← Назад
Решение #2809196 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-1001-2614/4483-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
февраль
2026-жыл 20-
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев
басшылығында, судья жәрдемшиси М.Хошмуратова хаткерлигинде, даўагер
ўәкили ХХ (2025-жыл 15-декабрь күнги 01/06-2627-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, даўагер ХХныӊ ХХ мәпин қорғап, жуўапкер ХХ
менен 2025 жыл 18 сентябрь күнги 3679697-санлы шәртнаманы мүддетинен
алдын бийкар етиў ҳәм жуўапкерден 24 168 000 сўм пеня өндириўди сораған
даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имәратында
видеоконференцалоқа режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
ХХныӊ (кейинги текстлерде ХХ деп жүритиледи) ХХ (кейинги текстлерде
даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
ХХ
(кейинги
текстлерде
жуўапкер
деп
жүритиледи)
менен
2025 жыл 18 сентябрь күнги 3679697-санлы шәртнаманы мүддетинен алдын
бийкар етиўди ҳәм жуўапкерден 24 168 000 сўм пеня өндириўди сораған.
Суд
мәжилисинде
қатнасқан
даӯагер
ӯәкили
даӯа
арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисине жуўапкер ўәкили келмеди, ѳзлериниң жазба пикирлерин
усынбады.
Суд исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси
(кейинги текстлерде ЭПК деп жүритиледи) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық
жуӯапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып
даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Конституцияси
55-статьясының
биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин
нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў,
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги
үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда –
ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
1
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткизип бериў
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт.
ПКниң 437-статьясына тийкар өним жеткизип бериў шәртнамасына
муўапық исбилерменлик пенен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши –
сатыўшы шәртлесилген мүддетте яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын
ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик хызметинде
пайдалныў ушын яки жеке, шаңарақ мақсетлеринде, күндекли турмыста ҳәм
соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа
мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды
қабыл қылыў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025
жыл 18 сентябрь күнги дүзилген 3679697-санлы “Электрон системада (электрон
магазин) 18.09.2025-жыл саат 13:21 де өткизилген электрон мәмлекетлик сатып
алыўлар нәтийжеси бойынша товар жеткизип бериў ҳаққында” шәртнама
дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәндине муӯапық, буйыртпашы (даўагер) товар ушын
жәми төлеўди әмелге асырыў, орынлаўшы (жуўапкер) шәртнамада белгиленген
шәртлерде товарды жеткизип бериў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың улыўма суммасы 91 200 000 сўмды қурайды.
Шәртнаманың 2.2-бәндине муӯапық жуўапкер басланғыш төлеў әмелге
асырылғанлығы ҳаққында ҲККПдан хабарнама алғаннан баслап 2 ис күни
ишинде товарды жеткизип бериўи шәрт.
Бирақ жуўапкер тәрепинен товар бүгинги күнге дейин толық жеткизип
берилмеген.
ФКнинг 382-статьясына тийкарланып егер бул Кодексда, басқа
нызамларда ямаса шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса,
шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық өзгертилиўи ҳәм бийкар етилиўи
мүмкин.
Тәреплерден биреўиниң талабы менен шәртнама суд тәрепинен тек ғана
төмендеги жағдайларда өзгертилиўи ямаса бийкар етилиўи мүмкин:
1) екинши тәреп шәртнаманы кескин түрде бузса;
2) бул Кодекс, басқа нызамлар ҳәм шәртнамада нәзерде тутылған өзге
жағдайларда.
Тәреплерден биреўиниң шәртнаманы бузыўы екинши тәрепке ол
шәртнама дүзиўде үмитлениўге ҳақылы болған заттан көп дәрежеде маҳрум
болатуғын етип зыян жеткизиўи шәртнаманы кескин бузыў есапланады.
Бир тәреп шәртнаманы орынлаўдан толық ямаса толық емес бас тартып,
нызам ямаса тәреплердиң келисиминде оған жол қойылса, шәртнама
тийислигинше бийкар етилген ямаса өзгертирилген есапланады.
