Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2603/707 Дата решения 23.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID aa1d9857-33ed-4660-bccc-0c4f0a19dc41 Claim ID PDF Hash dcd47375b69f1832... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2603/707-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2026 жыл 23 февраль Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили ХХХХХ (2026 жыл 17 январь күнги Р-00390-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, арза бериўши ХХХХХның қарыздар ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған тәртипте төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди НЫҚЛАДЫ: Арза бериўши ХХХХХ (буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи) судқа арза менен мүрәжат етип, қарыздар ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетин (буннан кейин текстте қарыздар деп жүритиледи) әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыўды сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын қоллапқуўатлап, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилетсиз – банкрот деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды сорады. Қарыздарға жиберилген суд ҳүжжети мәнзилде жоқлығы ҳаққында байланыс бөлими тәрепинен судқа хабарландырылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (буннан кейин текстте ЭПК-деп жүритиледи) 128-статьясы екинши бөлимине муўапық, суд тәрепинен юридик шахстыӊ судка мәлим болған ақырғы жайласкан жери (почта мәнзили), пухараныӊ жасаў жайы бойынша жиберилген уйғарыў көширме нускасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себебли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мекемеси тәрепинен судты хабардар қылған болса ол тийисли тәртипте хабарландырылған деп есапланады. Сонлықтан, суд, ЭПКның 128, 170-статьяларына муӯапық исти қарыздар диң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд исте қатнасқан шахстың түсиндирмесин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып арзаны қанаатландырыўды, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, қарыздар ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети (СТИР ХХХХХ) 2024 жыл 25 март күни шѳлкемлестирилген болып, оның баслығы ХХХХХ. Қарыздардың 2025 жыл 11 ноябрь жағдайына салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий тѳлемлерден жәми қарызы 1 259 976 765,44 сомды қурайды. Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы (буннан кейин текстте Нызам деп жүритиледи) 45-статьясының екинши бѳлимине тийкар мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа ўәкилликли 1 органның қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде жыйымлар бойынша қарызды қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар кѳрилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек. Қарыздардың қарызын мал-мүлкинен ѳндириў ҳаққында арза бериўши тәрепинен қарар(лар) шығарылып, мәжбүрий орынлаў бюросына орынлаў ушын жиберилген. Бирақ, мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен арза бериўшиниң қарар(лар)ы Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамы 40-статьясының 3-бәнтине тийкар қарыздардың мал-мүлки болмағанлығы себепли орынлаўсыз қайтарылған. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-февральдағы «Банкротлық процедураларын еледе әпиўайыластырыў ҳәм суд басқарыўшылары жумысларын түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-4146-санлы қарарының 1-бәнтине тийкар, салық хызмети органлары салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қарыздарлықты өндириў мүмкиншилиги болмағанлығы себепли орынлаў ҳүжжетлери қайтарылған күннен баслап 30 күннен кешиктирместен қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиўи лазым. Нызамның 241-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған юридикалық шахстың баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў орнын) анықлаўдың имканияты болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы муғдарына қарамастан, кредитор, ўәкилликли мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық хызмети органы яки басқа ўәкилликли орган тәрепинен берилиўи мүмкин. Бул жағдайда қарыздардың мал-мүлкиниң жоқ екенлиги, қарызын төлеў мүддети өткенлиги онда төлеўге қәбилетсизлик белгилери бар деп есаплаўға, қарыздарды Нызамның 241-статьясына тийкар төлеўге қәбилетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша банкрот деп табыўға тийкар болады. Сол себепли, суд арза бериўшиниң талабын қанаатландырыўды, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаўды лазым тапты. ЭПКниң 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнти «в» киши бәнтинде шѳлкемлер ҳәм пуқараларды банкрот деп табыў ҳаққындағы арзалардан базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы ѳндирилетуғынлығы белгиленген. Суд қарыздардан Республика бюджетине базалық есаплаў муғдарының 3 есеси (412 000 сом * 3 есеси) муғдарында, яғный 1 236 000 сом мәмлекетлик 2 бажы ҳәм арза бериўши пайдасына ис бойынша төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамының 241-статьясын ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179, 210-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР И: Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын. Қарыздар ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилетсиз – банкрот деп табылсын ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў баслансын. Қарыздар ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетиғы есабынан ХХХХХ пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Қарыздар ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджетине 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья З.Хасанова 3