Реквизиты
Категория Гражданские Номер дела 2-2301-2301/13111 Дата решения 10.05.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори Суд Фуқаролик ишлари бўйича Нукус туманлараро суди Судья Сапаев Музаффар Махсудович Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Султанова Раушана Абдурахмановна Ответчик / Подсудимый Атамуратов Азамат Турсынбаевич
Source ID 66685bc8922a655d3668ecf0 Claim ID 4803507 PDF Hash 5669d69fbb36a0d2... Загружено 09.04.2026 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения 4 503 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР Өзбекстан Республикасы атынан 2024-жыл май айының 10-сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлар аралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында болып, Басшылық етиўши Ххх, Хххтың хаткерлигинде, тәреплердиң қатнасында, даўагер Хххның жуўапкер ххххххке қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған 22301-2301/13111-санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер, А Н Ы Қ Л А Н Д Ы: Даўагер Ххх судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында ѳзи жуўапкер ххххх пенен 2009 жыл июнь айында турмыс қурғанын, 2009 жыл 16 октябрь күни нызамлы некеден ѳткенин, биргеликтеги турмысынан орталарында 2010 жыл 21 март күни Навруза ҳәм 2012 жыл 18 декабрь күни Султанбек атлы перзенти туўылғанын, перзентлери өзиниң тәрбиясында екенин, жуўапкер менен 2023 жыл сентябрь айынан баслап бөлек жасайтуғынын, себеби жуўапкер 2012-жылдан баслап Каримова Диляфруз Ерегуловна менен қыянет етип жүргенин, олар бирге жасап атырғанын, буларды өзи ол хаял менен сөйлесип билгенин, өзлери Каримова Диляфруз Ерегуловнаның перзентин Ташкент қаласына барып ДНК экспертизасынан өткерип жүргенин, өзи жуўапкерге исенбей қалғанын, кеўили сууып кеткенин, жуўапкер ишип келсе өзин уратуғынын, өзин кемситип ҳәр түрли сөзлерди намысына тийетуғынын, баласына қол көтеретуғынын, қызын отвертка менен өлтиремен деп қорқытканын, бул қызының психологиясына таъсир еткенин, жуўапкер ҳәр түрли қымар ойынларды ойнайтуғынын, өзи жуўапркерге үйинен шығып кетиўди талап еткенин, бирақ ол үйинен шықпай атырғанын, ендиги жағында жуўапкер менен хожалық болыўына имканияты жоқ екенин, сонлықтан жуўапкер менен орталарындағы некеден ажыратыўды сораған. Суд мәжилисинде даўагер Ххх даўа арзасын қуўатлап, ѳзлери 2009 жыл июнь айында турмыс қурғанын, орталарында еки перзенти бар екенин, жуўапкер менен 2023 жыл сентябрь айынан баслап бѳлек жасап атырғанын, себеби өзине жуўапкер қыянет еткенин, жуўапкер тәўекелшиликке тийкарланған ойынларға берилип кеткенин, хожалығына басы айланбайтуғынын, сонлықтан жуўапкер менен нызамлы некеден ажыратыўды, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер хххххх даўа арзаны тән алмасатан, даўагер менен усы күнге шекем бирге жасап атырғанын, даўагердиң айтып атырған ўақыялары еки жыл алдын болғанын, өзи перзентлерин ойлап хожалығын тиклеў ушын ҳәрекет етип атырғанын, некеден ажыратыўға қарсы екенлигин, жарасыўға мүддет бериўди сорайтуғынын билдирип, даўагердиң даўа арзасын қанаатландырмастан қалдырыўды сорады. Суд тареплердиң түсиндирмелерин тыңлап, ис материаллары менен танысып шығып, даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды лазым тапты. Судта анықланған жағдайларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер 2009 жыл июнь айында турмыс қурған. 2009 жыл 16 октябрь күни нызамлы некеден ѳткен. Биргеликтеги турмысынан орталарында 2010 жыл 21 март күни Навруза ҳәм 2012 жыл 18 декабрь күни Султанбек атлы перзентлери туўылған. Тәреплер ҳәзирги күнде бир үйде жасап атырған. Жўўапкер хххххх хожалығын сақлап қалыў ушын ҳәрекет етип атырғанын, перзентлерин тири жетим қылғысы келмейтуғынын, сол себепли некелеринен ажрасыўына қарсы екенин билдирди. Суд тәреплердиң орталарындағы келиспеўшиликлерди шаңарақтағы ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм олардың жарасып кетиўлерине имканият бар деп ҳәм даўагердиң некеден ажыратыўға анық ўәжлер келтирмегенлиги себепли оларды некелеринен ажыратыўға жетерли тийкарлар жоқ деп есаплайды. Ал, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыў ҳаққындағы ислерди көриўде нызамларды қоллаў әмелияты ҳаққында»ғы 2011 жыл 20 июльдеги 06-санлы Қарарының 16-бәнтинде «Турмыста кешетуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм күтилмеген себеплерге көре, ер-қатын ортасында келип шыққан келиспеўшиликлер, сондай-ақ, ерли-зайыплыдан биреўи ямаса екеўиниң тийкарлы ўәжлер келтирмеген жағдайда неке мүнәсибетлерин даўам еттириўди қәлемеслиги некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар бола алмайды» деп көрсетилген. Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды мақул көрди Суд жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы процессуал Кодексиниӊ 249-253 статьяларына тийкарланып, Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы: Даўагер Хххныӊ жуўапкер хххххх қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы қанаатландырылмастан қалдырылсын. Шешиўши қарардан наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляция тәртибинде шағым, прокурор протест келтириўи мүмкин. Басшылық етиўши:Көширме негизинен дурыс: Ххх ___________ суд баслығы Ххх