← Назад
Решение #2808432 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2603/561-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
УЙҒАРЫЎ
Нөкис қаласы
(даӯа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
2026 жыл 23 февраль
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованыӊ
басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың хаткерлигинде, Кеңес
ўәкили ХХХХХ (2026 жыл 12 февраль күнги 13-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 28 март күнги 34-санлы
исеним хат тийкарында) лардың қатнасыўында, ХХХХХ даўагер ХХХХХ
фермер хожалығы мәпин қорғап, жуўапкер ХХХХХ жуўапкершилиги
шекленген жәмийетинен 440 141 918 сом тийкарғы қарыз, 110 035 479,50 сом
жәрийма, жәми 550 177 397,50 сом қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд
мәжлисинде
видеоконфренцбайланыс
режиминде
көрип
шығып,
төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
ХХХХХ (буннан кейин текстте – фермерлер кеңеси деп жүритиледи)
даўагер ХХХХХ фермер хожалығы (буннан кейин текстте – даўагер деп
жүритиледи) мәпин қорғап, жуўапкер ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген
жәмийети (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нен
440 141 918 сом тийкарғы қарыз, 110 035 479,50 сом жәрийма, жәми
550 177 397,50 сом қарыздарлықты өндириўди сорап экономикалық судқа даўа
арза менен мүрәжат еткен.
Фермерлер кеңеси ӯәкили суд мәжлисинде жуўапкер даўагер фермер
хожалығы менен өз-ара есап-китап кылынғанлығы себепли, фермер хожалығы
даўа арза талабынан ўәз кешкенлигин билдирип, арзасын судқа усынып, даўа
арзаны көрместен қалдырыўды сорады.
Тийкарғы даўагер фермер хожалығы баслығы суд мәжилисине келмеди.
Жуўапкер ўәкили суд мәжлисинде даўагер менен толық есап-китап
кылынғанлығын билдирип, даўа арзаны көрместен қалдырыўды сорады.
Суд тәреплердиң түсиниклерин тыңлап, истеги топланған
ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны
көрместен қалдырыӯды мақул тапты.
Ис ҳүжжетлерден анықланыӯынша, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2025 жыл 25 февраль күни 52897- санлы ҳәм 2025 жыл 07 март күни 69131санлы пахта шийки өнимин жетистириӯ ҳәм сатып алыӯ бойынша фьючерс
шәртнамасы дүзилген болып, усы шәртнамалардың 2.1-бәндине муўапық
атып алыўшы пахта шийки заты ушын ҳақ төлеўи ҳәм қабыл қылып алыўы,
сатыўшы болса пахта шийки өнимин сатып алыўшыға жеткерип бериў
миннетлемесин алған.
Шәртнамалардың 3.2-бәндинде сатып алыўшы тәрепинен Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023 жыл 25 декабрдеги
1
680-санлы қарары менен тастыйықланған “Пахта шийки затын жетистириў
ҳәм пахта жыйым-терим қәрежетлерин кредитлеў ҳәмде оларды реализация
қылыўдың қосымша ис-иләжлары ҳақкында”ғы Нызамы (буннан кейин
текстте – Нызам деп жүритиледи)на тийкар, шәртнама төлеў қәрежетлериниң
80 пайызы өнимди қабыл қылынған күннен баслап 3 (үш) жумыс күнинен
кешиктирместен, қалған бөлеги болса финанс жылының 31-декабрине шекем
сатыўшының 23210 есап-бетине өткерип бериледи деп белгиленген.
ХХХХХ даўагер мәпинде судка даўа арза менен мүрәжат етип, даўа
арзасында жуўапкерден 440 141 918 сом тийкарғы қарыз, 110 035 479,50 сом
жәрийма, жәми 550 177 397,50 сом қарыздарлықты өндириўди сораған.
