Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2301/13272 Дата решения 10.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Халмуратова Айгул Тажетдиновна Ответчик / Подсудимый Жоллыбаев Саламатдин Айтмуратович
Source ID 6667dd03922a655d3668ece5 Claim ID 4812235 PDF Hash 645594c1c00acf68... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 4 161 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024-жыл май айының 10-сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлар аралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши Ххх, ххххтың хаткерлигинде, даўагердиң қатнасында, даўагер Хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған 22301-2301/13272-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер, А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Даўагер Ххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында ѳзи жуўапкер Ххх пенен 2006 жыл май айында турмыс қурғанын, 03.12.2006 жыл Нөкис қаласы ПХАЖ бөлиминде нызамлы некеден ѳткенин, биргеликтеги турмысынан орталарында 14.04.2007 жыл туўылған Руслан, 25.12.2011 жыл туўылған Шахзода ҳәм 19.02.2015 жыл туўылған Азамат атлы перзентлери бар екенин, жуўапкер менен өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2023 жыл август айынан баслап бөлек жасайтуғынын, себеби жуўапкер өз билгенин ислейтуғынын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалық болыўына имканияты жоқ екенин, сонлықтан жуўапкер менен орталарындағы некеден ажыратыўды сораған. Суд мәжилисинде даўагер Ххх даўа арзасын қуўатлап, өзи жуўапкер менен 2006 жыл май айында турмыс қурғанын, орталарында үш перзенти бар екенин, жуўапкер менен 2023 жыл август айынан баслап бѳлек жасап атырғанын, себеби жуўапкер ишиўшиликке берип кеткенин, ол дизимде туратуғынын, ишип келсе азап беретуғынын, оның қарызы көп екенин, хожалығына басы айланбайтуғынын, сонлықтан жуўапкер менен нызамлы некеден ажыратыўды, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады. Алдынғы суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алмасатан, даўа арза көрсетлген халатлар тийкарсыз екенин, себеби өзи хожалыгынан ҳеш затты аямайтуғынын, перзентлерин усы күнге шекем барлық затлар менен тамийнлеп атырғанын, 14.04.2007 жыл туўылған Руслан атлы перзенти өзи менен бирге жасап атырғанын, өзи перзентлерин ойлап хожалығын тиклеў ушын ҳәрекет етип атырғанын, перзентлерин тири жетим қылғысы келмейтуғынын, некеден ажыратыўға қарсы екенлигин билдирип, даўагердиң даўа арзасын қанаатландырмастан қалдырыўды сорады. Суд даўагердиң түсиндирмелерин тыңлап, ис материаллары менен танысып шығып, даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды лазым тапты. Судта анықланған жағдайларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер 2006 жыл май айында турмыс қурған. 2006 жыл 03 декабрь күни нызамлы некеден ѳткен. Биргеликтеги турмысынан орталарында 14.04.2007 жыл туўылған Руслан, 25.12.2011 жыл туўылған Шахзода ҳәм 19.02.2015 жыл туўылған Азамат атлы перзентлери бар. Руслан атлы перзенти жуўапкердиң тәрбиясында ал Шахзода ҳәм Азамат атлы перзентлери даўагердиң тәрбиясында. Тәреплер 2023 жыл август айынан баслап бѳлек жасап атырған. Жўўапкер Ххх хожалығын сақлап қалыў ушын ҳәрекет етип атырғанын, перзентлерин тири жетим қылғысы келмейтуғынын, сол себепли некелеринен ажрасыўына қарсы екенин билдирди. Суд тәреплердиң орталарындағы келиспеўшиликлерди шаңарақтағы ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм олардың жарасып кетиўлерине имканият бар деп ҳәм даўагердиң некеден ажыратыўға анық ўәжлер келтирмегенлиги себепли оларды некелеринен ажыратыўға жетерли тийкарлар жоқ деп есаплайды. Ал, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыў ҳаққындағы ислерди көриўде нызамларды қоллаў әмелияты ҳаққында»ғы 2011 жыл 20 июльдеги 06-санлы Қарарының 16-бәнтинде «Турмыста кешетуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм күтилмеген себеплерге көре, ерқатын ортасында келип шыққан келиспеўшиликлер, сондай-ақ, ерли-зайыплыдан биреўи ямаса екеўиниң тийкарлы ўәжлер келтирмеген жағдайда неке мүнәсибетлерин даўам еттириўди қәлемеслиги некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар бола алмайды» деп көрсетилген. Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды мақул көрди Суд жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы процессуал Кодексиниӊ 249-253 статьяларына тийкарланып, Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы: Даўагер Хххныӊ жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы қанаатландырылмастан қалдырылсын. Шешиўши қарардан наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляция тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши:- Ххх