Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2603/545 Дата решения 23.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 37e40178-5ec8-4351-af2b-0f60f4f3f6d7 Claim ID PDF Hash d3cec7e03e921d69... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
судья З.Хасанова 4-2301-2603/545-санлы экономикалық ис ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН Нөкис қаласы ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2026 жыл 23 февраль Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованыӊ басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың хаткерлигинде, Кеңес ўәкили ХХХХХ (2026 жыл 12 февраль күнги 13-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 28 март күнги 34-санлы исеним хат тийкарында) лардың қатнасыўында, ХХХХХ даўагер ХХХХХ фермер хожалығы мәпин қорғап, жуўапкер ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 234 112 138,10 сом тийкарғы қарыз, 58 528 034,50 сом жәрийма, жәми 292 640 172,60 сом қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде видеоконфренцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: ХХХХХ даўагер ХХХХХ фермер хожалығы (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, жуўапкер ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нен 234 112 138,10 сом тийкарғы қарыз, 58 528 034,50 сом жәрийма, жәми 292 640 172,60 сом қарыздарлықты өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Фермерлер Кеңеси ўәкили суд мәжилисинде даўа арза талабын қысман қоллап-қуўатлап, себеби жуўапкер тәрепинен өткен жылдың декабрь айында өткерилген суммалар салық қарыздарлығын қаплаў ушын тийисли есапбетине өткерилгенин, жуўапкер ҳәм фермер хожалығы орталарында дүзилген салыстырыў актине муўапық тийкарғы қарыздарлық 220 011 500 сом қурайтуғынлығын билдирип, даўа талабының тийкарғы қарызды өндириў тәрепин қысман, даўаның жәрийманы өндириў талабын толық қанаатландырыўды сорады. Даўагер фермер хожалығы баслығы суд мәжилисине келмеди. Жуўапкер ўәкили суд мәжлисинде даўа талабын қысман тән алатуғынлығын билдирип, жәмийеттиң финанслық жағдайына байланыслы фермер хожалығына 220 011 500 сом тийкарғы қарыздарлық усы күнге шекем төлеў имканияты болмағанлығын билдирип, жәрийма муғдарын кемейтиўди сорады. Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме 1 шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Ис ҳүжжетлерине анықланыўынша даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025 жыл 24 февраль күни 52237-санлы ҳәм 2025 жыл 07 март күни 70737санлы пахта шийки өнимин жетистириӯ ҳәм сатып алыӯ бойынша фьючерс шәртнамалары дүзилген болып, усы шәртнамалардың 2.1-бәндине муўапық атып алыўшы пахта шийки заты ушын ҳақ төлеўи ҳәм қабыл қылып алыўы, сатыўшы болса пахта шийки өнимин сатып алыўшыға жеткерип бериў миннетлемесин алған. Шәртнамалардың 3.2-бәндинде сатып алыўшы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023 жыл 25 декабрдеги 680-санлы қарары менен тастыйықланған “Пахта шийки затын жетистириў ҳәм пахта жыйым-терим қәрежетлерин кредитлеў ҳәмде оларды реализация қылыўдың қосымша ис-иләжлары ҳақкында”ғы Нызамы (буннан кейин текстте – Нызам деп жүритиледи)на тийкар, шәртнама төлеў қәрежетлериниң 80 пайызы өнимди қабыл қылынған күннен баслап 3 (үш) жумыс күнинен кешиктирместен, қалған бөлеги болса финанс жылының 31-декабрине шекем сатыўшының 23210 есап-бетине өткерип бериледи деп белгиленген. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда тәреплердиң ортасында 2025 жыл 24 февраль күни 52237-санлы шәртнама бойынша 2025 жыл 30 сентябрь күнги 1санлы 266 643 118,08 сомлық есапбети фактура, 2025 жыл 07 март күни 70737санлы шәртнама бойынша 2025 жыл 30 сентябрь күнги 2-санлы 61 868 744 сомлық есапбети фактура тастыйықланған болып, жәми 326 944 038 сомлық пахта шийки зат өними даўагер тәрепинен жуўапкерге тапсырған. Даўа арзада фермер хожалығына пахта терими ҳәм жеткизип берилген пахта шийки зат ҳәм теримшилер ушын төленген суммаларды шегирген ҳалда жуўапкерден 234 112 138,10 сом өндирилиўи соралған. Бирақ, тәреплер ортасында 2026 жыл 1 январь халатына дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң даўагер алдында тийкарғы қарызы 