Фермерлер кеңеси суд мәжлисинде жуўапкер даўагер фермер хожалығы
менен есап-китап кылынғанлығы себепли, фермер хожалығы даўа арза
талабынан ўәз кешкенлигин билдирип, бул ҳақкында судқа арзасын усынды.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейин
текстте ЭПК-деп жүритиледи)157-статьясының екинши ҳәм үшинши
бөлимлеринде даӯагер исти ҳәр қандай инстанция судында көриӯде тийисли
суд инстанциясында исти көриӯ жуӯмағы бойынша шығарылатуғын суд
ҳүжжети қабыл етилгенге шекем даӯадан толық яки қысман ӯәз кешиӯге
ҳақылы.
Суд даӯаның тийкары ҳәм предмети бир ӯақытта өзгертирилиӯин қабыл
етпейди. Суд даӯадан ӯаз кешиӯди, даӯа талаплары муғдарын кемейтириӯди
да, егер бул нызамшылыққа қайшы болса яки басқа шахслардың ҳуқықлары
ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузса, қабыл етпейди. Бундай
жағдайларда суд исти мазмунан көреди.
Бул жағдайда, даўагердиӊ қарыздарлықты өндириӯ арзадан ўәз кешиўи
нызам ҳүжжетлерине қайшы келмейди яки басқа шахслардыӊ ҳуқықлары ҳәм
нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбайды.
ЭПКның 107-статьясы биринши бөлими 8-бәндине көре, даӯагердиң
мәпин қорғап прокурор, мәмлекетлик орган ҳәм басқа шахс тәрепинен
усынылған даӯадан даӯагер ӯәз кешкен болса суд даӯа арзаны көрместен
қалдырады.
Бул жағдайда даўа арза көрместен қалдырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикаси Жоқарғы суды Пленумының “Экономикалық
ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияти ҳаққында”ғы қарарының
17-бәнтиниң бесинши хат басында мәмлекетлик бажыны төлеўден азат
етилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шахслар тәрепинен юридикалық
шахслар ҳәм пуқаралардың мәплерин гөзлеп киргизилген даўа арзаларын
(арзаларды)
қанаатландырыўдан
бас
тартылған
ямаса
қысман
қанаатландырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы мәплерин гөзлеп даўа
киргизилген шахслардан даўа талапларының қанаатландырыўдан бас
тартылған бөлегине пропорционал түрде, сондай-ақ даўа көрместен
қалдырылғанда ямаса ис жүргизиў қыскартылғанда мәмлекетлик бажы
мәплерин гөзлеп даўа киргизилген даўагерлерден өндириледи, "Мәмлекетлик
бажы ҳаққында"ғы Нызамның 18-статьясында нәзерде тутылған даўаны
2
көрместен қалдырылған ямаса ис жүргизиў қыскартылған жағдайлар буған
кирмейтуғынлығы көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа арзаны көрместен
қалдырыӯды, Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы
2020 жыл 6-январь күнги ЎРҚ-600-санлы Нызамының 9-статьясы биринши
бөлими 18-бәндине ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл 10
октябрьдеги «Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкалары
искерлигин жәнеде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары
ҳаққында»ғы ПҚ-3318-санлы қарарының 3-бәнди төртинши хатбасына
муўапық фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәмлекетлик
бажы төлеӯден азат етилгенлиги себепли суд 11 003 547,95 сом мәмлекетлик
бажыны өндирмеӯди, төленген 41 200 сом почта қәрежетин даӯагердиң
мойнында қалдырыӯды лазым тапты.
Суд, ис видеоконференцбайланыс режиминде көрилиўи менен
байланыслы болған 103 000 сом суд қәрежетлери даўагерден Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына өндириўди лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
107,108-статьяларын басшылыққа алып, суд
Уйғарды:
Даўа арза көрместен қалдырылсын.
ХХХХХ фермер хожалығы есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы
Суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери өндирилсин.
Уйғарыўға наразы тәреп уйғарыӯ үстинен шағым етиўге (протест
келтириўге) ҳақылы.
Судья
З.Хасанова
3