← Назад
Решение #2809045 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2607/271-санлы экономикалық ис
судья Г.А.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2026-жыл 20-февраль
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.А.Арзиева
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкиллери *****, жуўапкер ўәкиллери *****лардың қатнасыўында, Өзбекстан
Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, тийкарғы
даўагер “*****” акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер *****нан
500 000 000 сомды қайтарып өндириў ҳаққындағы даўа арзасына тийкар
қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте – Палата деп жүритиледи) тийкарғы даўагер
“*****” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи)ниң мәпин қорғап, экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат
етип, жуўапкер ***** (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нан
500 000 000 сом пул қаржыларын қайтарып өндириўди сораған.
Судтың 2026-жыл 23-январь күнги уйғарыўына тийкар иске
Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәм
Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы даўаның
предметине ғәрезсиз талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши шахслар
сыпатында тартылған. Уйғарыў нусқасы Нөкис қаласы прокуратурасына
жиберилген.
Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында үшинши шахслар
Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде
Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы тийисли
тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкиллериниң суд мәжилисинде
қатнасыўын тәмийинлемеди.
Сол себепли, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170статьяларына муўапық исти олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды
лазым тапты.
Даўагер ўәкиллери суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап,
жәмийетке қосылған қүн салығынан жыйылған артықшы пул қәрежетин
қайтарып өндириўди сорап, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисинде даўаның талабын тийкарсыз деп
есаплап, салық кодекси бойынша артықша төленген пул қәрежетлери
қайтарылып берилетуғынлығын, ал қосылған қүн салығынан жыйылған
қәрежетлери
салықтан
қайтарылмайтуғынлығын
билдирип,
даўаны
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Прокурор суд мәжилисинде өзлериниң қатнасыўын тәмийнлемеди.
Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин ҳәм
ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги
жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи) 8-статьясы екинши бөлими 1-бәнтине муўапық, нызамда
нәзерде тутылған шәртнамалар ҳәм басқа питимлерден, сондай-ақ, нызамда
нәзерде тутылмаған болмаса-да, бирақ оған қайшы болмаған шәртнамалар ҳәм
басқа питимлерден пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелер жүзеге келеди.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда "*****" акционерлик жәмиети Кегейли
районы салық төлеўшиси болып, 2026-жыл 10-январь жағдайына салық
төлемлеринен қосылған қүн салығы бойынша 673 643 556,78 сом муғдарында
артықша жыйылған қәрежет жүзеге келген.
Сондай-ақ даўагер салық басқармасына 2024 жыл 3 мәрте, 225 жыл жәми
8 мәрте усы қүн салығы бойынша артықша жыйылған 673 643 556,78 сомды
қайтарып бериўди сорап, жазба түрде мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Салық кодекси (буннан кейин текстте - СК деп
жүритиледи)ниң 103-статьясы биринши бөлимине көре, салық төлеўши
тәрепинен артықша төленген яки оннан артықша өндирилген салық суммасы
салық төлеўшиниң қарызы болмағанда сол салық төлеўшиге қайтарылыўы ямаса
сол салық яки басқа салықлар бойынша келеси төлемлер есабына есапқа
алыныўы лазым.
ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир
шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды
дәлиллеўи керек.
ЭПК 72-статьясына көре, нызамшылыққа муўапық белгили бир дәлийллер
менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14августтағы 489-санлы қарарының 1-қосымшасы менен тастыйықланған
"Қосымша қун салығы суммасының орнын қаплаў тәртиби ҳаққында"ғы Режеге
тийкарланып жәмийет жеке кабинетинен электрон көринисте арза бериўи керек.
Арза аймақлық салық басқармасына келип түскеннен соң жуўапкер
хызметкер тәрепинен СКның 138-статьясына тийкарланып камерал салық
тексериўи салық төлеўши тәрепинен салық дәўири ушын салық есабатын
усыныў ўақтында салық уйымлары қосымша қүн салығының унамсыз
суммасының орнын қаплаў (қайтарыў) ҳаққында хабардар етилген күннен
баслап отыз күн ишинде салық уйымының буйрықғысыз, Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге
асырылады.
Иске қосылған мағлыўматқа көре, даўагердиң имаратлар ҳәм объектлерди
жеткерип бериў баҳасы ҚҚСсыз 5 167 751 346,88 сом соннан ҚҚС суммасы 620
130 161,63 сом, Шевролет Каптива жеңил автомобиль жеткерип бериў баҳасы
ҚҚСсыз 196 400 000,0 сом соннан ҚҚС суммасы 23 568 000,0 сом, автомобиль
мотор майлары ҳәм аўысық бөлеклерди жеткерип бериў баҳасы ҚҚСсыз 180 105
357,14 сом соннан ҚҚС суммасы 21 612 642,86 сом, азық-аўқат товарларын
жеткерип бериў баҳасы ҚҚСсыз 5 245 537,03 сом соннан ҚҚС суммасы 629
464,44 сом, Метан газ (АГТКСда реализация етилген) жеткерип бериў баҳасы
ҚҚСсыз 15 103 124,99 сом соннан ҚҚС суммасы 1 812 375,01 сом ҳәм басқа да
хызметлерди жеткерип бериў баҳасы ҚҚСсыз 9 879 071,39 сом соннан ҚҚС
суммасы 1 185 488,61 сом сатып алған, нәтийжесинде жәмийетте ҚҚС тан
артықша сумма пайда болған. Булар есапбет-фактурада қосымша қүн салығы
жазылыўы себепли қосымша қүн салығы есапқа алынғаны ҳәм нәтийжеде
даўагерде қосымша қүн салығы жыйылған артықша суммасының келип
шыққаны тийкарлы табылады.
Сондай-ақ истеги ҳүжжетлерге тийкарланған жағдайда даўагер тәрепинен
артықша төлеген салық суммасы дәлилленбейди ҳәмде оннан артықша
өндирилген салық суммасы анықланбады.
СКның 237-статьясы биринши бөлиминде Өзбекстан Республикасында
исбилерменлик искерлигин әмелге асырыўшы ҳәм (яки) товарларды
(хызметлерди) реализация қылыўшы қосымша қүн салығын төлеўшилердиң
дизими ҳәмде үшинши бөлиминде айланбадан алынатуғын салық төлеўшилер
қосымша қүн салығын төлеўшиси есапланбайтуғыны белгиленген.
Иске қосылған ҳүжжетлерде даўагердиң айланбадан алынатуғын салық
төлеўши екенлиги тастыйықланады.
Анықланған жағдайларға көре даўагер тәрепинен ҚҚС суммасы орнын
қаплаў ҳаққындағы 2025-жыл 17-октябрь күнги 196040-2025-санлы мүрәжаати
бойынша салық уйымы тәрепинен 2025-жыл 12-ноябрь күни камерал салық
тексериў алып барылған.
Камерал тексериў нәтийжеси менен 2025-жыл 12-ноябрь күни 17-96273санлы қарар қабыл етилген.
Қабыл етилген қарарға көре ҚҚС суммасы орнын қаплаў ҳаққындағы
196040-санлы арзасында соралған сумманы қайтарып бериў қанаатландырыўсыз
қалдырылған, бул иске қосылған қарар ҳәм жуўмақ пенен тастыйықланады.
СКның 267-статьясының талаплары бойынша салық төлеўши товарларды
(хызметлерди) сатып алыў ўақтында төлеген салық суммалары жеңил
автомобильлерди сатып алыў ямаса алып кириў ўақтында да, егер бул
товарларды (хызметлерди) сатып алыў әмелге асырылып атырған жумыс түрине
байланыслы болмаса, есапқа алынбайтуғыны белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 489-санлы қарары
менен тастыйықланған Режениң 25-бәнтиниң 8-бөлимине тийкарланып
исбилерменлик искерлиги шеңберинде дәрамат алыўға қаратылмаған ямаса
(ҳәм) экономикалық жақтан өзин ақламаған деп табылғанында салық суммасын
қаплаўдан бас тартыўға (толық ямаса бир бөлегинде) тийкар болатуғыны
белгиленген.
Солай етип, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз ҳәм алдыннан төленген
почта қарежетин даўагер мойнында қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының
9-статьясы биринши бөлими 2-бәнтине муўапық, Өзбекстан Саўда-санаат
палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары-палата ағзаларының мәпиндеги
даўа арзалары жүзесинен мәмлекетлик бажыдан азат етилген.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан яғный, 10 000 000 сом
мәмлекетлик бажы даўагерден республика бюджетине өндириўди лазам тапты.
Жоқарыдағыларға ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўагер “*****” акционерлик жәмийетинен республика бюджети
пайдасына 10 000 000 сом өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар)
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Г.А.Арзиева