Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2602/251 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BALTABAEVA NAGIMA DJOLDASOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 47753fd4-b815-4f58-9785-788af7384517 Claim ID PDF Hash 15b3f5fc825918f2... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2602/251-санлы экономикалық ис судья Н.Балтабаева УЙҒАРЫЎ (даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2026 жыл 20 февраль Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Н.Балтабаеваның басшылығында, судья жəрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўəкили ***тың (2025 жыл 6 август күнги 09-007/785-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, ***ның даўагер "***" АТБ мəпин қорғап жуўапкер "***" жеке исбилерменен ҳəм қосымша жуўапкер «***» акционерлик жəмийетинен солидар тəртипте 59 733 334 сом тийкарғы қарыздарлық, 4 266 666 сом мүддети өткен тийкарғы қарыздарлық, 5 113 133 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлық өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мəжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: *** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер "***" АТБ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мəпин қорғап экономикалық судқа даўа арза менен мүрəжат етип, жуўапкер "***" жеке исбилерменен (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)не ҳəм қосымша жуўапкер «***» акционерлик жəмийети (буннан кейин текстте қосымша жуўапкер деп жүритиледи)нен 59 733 334 сом тийкарғы қарыздарлық, 4 266 666 сом мүддети өткен тийкарғы қарыздарлық, 5 113 133 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлық өндириўди сораған. Даўагердиң ўəкили суд мəжилисинде өз-ара медиатив келисимге келгенлигин билдирип, медиатив келисимди судқа усынып, даўа арзасын көрместен қалдырыўды сорады. Палата, жуўапкер ўəкили суд мəжилисине келмеди. Бундай жағдайда суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкарланып палата, жуўапкер ўəкилиниң қатнасыўысыз көриўди лазым табады. Суд исте қатнасыўшы шахс ўəкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, исте топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзасын көрместен қалдырыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тəреплер орталарында 2026 жыл 16 февраль күни медиатив келисим дүзилген. ЭПКниң 107-статьясы 53-бəнтине муўапық, тəреплер орталарында медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен қалдырылады. Сол себепли, суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасының "Мəмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 9-бəнтине көре, егер тəреплер 2 орталарында медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен қалдырылса, мəмлекетлик бажы толық ямаса қысман қайтарылыўы керек. Сол себепли, суд төленген 41 200 сум почта қəрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды, мəмлекетлик бажы өндирмеўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳəм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 133, 107, 108, 118, 195статьяларына тийкарланып, суд У Й Ғ А Р Д Ы: Даўа арза көрместен қалдырылсын. Уйғарыўдан наразы тəреп уйғарыў үстинен усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тəртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тəртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья Н.Балтабаева