Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2301/13703 Дата решения 15.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Жоламанова Замира Аманбаевна Ответчик / Подсудимый Усенов Саламат Ережепбаевич
Source ID 666d1d05b6bf6f28996e5a65 Claim ID 4858456 PDF Hash 25989b6f4c1ac834... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 3 813 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024-жыл май айының 15-сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имәратында болып, Басшылық етиўши Ххх, хххтың хаткерлигинде, тәреплер қатнасында, даўагер Хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 2-2301-2301/13703-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер, АНЫҚЛАНДЫ: Даўагер Ххх судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер Ххх пенен 22.07.2011-жыл турмыс қурып, 19.09.2014-жыл нызамлы некеден өткенлигин, орталарында 29.12.2014-жыл туўылған Дилбар ҳәм 22.09.2014-жыл туўылған Азамат атлы еки перзенти бар екенлигин, жуўапкер Ххх пенен өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2021-жыл феврал айынан баслап бөлек жасайтуғынын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалығын қайта тиклеў мүмкиншилиги жоқ екенлигин, берилген мүддет ишинде жуўапкер менен жараспағанлығын билдирип, жуўапкер менен араларындағы некеден ажыратыўды ҳәм даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алып, өзи 2021-жыл феврал айынан баслап өз-ара келиспеўшиликлер себепли бөлек жасайтуғынын, суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспағанлығын, перзентлери өзиниң тәрбиясында екенин билдирип, даўагер менен некеден ажырасыўға қарсылығы жоқ екенин айтып түсиник берди. Суд тәреплердиң түсиндирмелерин тыңлап, исте топланған дәлиллерди, судта анықланған халатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис бойынша анықланған халатларға көре, тәреплер 22.07.2011-жыл турмыс қурып, 19.09.2014-жылы нызамлы некеден өткен, орталарында 29.12.2011-жыл туўылған Дилбар ҳәм 22.09.2014-жыл туўылған Азамат атлы перзентлери бар. Перзентлери жуўапкердиң тәрбиясында. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2021-жыл феврал айынан баслап бирге жасамайды. Суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспаған. Булар тәреплердиң түсиниклери, Хожели районы шаңарақ ҳәм хаял-қызлар бөлиминиң хаты ҳәм Хожели районы «Бунёдкор» МПЖниң 13.05.2024-жылғы мәлимлемеси менен тастыйықланады. Жуўапкер де некеден ажырасыў тәрепдары. Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап қалыўға мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажыратады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден ажыратыў ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир кешириўлериниң ҳәм шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап қалыўдың илажы жоқлығы анықланған жағдайдағана қанаатландырылыўы лазым. Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерлизайыплық мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын тиклеўдиң мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен ажыратыўды ҳәм некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул көрди. Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК 249-253статьяларын қоллап, суд ҚАРАР ҚЫЛДЫ: Даўагер Хххның даўа арзасы қанаатландырылсын. Даўагер Ххх ҳәм жуўапкер Ххх орталарындағы 2014-жыл 19-сентябрь күни Хожели районы ПХАЖ бөлиминде 836-сан менен дизимге алынған нызамлы некелеринен ажратылсын. Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарардан наразы тәреп усы суд арқалы бир ай ишинде апелляция тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы судына нарийзалық арза, прокурор протест келтириўине ҳақылы. Басшылықетиўши: Ххх