Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2606/212 Дата решения 23.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID aa87bcf9-7f9e-4a46-8ebb-8a21744b8bec Claim ID PDF Hash d3e82d2dd8f186aa... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2606/***-санлы экономикалық ис *** қаласы судья *** Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР ***-жыл 23-февраль *** районлар аралық экономикалық судының судьясы *** басшылығында, судья жәрдемшиси Р.Юсупованың хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (***-жыл 30-январь күнги 11/33-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, ***ныӊ «***» АКБниң мәпин қорғап, жуўапкер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен кредит шәртнамасы бойынша 64 165 867,32 сўм пайыз қарызы, 32 082,94 сўм пеняны банк пайдасына өндириўди сораған даўа арзасын судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: *** (кейинги орынларда текстте – ССП) «***» АКБ (кейинги орынларда текстте – даўагер) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги орынларда текстте – жуўапкер)нен кредит шәртнамасы бойынша 64 165 867,32 сўм пайыз қарызы, 32 082,94 сўм пеняны банк пайдасына өндириўди сораған. Суд мәжилисине ССП ҳәм жуўапкер ўәкиллери келмеди ҳәм ѳзлериниң жазба пикирлерин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде ССП ҳәм жуўапкер суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық олардың ўәкиллери қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкер тәрепинен қарызы улыўма төлемегенлигин бүгинги күн жағдайына қарыздарлығы өскенлигин билдирип, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады. Суд даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2023-жыл 29-декабрь күни дүзилген №98-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 14 % бенен 84 ай мүддетке 3 500 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда текстте- ПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Кредит шәртнамаларына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды жуўапкер аймаай төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли 2025-жыл 13-ноябрь жағдайына кредит шәртнамасы бойынша пайыздан 64 165 867,32 сўм, пенядан 32 082,94 сўм қарыздарлығы пайда болған. Даўагер тәрепинен судқа ***-жыл 23-февраль жағдайына усынылған 08-293-санлы мағлыўматнамаға тийкар жуўапкер тәрепинен кредит бойынша пайыздан 77 308 551 сўм, пенядан 425 197 сўм қарызы көрсетилген. Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўаның кредит шәртнамасы бойынша пайыз қарызы 64 165 867,32 сўм ҳәм пеня қарызы 32 082,94 сўмды жуўапкерден өндириўди сораған талабын тийкарлы деп есаплап оны толық қанаатландырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан төлем тапсырықнамасы менен 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден Республика бюджетине 1 283 959 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 169,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер «***» АКБ пайдасына кредит шәртнамасы бойынша пайыз қарызы 64 165 867,32 сўм, пеня 32 082,94 сўм ҳәм 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Республика бюджетине 1 283 959 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья ***