Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2602/306 Дата решения 23.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BALTABAEVA NAGIMA DJOLDASOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 7d5c6eda-68f2-4dd4-9f7f-b364ad415c55 Claim ID PDF Hash a04f4ad39b8a1065... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2602/306-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР судья Н.Балтабаева 2026 жыл 23 февраль Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Н.Балтабаеваның басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2026 жыл 5 январь күнги 1-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2026-жыл 23-февраль күнги исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер “Q***” мәмлекетлик мәкемесиниң, жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 58 800 000 сом тийкарғы қарыз, 7 056 000 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер “Q***” мәмлекетлик мәкемеси (буннан кейин текстте - даўагер деп жүритиледи)ниң экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 58 800 000 сом тийкарғы қарыз, 7 056 000 сом пеня өндириўди сораған. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа арзаны қоллап-қуўатлап, тәреплер орталарында дүзилген шәртнамаға тийкар хызметлер көрсетилгенлигин, лекин жуўапкер ҳақысын төлемей киятырғанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисинде даўа талапларын тән алып, қарыздарлықты төлеў ушын мүддет бериўди сорады. Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмесин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны төмендегилерге тийкар қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиў шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 703-статьясының биринши бөлимине муўапық, ҳақы есесине хызмет көрсетиў шәртнамасы бойынша орынлаўшы буйыртпашының тапсырмасы менен затлық формада болмаған хызметти орынлаў (мәлим бир ҳәрекетлерди ислеў яки мәлим искерликти әмелге асырыў), буйыртпашы болса ҳақы төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер орталарында 2025 жыл 19 март күни 01-364-2025-санлы Еллиқала районы Наўаий МПЖда 5 қабатлы 40 кварти 2-3 ханалы турар-жай имаратын қурыў жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў 2 ҳәм авторлық бақлаўды алып барыў ҳаққында шәртнама (буннан кейин текстте – Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген, усы шәртнамаға тийкар даўагер жуўапкерге имаратты қурыў жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў хызметлерин көрсетиў, ал жуўапкер болса ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Даўагер тәрепинен жуўапкерге имаратты қурыў жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў хызметлери көрсетилген, лекин жуўапкер тәрепинен төлемлер әмелге асырылмаған. Буннан тысқары жуўапкер тәрепинен исленген хызметлер бойынша акт қабылланған. Сондай-ақ, даўагер тәрепинен жуўапкерге 2025 жыл 25 ноябрь күни хызмет ҳақысын төлеў ҳаққында талапнама жиберилген, лекин талапнама жуўапкер тәрепинен ақыбетсиз қалдырылған. Бул жағдайлар ис ҳүжжетлери менен тастыйықланады. Сонлықтан, даўагердиң жуўапкерден 58 800 000 сом тийкарғы қарызын өндириў талабы тийкарлы есапланады. Даўагер шәртнаманың 5.2-бәнтине тийкар миннетлемелер орынланбаған бөлиминиң 0,4% муғдарында 7 056 000 сом пеня өндириўди сораған. ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Суд, жуўапкерден даўагер пайдасына 7 056 000 сом пеня өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин ҳәм кредитор мәплерин итибарға алып, жәрийма муғдарын 3 528 000 сомға кемейтириўди мақул табады. 3 ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 58 800 000 сом тийкарғы қарыз, 3 528 000 сом пеня, төленген 1 317 120 сом мәмлекетлик бажы, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер “Q***” мәмлекетлик мәкемеси пайдасына 58 800 000 сом тийкарғы қарыз, 3 528 000 сом пеня, төленген 1 317 120 сом мәмлекетлик бажы, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья Н.Балтабаева