← Назад
Решение #2809188 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2608/440-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2026 жыл 20-февраль
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Убайдуллаев
басшылығында, судья жәрдемшиси М.Хошмуратованың хаткерлигинде, ХХ
ўәкили ЪЪ (2026-жыл 12-февраль күнги 13-санлы исеним хат тийкарында),
жуўапкер
ўәкили
ХХ
(2025-жыл
28-март
күнги
34-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, ХХ ХХиниң ХХ мәпин
қорғап, жуўапкерХХнен 628 423 270 сўм тийкарғы қарыз, 157 105 817,50 сўм
жәрийма өндириӯди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған
экономикалық
исти
суд
имаратында,
ашық
суд
мәжлисинде
видеоконфренцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Қарақалпақстан фермерлери ХХи (буннан кейин текстте ХХ деп
жүритиледи) ХХ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпин
қорғап судқа даўа арза менен мүрәжәәт етип, жуўапкер ХХнен (буннан кейин
текстте
жуўапкер
деп
жүритиледи)
628 423 270 сўм тийкарғы қарыз, 157 105 817,50 сўм жәрийма өндириўди
сораған.
ХХ ўәкили суд мәжилисинде жуўапкер тәрепинен төленбеген 568 177
500 сўм тийкарғы қарызы қалғанлығын билдирип, даўа арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжлисинде 568 177 500 сўм тийкарғы қарызы
қалғанлығын билдирип, жәрийма муғдарын кемейтиўди сорады.
Даўагер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин
усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде даўагердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин
есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 128 ҳәм
170-статьяларына муўапық даўагер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыўды лазым тапты.
Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсинигин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди
үйренип
шығып,
даўа
талапларын
қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Конституцияси
55-статьясының
биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин
нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў,
1
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги
үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
ПК деп жүритиледи) 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
Ис ҳүжжетлерине анықланыўынша даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2025-жыл 20-февраль күни 49474-санлы ҳәм 2025 жыл 7-март күни
70006-санлы пахта шийки өнимин жетистириӯ ҳәм сатып алыӯ бойынша
фьючерс шәртнамалары дүзилген болып, усы шәртнамалардың 2.1-бәндине
муўапық сатып алыўшы пахта шийки заты ушын ҳақ төлеўи ҳәм қабыл
қылып алыўы, сатыўшы болса пахта шийки өнимин сатып алыўшыға
жеткерип бериў миннетлемесин алған.
Шәртнамалардың 3.2-бәндинде сатып алыўшы тәрепинен Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023 жыл 25 декабрдеги
680-санлы қарары менен тастыйықланған “Пахта шийки затын жетистириў
ҳәм пахта жыйым-терим қәрежетлерин кредитлеў ҳәмде оларды реализация
қылыўдың қосымша ис-иләжлары ҳақкында”ғы Нызамы (буннан кейин
текстте – Нызам деп жүритиледи)на тийкар, шәртнама төлеў қәрежетлериниң
80 пайызы өнимди қабыл қылынған күннен баслап 3 (үш) жумыс күнинен
кешиктирместен, қалған бөлеги болса финанс жылының 31-декабрине шекем
сатыўшының 23210 есап-бетине өткерип бериледи деп белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда тәреплердиң ортасында дүзилген
шәртнамалар
тийкарында
есап
бет
фактуралар
тийкарында
775 240 470 сўмлық 97 875 килограмм пахта шийки зат өними даўагер
тәрепинен жуўапкерге тапсырылған.
Даўа арзада фермер хожалығына жеткизип берилген пахта шийки зат
ушын
төленген
суммаларын
шегирген
ҳалда
жуўапкерден
628 423 270 сўм өндирилиўи соралған.
Бирақ, тәреплер ортасында 2026-жыл 5-январь күнги дүзилген
салыстырыў актинде жуўапкердиң 568 177 500 сўм тийкарғы қарызы
төленбеген.
Сонлықтан суд 568 177 500 сўм тийкарғы қарыздарлықты өндириўди
лазым тапты.
Даўа арзада шәртнаманың 5.5-бәнтине муўапық, 157 105 817,50 сўм
жәрийма өндириў соралған.
Шәртнамалардың 5.5-бәнти мазмунына көре, сатып алыўшы дүзилген
фьючерс шәртнамасы шәртлери тийкарсыз орынланбағанда, суд қарарына
муўапық биржа питими бойынша шәртнама қунының орынланбаған
бөлегиниң 25% муғдарында жәрийма қолланылыўы белгиленген.
Ис ҳүжжетлери менен жуўапкер тәрепинен 2025 жыл 31 декабрь
күнине шекем даўагер менен есап-китап жумыслары әмелге асырылмаған.
Шәртнамалар бойынша миннетлемелериниң орынланбаған бөлеги
2
568 177 500 сўм екенлиги анықланды.
Сол себепли жәрийма муғдары 568 177 500 сўм * 25%= 142 044 375
сўмды қурайды.
ПКниң 333-статьясына тийкар, қарыздар айыбы болған жағдайда
мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған ушын егер
Нызам хүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған
неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги
көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар
миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып
атырған тәреплердиң мүлкий аўҳалы, сондай-ақ кредитордың мәплери
итибарға алыныўы керек.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым
дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар
тәрепинен
миннетлемелердиң
орынланыў
дәрежесин,
миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ
кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы
екенлиги көрсетилген.
Суд, даўагердиң қарыз өндириў илажын ўақтында көрместен пеня
муғдарының
өсиўине
жол
қойғанлығын,
жуўапкер
тәрепинен
миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи
жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын
ҳәмде даўагердиң мәплерин итибарға алып, пеня муғдарын кемейтиўди,
20 000 000 сўм пеня ѳндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм
алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи.
Суд
жоқарыдағыларға
тийкар
даўа
талапларын
қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 568 177 500 сўм
тийкарғы қарызы, 20 000 000 сўм жәрийма, 41 200 сўм почта қәрежетин,
республика бюджетине 15 710 581,75 сўм мәмлекетлик бажы өндириўди,
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрьдеги «Фермер,
дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкалары искерлигин жәнеде
раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы
ПҚ-3318-санлы қарарының 3-бәндине тийкар даўагерден даўа талабының
тийкарсыз бөлеги бойынша мәмлекетлик бажы өндирмеўди, ис
видеоконференцбайланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы болған
103 000 сўм суд қәрежетлерин жуўапкерден Өзбекстан Республикасы
3
Жоқарғы суды депозит есабына өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Ѳзбекстан
Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа
алып, суд
қарар
етти:
ХХ
ХХиниң
ХХ мәпин қорғап берген даўа арзасы қысман қанаатландырылсын.
ХХ есабынан ХХның пайдасына 568 177 500 сўм тийкарғы қарызы,
20 000 000 сўм жәрийма, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даӯаның қалған бөлеги қанаатландырыӯсыз қалдырылсын.
ХХ есабынан республика бюджетине 15 710 581,75 сўм мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
ХХ есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап
бетине 103 000 сўм суд қәрежетлери өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Убайдуллаев
4