Соның менен бирге, ФКнинг 384-статьясына тийкар шәртнама қандай
формада дүзилген болса, оны өзгертиў ямаса быйкарлаў туўрысындағы
шәртлесиў де сондай формада дүзиледи, егер нызамшылықтан, шәртнама ямаса
жумыс мәмилеси әдетлеринен басқаша тәртип келип шықпаған болса.
2
Бир тәреп шәртнаманы өзгертиў ямаса бийкарлаў ҳаққындағы усынысқа
екинши тәрепден бийкарлаў жуўабы алғанынан кейин ғана ямаса усынысда
көрсетилген яки нызамда ямаса шәртнамада белгиленген мүддетте, бундай
мүддет болмағанында болса - отыз күнлик мүддетте жуўап алмағанынан кейин,
шәртнаманы өзгертиў ямаса бийкарлаў ҳаққындағы талапты судқа усыныўы
мүмкин.
Даўагердиң шәртнаманы бийкарлаў туўрысындағы усынысы жуўапкер
тәрепинен ақыбетсиз қалдырылғанлығы истеги ҳүжжетлер, даўагер ўәкилиниң
суд мәжилисиндеги көрсетпелери менен өз тастыйығын табады.
Сонлықтан даўагердиң шәртнаманы бийкарлаў даўа талабы тийкарлы
есапланады ҳәм оны қанаатландырыў, тәреплер арасындағы алды-сатды
шәртнамасын бийкар етиў лазым.
Даўагер жуўапкерден 24 168 000 сўм жәрийма өндириўди сораған.
Шәртнаманың 4.3-бәндине тийкар товарды жеткизип бериў мүддетлери
кешиктирилгенде жуўапкер кешиктирилген ҳәр бир күн ушын орынланбаған
миннетлемениң 0,5 пайызы муғдарында, бирақ орынланбаған миннетлемениң
50 пайызынан аспаған муғдарда пеня төлеўи белгиленген.
ПК 261-статьясының екинши бѳлимине тийкар қарыздар миннетлемелерди
орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламаған ҳалларда тѳлейтуғын ҳәм
қағыйда сыпатында қатаң пул суммасында есапланатуғын неустойка жәрийма
есапланады.
ПК
261-статьясының
үшинши
бѳлимине
тийкар
қарыздар
миннетлемелердиң орынланыўын кешиктирип жибергенде тѳлейтуғын ҳәм
ѳткерип жиберилген мүддеттиң ҳәр бир күни ушын миннетлемениң
орынланбаған бѳлегине пайызлар менен есапланатуғын неустойка пеня
есапланады.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым
дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин,
пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир
кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен қарызды
ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол
қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтип, 8 000 000 сўм
жәрийма өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым тапты.
ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине
муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған
даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Сол себепли, суд даӯа арзаны қысман қанаатландырыўды, тәреплер
ортасындағы 2025 жыл 18 сентябрь күнги дүзилген 3679697-санлы шәртнаманы
3
мүддетинен алдын бийкар етиӯди, даўагер пайдасына жуўапкерден 8 000 000
сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежетин өндириўди, жуўапкерден пеня өндириў
талабы бойынша даўа талабының 2 пайызы муғдарында 483 360 сўм,
шәртнаманы бийкар етиӯ талабы бойынша 4 120 000 сўм, республика
бюджетине жәми 4 603 360 сўм мәмлекетлик бажы, исти видеоконференцалоқа
режиминде көриў менен байланыслы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы
судының депозитине 103 000 сўм суд қәрежетлерин ѳндириўди, даўа
талапларының қалған бѳлимин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа
алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даӯа арза қысман қанаатландырылсын.
Даўагер ХХ менен жуўапкер ХХ ортасында 2025 жыл 18 сентябрь күнги
дүзилген 3679697-санлы шәртнама мүддетинен алдын бийкар етилсин.
Жуўапкер ХХнен даўагер ХХниң пайдасына 8 000 000 сўм пеня,
41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даўа талапларының қалған бѳлими қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер ХХнен республика бюджетине 4 603 360 сўм мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
Жуўапкер ХХнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103
000 сўм суд қәрежетлери өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.С.Убайдуллаев
4