Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2301/13462 Дата решения 15.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Хайбуллаев Садулла Джумамуратович Ответчик / Подсудимый Сапарниязова Замира Реимбаевна
Source ID 666d1dbdb6bf6f28996e5a66 Claim ID 4840190 PDF Hash 28661a92e9f11dc5... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 4 688 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024-жыл май айының 15-сәнеси пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имәратында болып, Басшылық етиўши Ххх, ххххтың хаткерлигинде, адвокат Хххтың, даўагер қатнасында, даўагер Хххтиң жуўапкер Хххға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 2-2301-2301/13462-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер, АНЫҚЛАНДЫ: Даўагер Ххх судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги түсинигинде, даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер Ххх менен 2005-жыл август айында турмыс қурып, 21.07.2010-жылы Хожели районы ПХАЖ бөлиминде нызамлы некеден өткенлигин, орталарында 17.07.2006-жыл туўылған Данияр, 16.06.2010-жыл туўылған Жахогир ҳәм 18.04.2015-жыл туўылған Умида атлы перзенти бар екенлигин, өзи жуўапкер менен бирге турмыс курғанлы минезлери туры келмей жасағанын, 2021 жылға шекем бир неше мәрте бөлеклесип жасап келгенин, ақырғы мәрте 2021-жыл июль айында бөлеклесип кеткенин, өзин, ата-анасын ҳәм туўысканларын жуўапкер хурмет етпейтуғынын, орталарында ҳәр күни ўрыс қағыс себепли шаңарығын сақлап қалыў имканияты қалмағанын, перзентлери өзиниң тәрбиясында екенин, жуўапкер перзентлеринен хабар алмайтуғынын, перзентлериниң тәмийнаты ушын жуўапкерден алимент өндириў ҳақкында судқа арза бергенин, алимент өндириў ҳаққындағы суд буйрығына тийкар жуўапкердиң 40.000.000 сумнан артық қарызы бар екенин, өзи жуўапкердиң қай жерде жүргенинен хабары жоқ екенин, өзи басқа турмыс қырмақшы екенин, себеби анасына ҳәм перзентлерине қарайтуғын адам керек екенин, өзиниң анасы 1-топар майыбы екенин, суд тәрепинен жарасыў ушын берилген мүддет ишинде жараспағанын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалығын қайта тиклеў мүмкиншилиги жоқ екенлигин билдирип, жуўапкер менен араларындағы некеден ажыратыўды ҳәм даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде даўагер адвокаты Ххх даўа арзаны қуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер Ххх суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте ақырғы жасаў мәнзилине хабар етилгенде суд мәжилисине келмеди. Сол себепли пуқаралық исин Өзбекстан Республикасы ППКниң 220-статьясы талапларына тийкар көриўди лазым тапты. Суд даўагердиң түсиндирмелерин, адвокаттың пикирлерин тыңлап, исте топланған дәлиллерди, судта анықланған халатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис бойынша анықланған халатларға көре, тәреплер 2005-жыл август айында турмыс қурып, 21.07.2010-жыл нызамлы некеден өткен, орталарында 17.07.2006-жыл туўылған Данияр, 16.06.2010-жыл туўылған Жахогир ҳәм 18.04.2015-жыл туўылған Умида атлы перзенти бар. 2021-жыл июль айында жуўапкер Қазақстан Республикасына жумыс ислеў ушын кетип, соннан кайтып келмеген, сол себепли тәреплер 2021-жыл июль айынан баслап бирге жасамайды. Жуўапкер усы күнге шекем перзентлеринен, хожалығынан хабар алмаған. Суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспаған. Булар даўагердиң түсиниклери, Хожели районы «Нурлы жол» МПЖниң анықламасы ҳәм 08.05.2024-жылғы баянламасы менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап қалыўға мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажыратады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден ажыратыў ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир кешириўлериниң ҳәм шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап қалыўдың илажы жоқлығы анықланған жағдайдағана қанаатландырылыўы лазым. Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерлизайыплық мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын тиклеўдиң мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен ажыратыўды ҳәм некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул көрди. Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК 249-253статьяларын қоллап, суд ҚАРАР ҚЫЛДЫ: Даўагер Хххтиң даўа арзасы қанаатландырылсын. Даўагер Ххх ҳәм жуўапкер Ххх орталарындағы 2010-жыл 21-июль күни Хожели районы ПХАЖ бөлиминде 901-сан менен дизимге алынған нызамлы некелеринен ажратылсын. Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарардан наразы тәреп усы суд арқалы бир ай ишинде апелляция тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы судына нарийзалық арза, прокурор протест келтириўине ҳақылы. Басшылықетиўши: Ххх