← Назад
Решение #1278590 Гражданские
Чақирув қоғози (иловаларсиз) ; Почта хабарномаси; Ҳал қилув қарори
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 085 символов
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Өзбекстан Республикасы атынан
2024-жыл май айының 10-сәнеси пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан
Республикасы Нөкис районлараралық судының ашық суд мәжилиси өз имаратында
болып,
Басшылық етиўши ХХХ,
ХХХтың хаткерлигинде, даўагер исенимли ўәкили ХХХның ҳәм жуўапкер
исенимли ўәкили ХХХтың қатнасында, даўагер ХХХтиң жуўапкер ХХХға қарата
некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған 2-2301-2301/13632санлы пуқаралық исин көрип шығып, төмендегилер,
А Н Ы Қ Л А Н Д Ы:
Даўагер ХХХ судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, даўа арзасында ѳзи
жуўапкер ХХХ менен 2008 жыл турмыс қурғанын, 2013 жыл 07 октябрь күни Нөкис
қалалық ПХАЖ бөлиминен нызамлы некеден ѳткенин, биргеликтеги турмысынан
орталарында 2001 жыл 09 феврал күни Бахрам атлы перзенти туўылғанын, жуўапкер
менен өз-ара келипеўшиликлер себепли 2019 жылдан баслап бөлек жасайтуғынын,
себеби ендиги жағында жуўапкер менен хожалық болыўына имканияты жоқ екенин,
орталарында мүлкий даў жоқ екенин, сонлықтан жуўапкер менен орталарындағы
некеден мүддет берместен ажыратыўды сораған.
Суд мәжилисинде даўагер исенимли ўәкили ХХХ даўа арзаны қуўатлап, өзи
дауагердиң ажапасы екенин, дауагер ҳәзирги күнде шет елде жумыс ислеп атырғанын,
тәреплер төрт жылдан бери бирге жасамайтуғынын, сонлықтан тәреплерди нызамлы
некеден ажыратыўды, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер исенимли ўәкили ХХХ жуўапкер ХХХ өзиниң
қарындасы екенин, өзи бул маселеде тәреплер менен сөйлескенин, олар өзине сондай
шешимге келгенин айтқанын билдирди.
Тәреплеп суд мәжлисилерине келмеди.
Суд тәреплер исенимли ўәкилилериниң түсиндирмелерин тыңлап, ис
материаллары менен танысып шығып, даўа арзаны қанаатландырылмастан
қалдырыўды лазым тапты.
Судта анықланған жағдайларға ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер
2008 жыл турмыс қурған. 2013 жыл 07 октябрь күни нызамлы некеден ѳткен.
Биргеликтеги турмысынан орталарында 2001 жыл 09 феврал күни туўылған Бахрам
атлы перзенти бар. Тәреплер 2019 жылдан баслап бѳлек жасап атырған.
Тәреплер суд мәжилислерине толық қатнаспады.
Суд тәреплердиң орталарындағы келиспеўшиликлерди шаңарақтағы
ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм олардың жарасып кетиўлерине имканият бар деп
ҳәм талапкердиң некеден ажыратыўға анық ўәжлер келтирмегенлиги себепли оларды
некелеринен ажыратыўға жетерли тийкарлар жоқ деп есаплайды.
Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен
некеден ажыратыўға тийисли ислери бойынша нызамшылықты қолланыў тәжрийбеси
ҳаққында»ғы қарарының 14-бәндине көре, некеден ажыратыў менен байланыслы ислер
бойынша нызамлы ҳәм тийкарлы бийлик қабыл етилиўи ушын суд истиң ҳақыйқый
ҳалаттларын ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс тексерип шығыўы, ерли-зайып
ортасындағы өз-ара қатнасықлар қәсийетин, некеден ажыратыў мәселеси қойылыўына
тийкар болған себеплер, ерли-зайып ортасындағы келиспеўшиликтиң тийкарғы
себеплерин анықлаўы шәрт. Сол мақсетлерде, суд исти еки тәреп қатнасыўында көриўи
лазым, 16-бәндине көре, турмыста болатуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм
тасодифий себеплерге көре, ерли-зайып ортасында келип шыққан келиспеўшиликлер,
сондай-ақ, ерли-зайыптан бири яки ҳәр екеўиниң жиддий ўәжлер келтирмеген халда
неке қатнасықларын даўам еттириўин қалемеўи некеден ажыратыў ушын жетерли
тийкар болалмайды. Некеден ажралыўға тийкарлар болмағанда, суд даўаны
қанаатландырмастан қалдырады.
Суд жоқарыдағыларды итибарға алып, тәреплер толық қатнаспағнлығын,
некеден ажыратыў ушын жетерли тийкарлар жоқ деп есаплап, тәреплерди некелеринен
ажыратпаўды, даўа арзаны қанаатландырылмастан қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы ППКниң 249-253
статьяларын қолланып, суд
Қ А Р А Р Қ Ы Л Д Ы:
Даўагер ХХХтиң жуўапкер ХХХға қарата некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа
арзасы қанаатландырылмастан қалдырылсын.
Шешиўши қарардан наразы тәреп шешиўши қарар қабыл қылынған күннен
баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судының
пуқаралық ислери бойынша апелляциялық судлаў коллегиясына апелляция тәртибинде
шағым бериўи мүмкин.
Басшылық етиўши:
Көширме негизинен дурыс:
ХХХ
___________
ХХХ