Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2301/13422 Дата решения 10.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Матенова Манзура Сабит кызы Ответчик / Подсудимый Базарбаев Нуратдин Зинатдинович
Source ID 66685b4e922a655d3668ecef Claim ID 4839603 PDF Hash c0fb83b9f8544d85... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 3 883 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024-жыл май айының 10-сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлар аралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши Ххх, хххтың хаткерлигинде, тәреплердиң қатнасында, даўагер Хххның жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған 22301-2301/13422-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер, А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Даўагер Ххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында ѳзи жуўапкер Ххх пенен 14.12.2011 жыл турмыс қурғанын, 06.09.2018 жыл Шымбай районы ПХАЖ бөлиминде нызамлы некеден ѳткенин, биргеликтеги турмысынан орталарында 04.12.2012 жыл туўылған Мухаммедалий, 10.04.2015 жыл туўылған Нурали ҳәм 01.01.2019 жыл туўылған Нурхасыл атлы перзентлери бар екенин, перзентлери өзиниң тәрбиясында екенин, жуўапкер менен өз-ара келиспеўшиликлер себепли 11.04.2023 жылдан баслап бөлек жасайтуғынын, себеби жуўапкер өз билгенин ислейтуғынын, өзин ҳәм перзентлерин уратуғынын, перзентлери әкесинен қорқып калғанын, өзи жумыстан келсе өзине жала жаўып урыс шығарытуғынын, хожалығына басы айланбайтуғынын, перзентлери өзиң бақ, маған перзент керек емес деп айтатуғынын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалық болыўына имканияты жоқ екенин, сонлықтан жуўапкер менен орталарындағы некеден ажыратыўды сораған. Суд мәжилисинде даўагер Ххх даўа арзасын қуўатлап, өзлери 14.12.2011 жыл турмыс қурғанын, орталарында үш перзенти бар екенин, жуўапкер менен 11.04.2023 жылдан баслап бѳлек жасап атырғанын, жуўапкер хожалығына басы айланбайтуғынын, сонлықтан жуўапкер менен нызамлы некеден ажыратыўды, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер Ххх даўа арзаны тән алмасатан, өзи перзентлерин ойлап хожалығын тиклеў ушын ҳәрекет етип атырғанын, некеден ажыратыўға қарсы екенлигин, сонлықтан даўагердиң даўа арзасын қанаатландырмастан қалдырыўды сорады. Суд тареплердиң түсиндирмелерин тыңлап, ис материаллары менен танысып шығып, даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды лазым тапты. Судта анықланған жағдайларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер 14.12.2011 жыл турмыс қурған. 2018 жыл 06 сентябрь күни нызамлы некеден ѳткен. Биргеликтеги турмысынан орталарында 04.12.2012 жыл туўылған Мухаммедалий, 10.04.2015 жыл туўылған Нурали ҳәм 01.01.2019 жыл туўылган Нурхасыл атлы перзентлери бар. Тәреплер 11.04.2023 жылдан баслап бѳлек жасап атырған. Жўўапкер Ххх хожалығын сақлап қалыў ушын ҳәрекет етип атырғанын, перзентлерин тири жетим қылғысы келмейтуғынын, сол себепли некелеринен ажрасыўына қарсы екенин билдирди. Суд тәреплердиң орталарындағы келиспеўшиликлерди шаңарақтағы ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм олардың жарасып кетиўлерине имканият бар деп ҳәм даўагердиң некеден ажыратыўға анық ўәжлер келтирмегенлиги себепли оларды некелеринен ажыратыўға жетерли тийкарлар жоқ деп есаплайды. Ал, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыў ҳаққындағы ислерди көриўде нызамларды қоллаў әмелияты ҳаққында»ғы 2011 жыл 20 июльдеги 06-санлы Қарарының 16-бәнтинде «Турмыста кешетуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм күтилмеген себеплерге көре, ерқатын ортасында келип шыққан келиспеўшиликлер, сондай-ақ, ерли-зайыплыдан биреўи ямаса екеўиниң тийкарлы ўәжлер келтирмеген жағдайда неке мүнәсибетлерин даўам еттириўди қәлемеслиги некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар бола алмайды» деп көрсетилген. Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды мақул көрди Суд жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы процессуал Кодексиниӊ 249-253 статьяларына тийкарланып, Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы: Даўагер Хххныӊ жуўапкер Хххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы қанаатландырылмастан қалдырылсын. Шешиўши қарардан наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляция тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши:- Ххх