← Назад
Решение #1278584 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
3 824 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024-жыл май айының 10-сәнеси пуқаралық ислер бойынша
Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд
мәжилиси өз имәратында болып,
Басшылық етиўши Ххх,
Хххтың хаткерлигинде, тәреплер қатнасында, хххның жуўапкер Хххке
қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы 2-2301-2301/13463-санлы пуқаралық
исин көрип шығып, төмендегилер,
АНЫҚЛАНДЫ:
Ххх судқа берген даўа арзасында ҳәм суд мәжилисиндеги түсинигинде,
даўа арзасын қуўатлап, жуўапкер Ххх пенен 2013-жыл октябрь айында турмыс
қурып, нызамлы некеден өткенлигин, орталарында 05.09.2015-жыл туўылған
Денис атлы перзенти бар екенлигин, жуўапкер Ххх пенен өз-ара
келиспеўшиликлер себепли 2023-жыл апрель айынан баслап бөлек
жасайтуғынын, себеби жуўапкер көп ишетуғынын, хожалығына басы
айланбайтуғынын, үйиндеги затларды сатып ишетугын болғанын, соның
есабынан орталарында урыс қағыс көбейип кеткенин, ендиги жағында
жуўапкер менен хожалығын қайта тиклеў мүмкиншилиги жоқ екенлигин,
берилген мүддет ишинде жуўапкер менен жараспағанлығын билдирип,
жуўапкер менен араларындағы некеден ажыратыўды ҳәм даўа арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алып, суд тәрепинен
жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет ишинде жараспағанлығын,
хожалығын сақлап қалыўға хәрекет еткенин, бирақ пайдасы болмағанын,
сонлықтан даўагер менен некеден ажырасыўға қарсылығы жоқ екенин айтып
түсиник берди.
Суд тәреплердиң түсиндирмелерин тыңлап, исте топланған дәлиллерди,
судта анықланған халатлар менен салыстырып ҳәм баҳа берип, даўа арзаны
қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис бойынша анықланған халатларға көре, тәреплер 2013-жыл октябрь
айында турмыс қурып, 07.05.2019-жылы нызамлы некеден өткен, орталарында
05.09.2015-жыл туўылған Денис атлы перзенти бар. Тәреплер өз-ара
келиспеўшиликлер себепли 2023-жыл апрель айынан баслап бирге
жасамайды. Суд тәрепинен жарастырыў ушын берилген алты ай мүддет
ишинде жараспаған. Булар тәреплердиң түсиниклери, Нөкис қаласы шаңарақ
ҳәм хаял-қызлар бөлиминиң 2024-жыл 07-май күнги 03/434-санлы хаты ҳәм
«Тынышлық» МПЖ ҳәм «Дарбент» МПЖниң мағлыўматнамалары менен
тастыйықланады. Жуўапкер де некеден ажырасыў тәрепдары.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 41-статьясына көре, егер
суд ерли-зайыптың буннан кейин биргеликте жасаўға ҳәм шаңарағын сақлап
қалыўға мүмкиншилик жоқ деп есапласа, оларды некелеринен ажыратады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар
тәрепинен некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты
қолланыў тәжрийбеси ҳаққында»ғы қарарының 16-бәндине көре, некеден
ажыратыў ҳаққындағы талап, тек, ерли-зайып буннан соң бирге өмир
кешириўлериниң ҳәм шаңарақ биротала бузылғанлығы себепли оны сақлап
қалыўдың илажы жоқлығы анықланған жағдайдағана қанаатландырылыўы
лазым.
Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер ортасында ерлизайыплық мүнәсибетлери тамамланған, буннан кейин тәреплердиң шаңарағын
тиклеўдиң мүмкиншилиги жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен
ажыратыўды ҳәм некеден ажыратыў ҳаққындағы гүўалықты берерде
тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының
бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул көрди.
Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасы ППК 249-253статьяларын қоллап, суд
ҚАРАР ҚЫЛДЫ:
Хххның даўа арзасы қанаатландырылсын.
Ххх ҳәм жуўапкер Ххх орталарындағы 2019-жыл 07-май күни Нөкис
қаласы ПХАЖ бөлиминде 856-сан менен дизимге алынған нызамлы
некелеринен ажратылсын.
Некеден ажралғанлық ҳаққындағы гуўалықнама бериўде тәреплердиң
ҳәр биринен мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси
муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарардан наразы тәреп усы суд арқалы бир ай ишинде
апелляция тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы судына нарийзалық
арза, прокурор протест келтириўине ҳақылы.
Басшылықетиўши:
к.н.дурыс ________________
Ххх