Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2608/260 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID fb89c5d2-3967-4d12-8eb0-a34f868bd996 Claim ID PDF Hash 41afda34f07e3bf4... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2608/260-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2026-жыл 20-февраль Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси М.Хошмуратова хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХ (2025-жыл 18-декабрь күнги 09-07/4306санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, ХХның даўагер ХХ мәпин қорғап, жуўапкерлер ХХтен ҳәм ХХнен солидар тәртипте 53 333 335 сўм кредит қарыз, мүддети өткен 10 666 665 сўм қарыз, 9 567 290 сўм пайызын өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти Нөкис районлар аралық экономикалық суды имаратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: ХХ (буннан кейин текстте ХХ деп жүритиледи) ХХ (буннан кейин текстте банк яки даўагер деп жүритиледи) судқа даўа арза менен мүрәжәәт етип, ХХтен (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм ХХнен солидар тәртипте 53 333 335 сўм кредит қарыз, мүддети өткен 10 666 665 сўм қарыз, 9 567 290 сўм пайызын өндириўди сораған. Анықланыўынша, банк менен жуўапкер ортасында 2025-жыл 17-февраль күни 636-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Жуўапкерге 64 000 000 сўм кредит ажратылған. Кредит тәмийнаты сыпатында ХХ менен 2025-жыл 17-февраль күни кредит қайтарылмаслық қәтерин қамсызландырыў шәртнамасы дүзилген. Қамсызландырыў полиси берилген. Суд мәжлисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжлисинде жуўапкер ҳәм ХХ ўәкиллери қатнаспады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги текстте ЭПК деп жүритиледи) ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд ХХ, жуўапкер ҳәм ХХ ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд, ис материалларын үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) 1 шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 7461-статьясына тийкар, кредитти мүддетинен алдын суд тәртибинде өндириўде, егер шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, кредитор дәслеп қарыздың белгиленген мүддетте қайтарылмаған бөлегин өндириў ушын судқа мүрәжат етеди. Бунда егер қарыз алыўшы мүддети өткен қарызды толық төлемеген жағдайда, кредитор кредиттиң қалған барлық суммасын мүддетинен алдын қайтарыў ҳаққындағы талап пенен судқа мүрәжат етиўге ҳақылы. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, 2025-жыл банк менен жуўапкер ортасында 17-февраль күни 636-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Жуўапкерге жыллық 25 % ставкада 36 ай мүддетке 64 000 000 сўм кредит ажратылған. Кредит шәртнамасының 2.2, 4.2-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит ҳәм процент төлемлерин төлеп барыў миннетлемесин алған болсада, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Кредит шәртнамасының 5.1.3-бәндине муўапық кредит миннетлемелери орынламаған жағдайында қарыздарлық мүддетинен алдын өндирип алыўы белгиленген. Банк, қарыздар ҳәм ХХти қамсызландырыў компаниясы орталарында 2025-жыл 17-февраль күни 01/14/0250-санлы кредит қайтпаслығы қәтерин қамсызландырыў шәртнамасы дүзилген. Бул шәртнаманың 2.4, 3.1, 4.1бәнтлерине муўапық, кепиллик бериўши жуўапкердиң 80 000 000 сўм кредит, процент, пеня қарызларын төлеў мүмкиншилиги, имкәнияты болмаған жағдайда, жуўапкердиң кредит шәртнамасындағы мәжбуриятларын толығы менен орынлаў миннетлемесин алған. Банк төлемлери бойынша миннетлеме