← Назад
Решение #1278586 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
5 353 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024 жыл май айының 10 сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан
Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында
болып,
Басшылық етиўши Ххх,
хххтың хаткерлигинде, тәреплердиң қатнасында, хххның жуўапкер Хххке
қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған №2-23012301/13263-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер,
А Н Ы Қ Л А Н Д Ы:
Ххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында ѳзи жуўапкер Ххх
пенен 2018 жыл феврал айында турмыс қурғанын, 05.11.2018 жыл Ххх районы
ПХАЖ бөлиминен нызамлы некеден өткенин, араларында 27.11.2018 жыл туўылған
Перийзат атлы перзенти бар екенин, перзенти өзиниң тәрбиясында екенин, жуўапкер
менен өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2021 жылдан баслап бөлек жасайтуғынын,
жуўапкер ҳәзирги ўақытта басқа турмыс қурып кеткенин, ендиги жағанда ол менен
хожалық болыў мүмкиншилиги қалмағанын, сонлықтан жуўапкер менен
орталарындағы некеден ажыратыўды сораған.
Суд мәжилисинде ххх даўа арзасын қуўатлап, ѳзи жуўапкер Ххх пенен 2021
жылдан баслап бѳлек жасап атырғанын, суд тәрепинен жарасыў ушын берилген
мүддет ишинде жараспағанын, себеби өзи 15.10.2023 жыл Ххх пенен басқа турмыс
курып кеткенин, сонлықтан жуўапкер менен нызамлы некеден ажыратыўды, даўа
арзасын қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алып, даўагер менен 2021
жылдан баслап бѳлек жасап атырғанын, суд тәрепинен жарасыў ушын берилген
мүддет ишинде жараспағанын, себеби өзи Ххх менен басқа турмыс қурғанын,
сонлықтан некеден ажыратыўға қарсылығы жоқ екенин билдирди.
Суд мәжилисинде гуўа қатарында соралған Ххх өзи хххның күйеўи екенин, өзи
оның менен 15.10.2023 жылы турмыс қурғанын, усы күнге шекем жуўапкер Ххх
хаялы менен жарасыў ушын қайтып келмегенин, ҳәзирги ўақытта өзи хаялы менен
бирге ерли-зайыплы болып жасап атырғанын айтып көрсетпе берди.
Суд мәжилисинде гуўа қатарында соралған Ххх өзи жуўапкер Хххтиң ҳаялы
екенин, өзи оның менен 08.04.2024 жылы турмыс қурғанын, усы күнге шекем ххх
күйеўи менен жарасыў ушын қайтып келмегенин, ҳәзирги ўақытта өзи күйеўи менен
бирге ерли-зайыплы болып жасап атырғанын айтып көрсетпе берди.
Суд тәреплердиӊ түсиндирмелерин, гүўалардың көрсетпесин тыңлап, ис
материаллары менен танысып шығып, даўа арзаны қанаатландыўды лазым тапты.
Судта анықланған жағдайларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер
2018 жыл феврал айында турмыс қурған, 05.11.2018 жыл нызамлы некеден ѳткен.
Бирге жасаған дәўиринде 27.11.2018 жыл туўылған Перизат атлы перзенти бар.
Парзенти даўагердиң тәрбиясында. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2021
жылдан баслап бѳлек жасап атырған. Олардыӊ ерли-зайыплылық мүнәсебетлери усы
ўақыттан баслап тамамланған. Ххх 15.10.2023 жылы Ххх пенен турмыс қурған,
жуўапкер Ххх 08.04.2024 жыл пуқара Ххх менен турмыс қурып, ҳәзирги ўақытта
биргеликте жасап атырған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумыныӊ “Судлар тәрепинен
некеден ажыратыў ҳаққындагы ислерди кѳриўде нызамларды қоллаў әмеляты
ҳаққында”ғы 2011-жыл 20-июль күнги 06-санлы қарарыныӊ 15-бәнтине кѳре,
“некеден ажыратыў ҳаққындағы исти кѳриўде суд шаӊарақты сақлап қалыў
бойынша шаралар кѳриўи лазым. Сол мақсетте, суд мәжилисинде шаӊарақты сақлап
қалыу мүмкиншилигин тастыйқлаўшы ҳалатлар (балалар барлыгы, некениӊ
даўамлылығы, шаӊарақтағы мүнәсебетлердиӊ қәсийетлери ҳ.т.б”) анықланса, суд
еки тәрептиӊ яки олардыӊ бириниӊ илтимасына асас ямаса ѳз басламасы менен
некеден ажыратыў ҳаққындагы истиӊ кѳрилиўин кейинге қалдырыўға ҳақылы.
Соныӊ менен бирге Өзбекстан Республикасы шаӊарақ кодексиниӊ 40-статьясы
2-бѳлимине муўапық “Суд истиӊ кѳрилиўин кейинге қалдырып, ерли-зайыплыларға
жарасыў ушын 6 айға шекемги мүддет бериўге ҳақылы”
Бул семьяны сақлап қалыу мақсетинде тәреплерге 6 ай мүддет берилген, бирақ
бул мүддет ишинде олар жараспаған. Жарасыў ушын еки тәрептеде ҳәрекет
болмаған, бундай ҳалда суд ерли-зайыптын буннан кейин бирге жасаўыныӊ
имканияты қалмаған деген жуўмаққа келеди.
Өзбекстан Республикасы шаӊарақ кодекси 41-статьясына муўапық “Егер суд
ерли-зайыптыӊ буннан былай биргеликте жасаўына ҳәм шаӊарақты сақлап
қалыўына имканияты қалмаған деп тапса, оларды некеден ажыратады” деп
кѳрсетилген.
Ххх районы шаӊарақ ҳәм хаял қызлар бөлиминиӊ 2024 жыл 03 май күнги №99санлы хатында тәреплерди жарастырыў мүмкиншилиги жоқлығын билдирген.
Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырыўды ҳәм некеден ажыратыў
ҳаққындағы гүўалықты берерде тәреплердиң ҳәр биринен мәмлекет пайдасына
базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди
мақул көрди.
Суд жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы процессуал
Кодексиниӊ 249-253 статьяларына тийкарланып,
Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы:
Хххныӊ даўа арзасы канаатландырылсын.
Ххх ҳәм Бахиева Рая Серик қызы орталарындағы 2018 жыл 05 ноябрь күни Ххх
районы ПХАЖ бѳлими тәрепинен 801-сан менен дизимге алынған некеден
ажыратылсын.
Некеден ажыратыў ҳакқындағы гүўалық берерде тәреплердиң ҳәр биринен
мәмлекет пайдасына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп шешиўши қарар қабыл қылынған күннен
баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ
пуқаралық ислери бойынша аппеляциялық судлаў коллегиясына аппеляция
тәртибинде шағым бериўи мүмкин.
Басшылық етиўши:
Көширме негизинен дурыс:
Ххх
___________ суд баслығы Ххх