← Назад
Решение #2809076 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2602/259-санлы экономикалық ис
судья Н.Балтабаева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2026 жыл 20 февраль
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Н.Балтабаеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
банк ўәкили *** (2025 жыл 6 август күнги 09-007/785-санлы исеним хат
тийкарында) тың қатнасыўында, *** даўагер “***” акционерлик-коммерциялық
банк мәпин қорғап, жуўапкерлер “***” жеке тәртиптеги исбилерменнен 53 333
335 ом тийкарғы кредит қарызы, 8 553 332 сом мүддети өткен қарыздарлық, 5
074 565 сом пайыз қарыздарлығын “***” акционерлик жәмийетинен солидар
тәртипте өндириўди сораған даўа арзасы суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
*** (буннан кейинги текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “***”
акционерлик коммерциялық банк (буннан кейинги текстте банк деп жүритиледи)
мәпинде жуўапкерлер “***” жеке тәртиптеги исбилермен (кейинги текстте
жуўапкер деп жүритиледи)нен ҳәм 53 333 335 ом тийкарғы кредит қарызы, 8
553 332 сом мүддети өткен қарыздарлық, 5 074 565 сом пайыз қарыздарлығын
“***” акционерлик жәмийети (кейинги текстте қосымша жуўапкер деп
жүритиледи)нен солидар тәртипте өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили жуўапкер қарызын қысман
төлегенлигин билдирип малыўматнамасын усынды.
Палата, жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкер суд мәжилисине келмеди.
Суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар
қосымша жуўапкер, үшинши шахслар ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул
көрди.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, ис ҳүжжетлерин
үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте – ПК
деп жүритиледи) 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян
келтириў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит ҳәм қамсызландырыў
шәртнамаларынан келип шыққан.
ПКниң 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине хәм
нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт
деп көрсетилген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында
басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс
яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген
муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм кредит алыўшы-жуўапкер
орталарында 2025 жыл 5 февраль күни дүзилген 446-санлы кредит шәртнамасы
тийкарында, 25% жыллық ставкада 36 ай мүддетке 64 000 000 сом кредит
ажратылған. Кредит мақсети метал өнимлерин ислеп шығарыў ушын асбапүскенелер сатып алыў болып белгиленген.
Кредит шәртнамасының 2.4, 4.2.1-бәнтлерине муўапық, шәртнаманың
ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит
қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған.
Кредит шәртнамасының 5.1.3-бәнтине муўапық, қарыздар кредит
бойынша төлеў миннетлемелерин орынламағанда, кредитор кредит
қарыздарлықты мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.
Сондай-ақ, кредит шәртнамасы бойынша оның миннетлемелериниң
орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде қосымша жуўапкер ҳәм банк ортасында
2025 жыл 6 февраль күни 01/14/0167-санлы кредиттиң қайтпаслығы қәтерин
қамсызландырыў шәртнамасы дүзилген.
Усы шәртнамаға тийкар берилген 0041112-санлы қамсызландырыў
полисине муўапық қамсызландырыў пулы (муғдары) 80 000 000 сом,
қамсызландырыў мүддети 2025 жыл 6 февраль айынан 2028 жыл 5 февраль
айына шекем белгиленген.
Қамсызландырыў шәртнамасының 3.1-бәнтине муўапық, қамсызландырыў
ҳәдийсеси болып, қамсызландырыў мүддетинде жүзеге келген, қарыздардың
кредит шәртнамасы бойынша өз мойнына алған миннетлемелериниң
орынланбағанлығы ямаса керекли дәрежеде орынланбағанлығы және кредит
қарыздарлығын (кредит бойынша тийкарғы қарыз ҳәм процентлерди) кредит
шәртнамасында белгиленген шәртлер ҳәм мүддетлерде төлей алмағанлығы
есапланады.
Қамсызландырыў шәртнамасының 2.2-бәнтине муўапық, қамсызландырыў
объекти болып, кредит ҳәм оған есапланған пайызларды, пеняны сөндириў
бойынша қарыздар миннетлемелерин орынламағанлығы лазым дәрежеде
орынламаўы нәтийжесинде қамсызландырыўшының кредит ҳәм оған есапланған
пайызлардың ҳәм пенялардың қайтпаслығы менен байланыслы мүлклик мәплери
есапланады.
