Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2609/278 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 0d2dea4c-651c-4876-a530-f7126740d236 Claim ID PDF Hash 46d2f0a17a925b34... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2609/278-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2026-жыл 20-февраль Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Кучкаровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили Ж.Турамбетов (2026-жыл 11-февраль күнги 01/02-247-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкерден баслық Е.Бекниязов, үшинши шахс ўәкили Н.Мамбетов (2026-жыл 11-февраль күнги 01/02-251-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили Т.Изимбетов (2026-жыл 12-февраль күнги 19-27992-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер Қараөзек районы Ҳәкимлигиниң жуўапкер "Jib k" фермер хожалығы орталарында 2022-жыл 22-январь күни дүзилген 26-санлы фермер хожалығы тәрепинен жер участкасын узақ мүддетли ижәраға алыў шәртнамасын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер Қараөзек районы Ҳәкимлиги экономикалық судына мүрәжат етип, жуўапкер "Jib k" фермер хожалығы орталарында 2022-жыл 22-январь күни дүзилген 26-санлы фермер хожалығы тәрепинен жер участкасын узақ мүддетли ижәраға алыў шәртнамасын бийкарлаўды сораған. Судтың 2026-жыл 23-январьдағы, 05-февральдағы уйғарыўларында Қараөзек районы аўыл хожалығы бөлими, Қараөзек районы Суў жеткизип бериў мәмлекетлик шөлкеми, Агросаноат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қаракалпақстан Республикасы басқармасы, Қаракалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги, Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәмде Қаракалпақстан Республикасы салық басқармасы даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисинде даўаның талабы тийкарсыз екенлигин, себеби суў кем болғанын, сонлықтан мәмлекетлик режелерин орынлаў мүмкиншилиги болмай қалғанын, атап айтқанда 2024-жылы улыўма ҳеш қандай егинлер егилмей қалғанын тән алатуғынын, суўдың кемлиги бойынша арзалары тийкарында район ҳәкимлигине ҳәм басқада органларға мүрәжат еткен болсада, мәселе үнамлы шешилмегенин, егер илажы болып бир мәрте жәрдем берилсе усы жылы барлық егинлерди өз есабынан егип, салық, банк 2 ҳәм басқада қарызларын сөндирип таслайтуғынын билдирип, даўа арзаны қанаатландырмаўды сорады. Үшинши шахс Қаракалпақстан Республикасы салық басқармасы ўәкили Н.Изимбетов суд мәжилисинде жуўапкердиң 2026-жыл 11-февраль күнине жәми 123 388 430,28 сом салықлардан қарызы бар екенин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Үшинши шахс Қараөзек районы аўыл хожалығы бөлими ўәкили Н.Мамбетов суд мәжилисинде район басшылары тәрепинен жуўапкерге бир нешше жыллардан берли қарасып келингенин, бирақ бул фермер хожалықтың искерлиги үнамлы дәрежеде жүргизилмей атырылғанын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Прокурор суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Басқа үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин тексте ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд, ис ҳүжжетлерин үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахслар шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясы 68-статьясының биринши бѳлимине муўапық, жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да тәбийғый ресурслар улыўма миллий байлық болып табылады, олардан ақылға уғрас пайдаланыў тийис ҳәм олар мәмлекет қорғаўында болады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин тексте ПК деп жүритиледи)ниң 8,234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери фермер хожалығы тәрепинен узақ мүддетли ижараға алыў шәртнамасынан келип шыққан. Анықланыўынша, жуўапкерге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 22-январь күнги 32-13-0-Q/22-санлы қарары менен пахта-ғәллешилик фермер хожалығын шѳлкемлестириўи ушын Қараөзек районы, Академик С.Камалов АПЖ аймағынан улыўма майданы 58,2 гектар жер майданлары 49 жыл мүддетке ижараға ажыратып берилген. Усы қарар тийкарында тәреплер ортасында 2022-жыл 22-январь күни жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў ҳаққында 26-санлы шәртнама дүзилген. 3 Жуўапкердиң жерге болған ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткизилип, 23:14:000000081-кадастр номери берилген. Даўа арза ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер тәрепинен жер ижарасы шәртнамасы шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Бул жағдайлар истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Салық басқармасының 2026-жыл 13-февраль күнги 19-30074-санлы хатына қосылған мағлыўматнамасында жуўапкердиң жәми 123 388 430,28 сом мәмлекет алдындағы салық қарыздарлығы көрсетилген. Сонлықтан, даўагер тәрепинен жуўапкерге 2026-жыл 8-январь күни жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў шәртнамасын өз-ара келисим тийкарында бийкар етиў ҳаққында 01-01/34-санлы усыныс берилген. Бирақ, жуўапкер тәрепинен 2026-жыл 13-январь күнги жуўап хатында усыныста келтирилген қәте-кемшиликлерди сапластыратуғынлығын, жер ижара шәртнамасының бийкар етилиўине қарсы екенлигин билдирген. ПК 384-статьясына муўапық, шәртнама қандай формада дүзилген болса, они өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы келисим де, егер низамшылықтан, шәртнамадан яки ис қатнасығы әдетлеринен басқаша тәртип келип шықпаса, сондай формада дүзиледи. Бир тәреп шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы усынысқа екинши тәрептен бас тартыў жуўабын алғаннан кейин яки усыныста көрсетилген ямаса нызамда я болмаса шәртнамада белгиленген мүддетте, бундай мүддет болмағанда болса - отыз күнлик мүддетте жуўап алмағанынан кейин, шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы талапты судқа усыныўы мүмкин. Бул жағдайда даўагер тәрепинен судқа даўа арза киритилмесинен алдын ПК 384-статьясы талапларына толық әмел етилген. Сол себепли, даўагер экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер менен дүзилген жер ижара шәртнамасын бийкар етиўди сораған. Өзбекстан Республикасы Жер кодекси (буннан кейин текстте ЖК деп жүритиледи) 36-статьясының үшинши ҳәм бесинши бөлимлерине муўапық, жер участкасына ийелик етиў ҳуқықын яки жер участкасынан турақлы ямаса ўақтынша пайдаланыў ҳуқықын усы статья биринши бөлиминиң 6-11-бәнтлеринде көрсетилген жағдайларда сапластырыў усы Кодекстиң 38-статьясында белгиленген тәртипте суд тәрепинен әмелге асырылады. Усы статья биринши бөлиминиң 1, 2, 6-10, 13-бәнтлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жер участкасына болған ижара ҳуқықын сапластырыў усы Кодекстиң 24-статьясында нәзерде тутылған тәртипте жер участкасының ижара шәртнамасын бийкар етиў жолы менен әмелге асырылады. ЖК 24-статьясы он алтыншы бөлимине тийкар, жер участкаларын ижараға алыў шәртнамасын мүддетинен алдын бийкар етиў тәреплердиң келисими менен, бундай келисимге ерисилмеген жағдайда болса, судтың шешиўши қарары менен әмелге асырылады. 4 ЖК 36-статьясы биринши бөлиминиң 9-бәнтине муўапық, нызамшылықта белгиленген мүддетлерде жер салығы, сондай-ақ, ижара шәртнамасында белгиленген мүддетлерде ижара ҳақы турақлы төленбей келингенде жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы бийкар етиледи. Сондай-ақ, ПК 382-статьясы биринши ҳәм екинши бѳлимлерине көре, егер усы Кодексте, басқа нызамларда яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық өзгертирилиўи ҳәм бийкар етилиўи мүмкин. Тәреплердиң бириниң талабы менен шәртнама суд тәрепинен тек ғана тѳмендеги жағдайларда ѳзгертилиўи яки бийкар етилиўи мүмкин: 1) екинши тәреп шәртнаманы қопал рәўиште бузса; 2) усы Кодекс, басқа нызамлар ҳәм шәртнамада нәзерде тутылған ѳзге жағдайларда. Соның менен бирге, тәреплер ортасында дүзилген жер ижарасы шәртнамасының 17-бәнтинде оны бийкар етиў тийкарлары көрсетип өтилген. Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының салыстырыў актлерине көре, жуўапкердиң жер салығы бойынша 2023-жыл ушын 9 654 544,89 сом, 2024-жыл ушын 10 872 146,08 сом, 2025-жыл ушын 13 050 892,94 сом ҳәм 2026-жыл 20-февраль күнине 13 275 072,74 сом қарыздарлықлары жүзеге келгени тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 432-статьясына муўапық, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын салықты төлеў төмендегише әмелге асырылады: есабат жылының 01-сентябрине шекем - жыллық салық суммасының 30-проценти; есабат жылының 01-декабрине шекем - салықтың қалған суммасы. Бирақ, жуўапкер тәрепинен жер салығын төлеўдиң нызамшылықта белгиленген мүддетлери турақлы түрде бузылып келинген. Даўа арзасында келтирилген басқа себеплер бойынша жер ижарасы шәртнамасын бийкар етиў тийкарлары ЖК 36-статьясының биринши бөлиминде, ПК, басқа нызамлар ҳәмде шәртнамада нәзерде тутылмаған. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2009жыл 18-декабрьдеги 203-санлы «Хожалық шәртнамаларын дүзиў, өзгертиў ҳәм бийкар қылыўды тәртипке салыўшы пуқаралық Нызам ҳүжжетлери нормаларын қолланыўының айрым мәселелери ҳаққында»ғы қарарының 18бәнтинде, ПК 382-статьясы екинши бөлими нормаларынан келип шығып, шәртнама судтың шешиўши қарарына көре өзгертилиўи яки бийкар қылыныўы мүмкин яғный, екинши тәреп шәртнаманы қопал рәўиште бузғанда ҳәмде ПК, басқа нызамлар ҳәм шәртнамада нәзерде тутылған жағдайдарда деп түсиник берилген. Истеги ҳүжжетлерге тийкар шәртнама шәртлериниң толық ҳәм лазым дәрежеде орынланғаны тастыйықланбайды. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаның талабын тийкарлы таўып, жер ижара шәртнамасын бийкарлаўды, жуўапкерден даўагердиң 5 пайдасына 41 200 сом почта қарежетин өндириўди макул табады. ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар өз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўаның талабы бойынша базалық есаплаў муғдарының он есесиндеги 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы мәмлекет бюджетине ҳәмде жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитына видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза талабы қанаатландырылсын. Қараөзек районы Ҳәкимлиги ҳәм "Jib k" фермер хожалығы орталарында 2022-жыл 22-январь күнги 26-санлы фермер хожалығы тәрепинен жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў шәртнамасы бийкар етилсин. "Jib k" фермер хожалығынан Қараөзек районы Ҳәкимлигиниң пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. "Jib k" фермер хожалығынан мәмлекет бюджетине 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. "Jib k" фермер хожалығынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов