Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2602/631 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BALTABAEVA NAGIMA DJOLDASOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 3a114e1c-3cac-40f0-8610-ce882e1ce991 Claim ID PDF Hash 97e5c4e28034dcc9... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2602/631-санлы экономикалық ис судья Н.Балтабаева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2026 жыл 20 февраль Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Н.Балтабаеваның басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025 жыл 6 август күнги 09-007/785-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, ***ның даўагер АКБ "***" мәпинде жуўапкер “***” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы ҳәм 12 613 162,3 сом пайыз қарызын өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: *** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АКБ "***" (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “***” жуӯапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 12 613 162,3 сом пайыз қарызын өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили кредит қарыздарлығы төленбей атырғанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Палата ҳәм жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болыўына қарамастан суд мәжилисине ўәкили келмеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти Палата, жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2024 жыл 1 апрель күни 97-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге нан ҳәм кондитер өнимлерин ислеп шығарыў мақсетинде үскенелер сатып алыў ушын 84 ай мүддетке, жыллық 18% төлеў шәрти менен 100 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм 2 шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. ПКниң 736-статьясының екинши бөлимине көре, қарыз шәртнамасында қарызды бөлип (бөлип-бөлип) қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың барлық суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы. Егер қарыз шәртнамасында қарыз бойынша пайызларды қарыздың өзин қайтарыў мүддетинен алдын төлеў нәзерде тутылған болса, бул миннетлеме бузылған жағдайда, қарыз бериўши қарыз алыўшыдан қарыз суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап қылыўға ҳақылы. Кредит шәртнамасының 2.4, 4.2.1-бәнтлерине муўапық, шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Кредит шәртнамасының 5.1.3-бәнтине муўапық, қарыздар кредит бойынша төлеў миннетлемелерин орынламағанда кредитор кредит қарыздарлықты мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Нәтийжеде, 2026 жыл 26 январь жағдайына жуўапкердиң тийкарғы кредит қарызы 100 000 000 сом, мүддети өткен пайыз қарызы 12 613 162,3 сомды қураған. Сонлықтан, даўагердиң жуўапкерден мүддетинен алдын 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 12 613 162,3 сом пайыз қарызын өндириў талабы тийкарлы есапланады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 12 613 162,3 сом пайыз қарызын ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджетине 2 252 263,25 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер “***” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер АКБ "***" пайдасына 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 12 613 162,3 сом пайыз қарызы ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер “***” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен Республика бюджетине 2 252 263,25 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. 3 Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья Н.Балтабаева