Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2605/463 Дата решения 23.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья AMANIYAZOV JALG‘AS JOLDASBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 570f7d57-64f5-4471-977d-bf09ee5c7dcc Claim ID PDF Hash 0fc113f8b15f8e8e... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2605/463-санлы экономикалық ис судья Ж.Ж.Аманиязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2026-жыл 23-февраль Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Ж.Аманиязовтыӊ басшылығында, судья жәрдемшиси А.Утамисовтың хаткерлигинде, ХХХ тың қатнасыўында, даўагер ХХХның жуўапкер ХХХнен регресс тәртипте 36 800 824,10 сўм өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер ХХХ (кейинги орынларда – даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер ХХХ (кейинги орынларда – жуўапкер деп жүритиледи) нен регресс тәртипте 36 800 824,10 сўм өндириўди сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллапқуўатлап, оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкер суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК)ниң 128, 129 ҳәм 170-статьяларына муўапық исти онқң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа талабын толық қанаатландырыўды мақул тапты. Анықланыўынша, жуўапкер жәмийетте ислеўши пуқаралар жумыс ўақтында мийнеттен майыпланыўы оларға майыплық пенсиясы тайынланған. Бул пуқараларға пенсия тайынланып, даўагер тәрепинен 2025-жыл апрель-декабрь айларында пенсия төленип келинген. Төленген пенсия пулларынан 36 800 824,10 сўм жуўапкер тәрепинен Пенсия қорына қайтарылмаған. Даўагер тәрепинен жуўапкерге талапнама жиберилген, бирақ жуўапкер тәрепинен талапнама жуўапсыз қалдырылған. Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамы (кейинги орынларда – Нызам деп жүритиледи) 15-статьясына муўапық, майыплық пенсиялары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте I ҳәм II топар майыплары деп табылған шахсларға, сондай-ақ, Чернобиль АЭСдағы авария себепли майып болыўы яки 2 кеселлиги ақыбетинде III топар майыплығы болған шахслар деп табылған шахсларға тайынланады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 14-декабрьдеги 661-санлы қарары менен тастыйықланған «Социаллық салықты бөлистириў, пенсия ҳәм басқа төлемлерди төлеў ушын ажратылған қәрежетлерди қаплаў тәртиби ҳаққында»ғы Реже (кейинги орынларда – Реже)ниң 32-бәнтине көре, хызметкерлердиң мийнет ўазыйпаларын атқарыў менен байланыслы ҳалда мийнетте майып болыўы ҳә кәсип кеселлиги ақыбетинде тайынланған бағыўшысын жоғалтқанлық ҳәм нәгранлық пенсиялары суммалары юридик шахслар тәрепинен усы пенсиялар төленген пүтип дәўир ушын қапланады. Бунда қарежетлер төлеўи ҳәр айда пенсия төленген айдан кейинги айдың 25-сәнесинен кешиктирместен әмелге асырылады. Пенсионердиң есапта турған орны бойынша Пенсия қорының аймақлық басқармалары усы Нызамда көрсетилген пенсияларды төлеўге сарпланған қәрежетлер юридик шахслар тәрепинен өз ўақтында төленбеген жағдайды, нызамшылыққы муўапық регресс даўа арзалары бойынша юридик шахслардан өндирилиўин (қапланыўын) тәмийинлейди. Даўа талапларына тийкар етип даўагер тәрепинен бахытсыз ҳәдийсе ҳаққындағы актлер, пенсия пуллары төленгенлиги ҳаққындағы мағлыўматнама ҳәм талапнамалар келтирилген. Суд жоқарыдағыларға тийкар даўа арзаны толық қанаатландырыўды ҳәм жуўапкерден даўагер пайдасына регресс тәртипте 36 800 824,10 сўмды ѳндириўди лазым тапты. ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм үшинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагер тѳлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажы тѳлеўден азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сай рәўиште жуўапкерден республика бюджети пайдасына ѳндириледи. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрьдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июнь күнги «Ис ҳақи, пенсиялар, степендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы 3 ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сўм етип белгиленген. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамы 9статьясы биринши бѳлиминиң 5-бәндине тийкар Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының аймақлық бѳлимлери – «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық пенсияларды тѳлеўге кеткен қәрежетлерди шѳлкемлерден ѳндирип алыў бойынша даўалар, соннан регресс даўалар бойынша мәмлекетлик бажы тѳлеминен азат етилген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 736 016,48 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа талабы толық қанаатландырылсын. Жуўапкер ХХХнен даўагер ХХХның пайдасына регресс тәртипте 36 800 824,10 сўм ҳәм 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер ХХХнен республика бюджетине 736 016,48 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Ж.Ж.Аманиязов