Қамсызландырыў шәртнамасының 5.1-бәнтинде, қамсызландырыўшы
тәрепинен қамсызландырыўшыға қарыздардың кредит шәртнамасы бойынша
миннетлемелери
тийисли
дәрежеде
орынланбаған
жағдайларда,
қамсызландырыў пулы (қамсызландырыў) муғдарында төлеп бериледи.
Қамсызландырыў шәртнамасының 10.1-бәндинде, қамсызландырыўшы
усы шәртнама бойынша өз мойнына алған миннетлемелер менен қарыз алыўшы
менен бирге кредиттиң қамсызландырыў қылынған бөлеги бойынша
қамсызландырыў пулы муғдарында қамсызландырыў қылдырыўшы алдында
солидар жуўапкер болыўы белгиленген.
Өзбекстан Республикасы "Қамсызландырыў искерлиги ҳаққында"ғы
Нызамның 14-статьясы екинши бөлими 5-бәнтине тийкар, қамсызландырыў
ҳәдийсеси жүз берген жағдайда, нызамшылықта ямаса қамсызландырыў (қайта
қамсызландырыў) шәртнамасында нәзерде тутылған мүддетлерде барлық зәрүр
есап-санақларды ҳәм қамсызландырыў төлемин (қамсызландырыў төлемин)
әмелге асырыўы шәртлиги көрсетилген.
Қамсызландырыў шәртнамасының 4.1-бәнтине муўапық, (1-қосымшаға
тийкар) қамсызландырыў суммасы 80 000 000 сомды қураған.
Қамсызландырыў қошеметлеўи 2 400 000 сомнан ибарат болып, даўагер
тәрепинен усы сумма төлеп берилген.
ПК 252-статьясының биринши бөлимине көре, қарыздарлар шерик болып
миннетлеме алғанында кредитор барлық қарыздарлардан миннетлемени солидар
орынлаўдыда, соның менен бирге қарызды толық яки оның бир бөлегин
орынлаўдыда талап қылыўға ҳақылы.
ПКниң 914-статьясына тийкар қамсызландырыў пуқара яки юридикалық
шахс
(қамсызландырыў
қылдырыўшы)
қамсызландырыў
шөлкеми
(қамсызландырыўшы) менен дүзилетуғын мүлкий яки жеке қамсызландырыў
шәртнамалары тийкарында әмелге асырылады.
ПК 914-статьясының 2-бөлимине көре, мүлкий қамсызландырыў
шәртнамасы бойынша пуқаралық жуўапкершилиги қәўпи – басқа шахслардың
өмири, саўлығы яки мал-мүлкине зыян жеткизилиўи ақыбетинде жүзеге
келетуғын миннетлемелер бойынша жуўапкершилик, нызамда нәзерде тутылған
жағдайларда болса, сондай-ақ шәртнамалар бойынша жуўапкершилик қәўпи
қамсызландырылыўы мүмкин.
Жуўапкердиң кредит шәртнамасы бойынша мойнына алған миннетлемени
орынламағанлығы ҳәм кредит қарыздарлығын кредит шәртнамасында
белгиленген шәртлер ҳәм мүддетлерде төлемегенлиги, қарыздарлыққа жол
қойғанлығы нәтийжесинде қамсызландырыў шәртнамасында нәзерде тутылған
шәртнама әмелде болған ўақытта қамсызландырыў ҳәдийсеси жүзеге келген.
Баян етилгенлерден келип шығып, даўагердиң жуўапкер тәрепинен кредит
қарыздарлық қысман төлеген малыўматнамасына тийкар, суд даўа арзаны
қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден банк пайдасына 53 333 335 ом
тийкарғы кредит қарызыдарлықты қосымша жуўапкерден солидар тәртипте
өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине 1 338 824,64 сом мәмлекетлик
бажы 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118,
176-179-статьяларын қоллап, суд
қ а р а р е т т и:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер “***” жеке тәртиптеги исбилерменнен даўагер “***”
акционерлик-коммерциялық банк пайдасына 53 333 335 ом тийкарғы кредит
қарыздарлығын қосымша жуўапкер «***” акционерлик жәмийетинен солидар
тәртипте өндирилсин.
Жуўапкер “***” жеке тәртиптеги исбилерменнен:
- республика бюджетине 1 338 824,64 сом мәмлектлик бажы;
- “***” акционерлик-коммерциялық банк пайдасына 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарар бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиўши
қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы
суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза
бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы.
Судья
Н.Балтабаева