Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2606/466 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c2bbce1c-ed66-4369-8e18-1656f7750c17 Claim ID PDF Hash c6689ffcd1ce0329... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2606/***-санлы экономикалық ис *** қаласы судья *** Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 20-февраль 2026-жыл *** районлар аралық экономикалық судының судьясы *** басшылығында, судья жәрдемшиси ***ның хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2026-жыл 12февраль күнги 365-санлы исеним хат)тиң қатнасыўында, даўагер ***ның жуўапкер «***» акционерлик жәмийетинен регресс тәртипте 61 321 797 сўм өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер *** (кейинги орынларда – даўагер) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер «***» АЖ (кейинги орынларда – жуўапкер)нен регресс тәртипте 61 321 797 сўм өндириўди сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллап-қуўатлап, оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң судқа мәлим болған ақырғы жайласқан жерине жиберилген суд уйғарыўы алыўшы кѳрсетилген мәнзилден табылмағанлығы себепли тапсырылмағанлығы ҳаққында гибрид почта мағлыўматнамасы бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа талабын толық қанаатландырыўды мақул тапты. Анықланыўынша, жуўапкер кәрханада бахытсыз ҳәдийсе жүз берип, нәтийжеде кәрханада ислеген пуқаралар ***, ***, ***, ***, *** ҳәм *** мийнетте майыпланған. Даўагер тәрепинен жуўапкерге 2026-жыл 13-январь күнги 01/67/01-0532/84-санлы талапнама жиберилген, бирақ жуўапкер тәрепинен талапнама жуўапсыз қалдырылған. Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамы (кейинги орынларда – Нызам) 15-статьясына муўапық, майыплық пенсиялары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте I ҳәм II топар майыплары деп табылған шахсларға, сондайақ, Чернобыль АЭСдағы авария себепли майып болыўы яки кеселлиги ақыбетинде III топар майыплығы болған шахслар деп табылған шахсларға тайынланады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 23-декабрьдеги 357-санлы қарары менен тастыйықланған «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы 2 Нызамына муўапық пенсияларды төлеўге қәрежетлерди қаплаў тәртиби ҳаққында»ғы Реже (кейинги орынларда – Реже)ниң 4-бәндине муўапық, шөлкемлер ҳәр айда мийнет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы ҳалда алынған мийнетте майыпланыў ҳәм кәсип кеселлиги ақыбетинде тайынланған бағыўшысын жоғалтқанлық ҳәм нәгиранлық пенсиялары төленген айдан кейинги айдың 25-сәнесине шекем усы қәрежетлерди қаплаўшы төлемди Пенсия қорына өткериўлери лазым. Режениң 18-бәндине муўапық пенсионер есапта турған жер бойынша Пенсия қорыныӊ район (қала) бөлимлери усы Режениң 15-бәндинде көрсетилген пенсияларды төлеўге кеткен қаржыларды Халықтыӊ бәнтлигине көмеклесиў орайларынан, олар тәрепинен өз ўақтында төленбеген жағдайда, нызам ҳүжжетлерине муўапық регресс даўа арзалары бойынша өндирилиўи мүмкин. Даўа талапларына тийкар етип даўагер тәрепинен бахытсыз ҳәдийсе ҳаққындағы акт, пенсия пуллары төленгенлиги ҳаққындағы мағлыўматнама ҳәм талапнамалар келтирилген. Суд жоқарыдағыларға тийкар даўа талабын тийкарлы деп есаплап, даўа арзаны толық қанаатландырыўды ҳәм жуўапкерден даўагер пайдасына регресс тәртипте 61 321 797 сўм ѳндириўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118-статьясының биринши, екинши ҳәм үшинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиӯши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагер тѳлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажы тѳлеўден азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сай рәўиште жуўапкерден республика бюджети пайдасына ѳндириледи. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан тѳлем тапсырықнамасы менен 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 1 226 435,94 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа талабы толық қанаатландырылсын. Жуўапкер «***» акционерлик жәмийетинен даўагер *** пайдасына регресс тәртипте 61 321 797 сўм ҳәм 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер «***» акционерлик жәмийетинен республика бюджетине 1 226 435,94 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. 3 Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья ***