тәрептары. Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап қалыўға мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажратады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 14-бәндине көре, некеден ажыратыў менен байланыслы ислер бойынша нызамлы ҳәм тийкарлы бийлик қабыл етилиўи ушын суд истиң ҳақыйқый ҳалатларын ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс тексерип шығыўы, ерли-зайып ортасындағы өз-ара қатнасықлар қәсийетин, некеден ажыратыў мәселеси қойылыўына тийкар болған себеплер, ерли-зайып ортасындағы келиспеўшиликтиң тийкарғы себеплерин анықлаўы шәрт. Сол мақсетлерде, суд исти еки тәреп қатнасыўында көриўи лазым, 16-бәндине көре, турмыста болатуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм тасодифий себеплерге көре, ерли-зайып ортасында келип шыққан келиспеўшиликлер, сондай-ақ, ерли-зайыптан бири яки ҳәр екеўиниң тийкарлы ўәжлер келтирмеген ҳалда неке қатнасықларын даўам еттириўин қәлемеўи некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар болалмайды. Некеден ажралыўға тийкарлар болмағанда, суд даўаны қанаатландырмастан қалдырады. Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, некеден ажыратыў ушын жетерли тийкарлар жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен ажыратпаўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК 249-253-статьяларын қоллап, суд БИЙЛИК ЕТТИ: Талапкер ________ның жуўапкер ________ке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы қанаатландырмастан қалдырылсын. Бийлик үстинен қарар шығарылған күннен баслап усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляция тәртибинде шағым берилиўи ямаса прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши: М.М.Сапаев