орынланбағаны яки лазым дәрежеде орынланбағаны бул қамсызландырыў ҳәдийсеси болып есапланады деп белгиленген. Сондай-ақ, шәртнаманың 10.1-бәнтинде қамсызландырыўшы усы шәртнама бойынша өз мойнына алған миннетлемелер менен қарыз алыўшы менен бирге кредиттиң қамсызландырыў қылынған бөлеги бойынша қамсызландырыў пулы муғдарында қамсызландырыў қылдырыўшы алдында солидар жуўапкер болыўы белгиленген. Даўагер банктың ХХти қамсызландырыў компаниясына арза-талапнама арқалы еткен мүрәжаты жуўапсыз қалған. Жуўапкердиң кредит шәртнамасы бойынша мойнына алған миннетлемени орынламағанлығы ҳәм кредит қарыздарлығын кредит шәртнамасында белгиленген шәртлер ҳәм мүддетлерде төлемегенлиги, қарыздарлыққа жол қойғанлығы нәтийжесинде қамсызландырыў шәртнамасында нәзерде тутылған шәртнама әмелде болған ўақытта қамсызландырыў ҳәдийсеси жүзеге келген. 2 ПК 252-статьясының биринши бөлимине көре, қарыздарлар шерик болып миннетлеме алғанында кредитор барлық қарыздарлардан миннетлемени солидар орынлаўдыда, соның менен бирге қарызды толық яки оның бир бөлегин орынлаўдыда талап қылыўға ҳақылы. ПК 915-статьясының биринши бөлимине муўапық, мүлкий қамсызландырыў шәртнамасына муўапық бир тәреп (қамсызландырыўшы) шәртнамада шәртлесилген ҳақ (қамсызландырыў сыйлық) есесине шәртнамада нәзерде тутылған ўақыя (қамсызландырыў ҳәдийсеси) болғанда басқа тәрепке (қамсызландырыў қылдырыўшыға) яки шәртнама қайсы шахстың пайдасына дүзилген болса, усы шахсқа (пайда алыўшыға) бул ҳәдийсе ақыбетинде қамсызландырылған мүлкке келтирилген зиянды ямаса қамсызландырыўшының басқа мүлкий мәплери менен байланыслы зиянды шәртнамада белгиленген сумма (қамсызландырыў пулы) шегарасында төлеў (қамсызландырыў қапламын төлеў) мәжбуриятын алады. Усы статьяның екинши бөлиминиң төртинши хатбасшысына көре, исбилерменлик қәўпи-исбилерменниң контрагентлери өз мәжбуриятларын бузыўы яки исбилерменге байланыслы болмаған жағдайларға көре бул искерлик шәрт-шараятларының өзгериўи себепли исбилерменлик искерлигинен күтилген дәраматларды ала алмаслық қәўпи мүлкий қамсызландырыў шәртнамасы бойынша қамсызландырылыўы мүмкин. Банктиң 2026-жыл 5-январьдағы мағлыўматында, жуўапкердиң тийкарғы кредит қарыздан 53 333 335 сўм кредит қарыз, мүддети өткен 10 666 665 сўм қарыз, 9 567 290 сўм пайызынан қарызы бар екенлиги көрсетилген. Банктиң 2026-жыл 20-февральдағы мағлыўматында даўа арза менен судқа мүражат етилгеннен кейин қарыздарлық қысман төленгенлиги, жуўапкердиң қалған тийкарғы қарыздан 51 200 002 сўм, мүддети өткен тийкарғы қарыз 2 133 333 сом, 422 283 мүддети өткен пайызы, жәми 53 755 618 сўм қарыздарлығы төленбегенлиги көрсетилген. Сонлықтан суд даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды, жуўапкер ҳәм ХХнен солидар тәртипте банк пайдасына 51 200 002 сўм, мүддети өткен тийкарғы қарыз 2 133 333 сўм, 422 283 мүддети өткен пайызы, жәми 53 755 618 сўм қарыздарлықты, жуўапкерден банк пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин, республика бюджетине 1 471 345,80 сўм мәмлекетлик бажы өндириў мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. ХХтен ҳәм ХХнен ХХ пайдасына солидар тәртипте 51 200 002 сўм, мүддети өткен тийкарғы қарыз 2 133 333 сўм, 3 422 283 мүддети өткен пайызы, жәми 53 755 618 сўм қарыздарлық өндирилсин. Даўа талапларыныӊ қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. ХХтен мәмлекет бюджетине 1 471 345,80 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. ХХтен ХХ пайдасына 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.С.Убайдуллаев 4