Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2608/480 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 477f07e2-33c5-413f-80b0-f9b5e7c3b9cd Claim ID PDF Hash fb3818ebe7b4b5d8... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-22608/480-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Нөкис қаласы февраль 2026-жыл 20- Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси М.Хошмуратованың хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХ (2026-жыл 5-январь күнги ЖЕ-02-05/0113-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили ХХ (2026-жыл 19-январь күнги 01-04/177-санлы исеним хат тийкарында) қатнасында, даўагер ХХниң жуўапкер ХХнен 994 152 491 сӯм тийкарғы қарыз өндириўди сораған даўа арзасын судтың өз имәратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ХХ (кейинги орынларда даўагер) судқа даўа арза менен мүрәжат етип, ХХнен (кейинги орынларда жуўапкер) 994 152 491 сӯм тийкарғы қарыз өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили жуўапкердиң 994 152 491 сӯм тийкарғы қарызы төленбегенлигин билдирип, 994 152 491 сӯм тийкарғы қарызын өндириўди сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер ўәкили 994 152 491 сӯм тийкарғы қарызы экономикалық жағдайы төменлиги себепли төленбегенлигин билдирди. Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституцияси 55-статьясының биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. 1 ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы тәмийнаты шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-май күнги 319-санли қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан пайдаланыў” Қағыйдаларының 76-бәнти 1-хатбасына көре, тиккелей “Өзбекстан миллий электр тармақлары” АЖ, “Ыссылық электр станциялары” АЖ, “Аймақлық электр тармақлары” АЖ, “Ўзбекгидроэнерго” АЖ ҳәм електр энергиясын өндириўши басқа кәрханалардың электр тармақларынан ҳәм де қарыйдарлар ямаса субтутыныўшылар электр тармақлары арқалы узатылатуғын электр енергиясы ушын қарыйдарлар менен есап-китаплар белгиленген тәртипте тастыйықланған тийисли тарифлар бойынша электр тәмийнаты шәртнамасына муўапық әмелге асырылады. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2024-жыл 5-январь күни дүзилген 04/2032-санлы “Энергия жеткизип бериў” шәртнамасының I бөлимине муўапық «кәрхана» «тутыныўшы»ға жалғанған электр тармақлары арқалы электр-энергиясын жеткизип бериў миннетлемесин, «тутыныўшы» болса пайдаланған электр энергиясы ҳақысын ѳз ўақтында төлеў миннетлемесин алған. ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис-қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Жуўапкер 994 152 491 сӯм тийкарғы қарызы төленбегенлиги даўагер мағлыўматнамасы ҳәм басқа да ҳүжжетлер, тәреплер ўәкиллериниң суд мәжлисиндеги көрсетпелери менен тастыйықланады. Сонлықтан суд даўагердиң пайдасына жуўапкерден 994 152 491 сӯм тийкарғы қарызын өндириўди лазым тапты. ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлийллеўи керек. Сол себепли, суд даӯа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 994 152 491 сӯм тийкарғы қарызы, 41 200 сўм почта 2 қәрежети, республика бюджетине 19 883 049,82 сўм мәмлекетлик бажы, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозитине исти видеоконференцбайланыс режиминде кѳриў менен байланыслы 103 000 сўм суд қәрежетлерин ѳндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даӯа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер ХХнен даўагер ХХ пайдасына 994 152 491 сӯм тийкарғы қарыз, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер ХХнен республика бюджетине 19 883 049,82 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Жуўапкер ХХнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сўм суд қәрежетлери өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.С.Убайдуллаев 3