Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2608/252 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 24e55e01-eb11-41a8-ae51-093793bb46f8 Claim ID PDF Hash 791fb21bd10d51c5... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2608/252-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев УЙҒАРЫЎ (даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында) Нөкис қаласы февраль 2026-жыл 20- Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси М.Хошмуратова хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХ (2025-жыл 18-декабрь күнги 09-07/4306санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, ХХның даўагер ХХ мәпин қорғап, жуўапкерлер ХХтен ҳәм ХХнен солидар тәртипте 57 600 001 сўм кредит қарыз, мүддети өткен 6 399 999 сўм қарыз, 4 910 932 сўм пайызын өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти Нөкис районлар аралық экономикалық суды имаратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: ХХ (буннан кейин текстте ХХ деп жүритиледи) ХХ (буннан кейин текстте банк яки даўагер деп жүритиледи) судқа даўа арза менен мүрәжәәт етип, ХХтен (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм ХХнен 57 600 001 сўм кредит қарыз, мүддети өткен 6 399 999 сўм қарыз, 4 910 932 сўм пайызын өндириўди сораған. Анықланыўынша, банк менен жуўапкер ортасында 2025-жыл 21-апрель күни 3642-санлы микрокредит шәртнамасы дүзилген. Суд мәжлисинде қатнасқан даўагер ўәкили жуўапкер ҳәм ХХ менен медиатив келисимге келгенлигин билдирип, даўа арзаны көрместен қалдырыўды сорады. ХХ даўа арзасында исти өзиниң ўәкилисиз көрип шығыўды сораған. Суд мәжлисинде ХХ, жуўапкер ҳәм ХХ ўәкиллери қатнаспады. Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкер ҳәм ХХ суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық ХХ, жуўапкер ҳәм ХХ ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ўәкилиниң көрсетпелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Тәреплер ортасында даў жүзесинен 2026-жыл 16-феврал күни 7-санлы медиатив келисим питим дүзилген. ЭПК 107-статьясының 53-бантине тийкар тәреплер ортасында медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен қалдырылады. 1 Сонлықтан суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 18-статьясы, биринши бөлими, 9-бәндинде егер тәреплер ортасында медиатив келисим дүзилген болса ҳәм арза көрместен қалдырылғанда, мәмлекетлик бажы толық яки бир бөлими қайтарылыўы кереклиги көрсетилген. Бирақ, Усы Нызамның ХХ Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамы 9-статьясы биринши бѳлиминиң 2-бәндине тийкар мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенликтен даўа арза бойынша мәмлекетлик бажы төленбеген. Суд жоқарыдағыларға тийкар даўа арзасын көрместен қалдырыўды, ис бойынша алдыннан төленген 41 200 сўм почта қәрежетин даўагер мойнында қалдырыўды, даўагерден мәмлекетлик бажы өндирмесликти лазым тапты. Жоқарыдалардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107, 195, 196-статьяларын қоллап, суд УЙҒАРДЫ: ХХның даўагер ХХ мәпин қорғап берген даўа арзасы көрместен қалдырылсын. Усы уйғарыў үстинен бир айлық мүддетте апелляция тәртибинде шағым бериў (протест келтириў) мүмкин. Судья Б.С.Убайдуллаев 2