Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2301/13423 Дата решения 10.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Жаксимов Куанышбай Абатбай улы Ответчик / Подсудимый Халекеева Даметкен Раметулла кызы
Source ID 6667d8b7922a655d3668ecdd Claim ID 4839535 PDF Hash 331f87e3a800ec64... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 4 750 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024-жыл май айының 10-сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши Ххх, хххтың хаткерлигинде, тәреплердиӊ қатнасында, даўагер Хххның жуўапкер Хххна қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған №2-2301-2301/13423-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер, А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Даўагер Ххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында ѳзи жуўапкер менен 2022-жыл 20-сентябрь күни турмыс қурғанын, 2023-жыл 17феврал күни Ххх районы ПХАЖ бөлими тәрепинен нызамлы некеден өткенин, араларында перзенти жоқ екенин, жуўапкер менен өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2023-жыл 29-август күнинен баслап бөлек жасайтуғынын, жуўапкерди ата-анасы келип барлық мүлклери ҳәм кийм кешеклери менен үйине алып кеткенин, жуўапкер өз билгенин ислейтуғынын, ата-анасын сыйламайтуғынын, ендиги жағанда ол менен хожалық болыў мүмкиншилиги қалмағанын, сонлықтан жуўапкер менен орталарындағы некеден ажыратыўды сораған. Суд мәжилисинде даўагер Ххх даўа арзаны қуўатлап, өзи жуўапкер менен 2022-жыл 20-сентябрь күни турмыс қурғанын, араларында перзенти жоқ екенин, суд тәрепинен жарасыў ушын берилген мүддет ишинде жараспағанын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны қысман тән алып, өзи 2023жыл 29-август күнинен баслап даўагер менен бөлек жасайтуғынын, сол күни ози енеси менен айтысып калғанын, сол себепли өзиниң ата-анасы затлары менен үйине алып кеткенин, 2023-жыл ноябрь айында өзиниң ата-анасы хожалық болың деп даўагердиң үйине алып барғанын, бирақ дауагердиң үй иши қарсылық билдиргенин, өзиниң даўагер менен жарасыў имканияты жоқ екенин, сонлықтан некеден ажыратыўды сораған. Суд тәреплердиң түсиндирмелерин тыңлап, ис материаллары менен танысып шығып, даўа арзаны қанаатландыўды лазым тапты. Судта анықланған жағдайларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер 2022-жыл 20 сентябрь күни турмыс қурған. 2023-жыл 17-феврал күни Ххх районы ПХАЖ бөлими тәрепинен нызамлы некеден өткен. Тәреплер орталарында перзенти жоқ. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2023-жыл 29-август күнинен баслап бирге жасамайды. Жуўапкер де некеден ажырасыў тәрепдары. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумыныӊ “Судлар тәрепинен некеден ажыратыў ҳаққындагы ислерди кѳриўде нызамларды қоллаў әмеляты ҳаққында”ғы 2011-жыл 20-июль күнги 06-санлы қарарыныӊ 15-бәнтине кѳре, “некеден ажыратыў ҳаққындағы исти кѳриўде суд шаӊарақты сақлап қалыў бойынша шаралар кѳриўи лазым. Сол мақсетте, суд мәжилисинде шаӊарақты сақлап қалыу мүмкиншилигин тастыйқлаўшы ҳалатлар (балалар барлыгы, некениӊ даўамлылығы, шаӊарақтағы мүнәсебетлердиӊ қәсийетлери ҳ.т.б”) анықланса, суд еки тәрептиӊ яки олардыӊ бириниӊ илтимасына асас ямаса ѳз басламасы менен некеден ажыратыў ҳаққындагы истиӊ кѳрилиўин кейинге қалдырыўға ҳақылы. Соныӊ менен бирге Өзбекстан Республикасы шаӊарақ кодексиниӊ 40статьясы 2-бѳлимине муўапық “Суд истиӊ кѳрилиўин кейинге қалдырып, ерлизайыплыларға жарасыў ушын 6 айға шекемги мүддет бериўге ҳақылы” Бул семьяны сақлап қалыу мақсетинде тәреплерге 6 ай мүддет берилген, бирақ бул мүддет ишинде олар жараспаған. Жарасыў ушын еки тәрептеде ҳәрекет болмаған, бундай ҳалда суд ерли-зайыптын буннан кейин бирге жасаўыныӊ имканияты қалмаған деген жуўмаққа келеди. Өзбекстан Республикасы шаӊарақ кодекси 41-статьясына муўапық “Егер суд ерли-зайыптыӊ буннан былай биргеликте жасаўына ҳәм шаӊарақты сақлап қалыўына имканияты қалмаған деп тапса, оларды некеден ажыратады” деп кѳрсетилген. Ххх районы шаӊарақ ҳәм хаял-қызлар бөлиминиӊ 2024-жыл 10-май күнги №01-02-61-санлы хатында тәреплерди жарастырыў мүмкиншилиги жоқлығын билдирген. Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырыўды ҳәм некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул көрди. Суд жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы процессуал Кодексиниӊ 249-253 статьяларына тийкарланып, Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы: Даўагер Хххның даўа арзасы канаатландырылсын. Ххх ҳәм Ххх орталарындағы 2023-жыл 17-феврал күни Ххх районы ПХАЖ бѳлими тәрепинен 2-2318-23-00049-сан менен дизимге алынған некеден ажыратылсын. Некеден ажыратыў ҳакқындағы гүўалық берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп шешиўши қарар қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ пуқаралық ислери бойынша аппеляциялық судлаў коллегиясына аппеляция тәртибинде шағым бериўи мүмкин. Басшылық етиўши: Көширме негизинен дурыс: Ххх ___________ суд баслығы Ххх