220 011 500 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Бул жағдайда даўаның тийкарғы қарыздарлықты өндириў тәрепи 220 011 500 сомға қанаатландырылыўы лазым. ПКның 465-статьясының биринши бөлимине тийкар контрактация шәртнамасына муўапық аўыл хожалығы өнимин жетистириўши аўыл хожалығы өнимин қайта ислеў яки сатыў ушын бундай өнимди сатып алатуғын шахсқа - таярлаўшыға шәртлесилген мүддетте тапсырыў (тапсырып турыў) мәжбүриятын алады, таярлаўшы болсы усы өнимди қабыл етиў (қабыл етип турыў), оның ҳақысын шәртлесилген мүддетте белгиленген баҳада төлеў (төлеп турыў) мәжбүриятын алады. ПКның 418-статьясының биринши бөлимине тийкар сатып алыўшы товар ҳақысын усы Кодекстиң 356-статьясына тийкар белгиленген баҳада төлеўи, сондай-ақ нызамшылық, алды-сатты шәртамасы яки әдетте қойылатуғын талапларға муўапық төлемди әмелге асырыў ушын зәрүр болған ҳәрекетлерди өз есабынан орынлаўы лазым. 2 Фермерлер Кеңеси даўа арзасында шәртнамалардың 5.5-бәнтине муўапық, 58 528 034,50 сом жәрийма өндириўди сораған. Шәртнамалардың 5.5-бәнти мазмунына көре, сатып алыўшы дүзилген фьючерс шәртнамасы шәртлери тийкарсыз орынланбағанда, суд қарарына муўапық биржа питими бойынша шәртнама қунының орынланбаған бөлегиниң 25% муғдарында жәрийма қолланылыўы белгиленген. Ис ҳүжжетлери менен жуўапкер тәрепинен 2025 жыл 31 декабрь күнине шекем даўагер менен есап-китап жумыслары әмелге асырылмаған. Бирақ, даўаның усы талабы қысман тийкарлы. Себеби, еки шәртнама бойынша миннетлемелериниң орынланбаған бөлеги 220 011 500 сом екенлиги анықланды. Бул жағдайда жәрийма муғдары 220 011 500 сом * 25%= 55 002 875 сомды қурайды. Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп береди деп түсиник берилген. ПКниң 333-статьясына тийкар, қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған ушын егер Нызам хүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007 жыл 15 июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, Пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Бирақ, суд жуўапкердиң мүлкий жағдайын итибарға алып, жәрийма өндириў талабын 8 500 000 сомға қанаатландырыўды мақул табады. ЭПКның 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа 3 талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы 2020 жыл 6 январь күнги ЎРҚ-600-санлы Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 18бәндине ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10октябрьдеги «Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкалары искерлигин жәнеде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-3318-санлы қарарының 3-бәнди төртинши хатбасына муўапық фермер кенеси тәрепинен фермер хожалықларының мәплерин гөзлеп судқа мәмлекетлик бажы төлеместен даўа арзалары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекецизлиги) үстинен шағымлар берилиқи мүмкинлиги, бунда даўа арзасы қанаатлантырыўсыз қалдырылғанда мәпи гөзлеп даўа арзасы киритилген фермер хожалықларынан мәмлекетлик бажы өндирилмейтуғынлығы белгиленген. Суд исти көриў нәтийжеси менен даўа арза талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 220 011 500 сом тийкарғы қарызы, 8 500 000 сом жәрийма, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджет пайдасына 5 500 287,50 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўагерден даўаның тийкарсыз бөлеги бойынша мәмлекетлик бажы өндирмеўди, ис видеоконференцбайланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы болған 103 000 сом суд қәрежетлери жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Усы жоқарыдағыларға ҳәм ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти: Даўа талабы қысман қанаатландырылсын. ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан ХХХХХ фермер хожалығы пайдасына 220 011 500 сом тийкарғы қарызы, 8 500 000 сом жәрийма, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даӯаның қалған бөлеги қанаатландырыӯсыз қалдырылсын. ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджетине 5 500 287,50 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. ХХХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери өндирилсин. 4 Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 5