Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2603/21 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID cc342536-9b16-4bfe-a093-67ee653cf7a9 Claim ID PDF Hash d8b5eefc40e8596d... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2603/21-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2026 жыл 20 февраль Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили ХХХХХ (2026-жыл 05-февраль күнги 562-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, арза бериўши ХХХХХның жуўапкер ХХХХХ районы ХХХХХ фермер хожалығына 1 417 500 сом жәрийма санкциясын қоллаў ҳәм өндириў ҳаққындағы арзасы бойынша қозғатылған исти Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Арза бериўши ХХХХХ (буннан кейин текстте – арза бериўши деп жүритиледи), жуўапкер ХХХХХ фермер хожалығына (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи) 1 417 500 сом жәрийма санкциясын қоллаўды ҳәм өндириўди сораған. Судтың 2026 жыл 12 январь күнги уйғарыўы менен ХХХХХ районы Суў жеткизип бериў хызмети мәмлекетлик шөлкеми ҳәм ХХХХХ районы Аўыл хожалығы бөлими даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Арза бериўши ўәкили көшпели суд мәжилисинде арзасын қоллапқуўатлап, суў жеткерип бериў кәрханасынан келген билдирги бойынша шығарылған буйрыққа тийкар жуўапкерде 2024 жыл сентябрь айында билдиргидеги жағдайларды үйрениў жумыслары алып барылғанлығын, үйрениў даўамында жуўапкердиң тийисли арнаўлы рухсатнамасыз суўдан пайдаланғанлық жағдайы анықланып, жәрийма есапланғанлығын, жәрийманы ықтыярый төлеў бойынша хат берилгенлигин, лекин жәрийманы төлемегенлигин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Жуўапкер ҳәм үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин тексте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд жуўапкер, үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди лазым тапты. Суд, исте қатнасыўшы арза бериўшиниң түсиндирмелерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, арзаны қанаатландырмаўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 31-март күнги “Табияттан пайдалыныў тараўында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң айрым ҳәкимшилиқ регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 1 255-санлы қарарының III-қосымша Суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныўға рухсатнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң Ҳәкимшилик регламентиниң 3-бәнтине муўапық, рухсатнама алмай турып суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў қадаған етиледи. Анықланыўынша, ХХХХХ районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мекемеси Инспекцияға жуўапкердиң суўдан арнаўлы рухсатнама алмастан суў сарпланғанлығын ҳәм тийисли шаралар көриў ушын 2024 жыл 16 сентябрь күни 01/03-02-366-санлы билдирги берилген. Усы халатларды тексериў бойынша Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ХХХХХ басқармасы баслығы ХХХХХ 2024 жыл 25 сентябрь күни 1015-uz-санлы буйрығына муўапық инспекцияның бас қәнийгеси А.Есемуратовқа 2024 жыл 25 сентябрь күнинен 2024 жыл 04 октябрь күнине шекем тексериў өткериў тапсырылған ҳәм тексериў даўамында фермер хожалықтың 2024 жыл 09 август күнинен 2024 жыл 25 сентябрь күнине шекем дәўир қамтып алыў белгиленген. Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ХХХХХ басқармасы хызметкер ХХХХХ тәрепинен фермер хожалығы тәрепинен 2024 жыл хасылы ушын вегетация дәўиринде арнаўлы руҳсат алмастан 9450 м3 суўдан пайдаланғанлығы анықланған ҳәм бул ҳақкында 2024 жыл 04 октябрь күни акт рәсмийлестирилген. Актке көре арза бериўши жуўапкерге ѳзбасымшалық пенен пайдаланған 9450 м3 суўдың ҳәр мың кубометри ушын 1 417 500 сом жәрийма есаплаған. Жәрийманы ықтыярый төлеў ҳаққында жуўапкерге 2024 жыл 26 декабрь күни 2787- санлы талапнама жиберилген. Бирақ, жуўапкер жәрийманы төлемеген. Нәтийжеде арза бериўши жуўапкерге қарата 1 417 500 сом жәрийма санкциясын қоллаў ҳәм өндириў ҳаққындағы арзасы менен судка мүрәжат еткен. ЭПКниң 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес. ЭПКниң 89-статьясының биринши бөлиминде, исте қатнасыўшы шахслардың ис ушын әҳмийетли болған өзлерине белгили жағдайлар ҳаққындағы түсиндирмелериниң тексерилиўи ҳәм басқа дәлийллер менен бирге баҳаланыўы лазымлығы белгиленген. Арза бериўши тәрепинен судқа усынылған ХХХХХ районы Суў жеткизип бериў хызмети мәмлекетлик шөлкем тәрепинен жуўапкерге 2024 жылы август, октябрь айларында суў жеткерип бериў ҳәм қабул қылыў актлери дүзилген болып, мәмлекетлик шөлкем тәрепинен усы актлер имзаланған, бирақ фермер хожалығына суў жеткерип берилгени бойынша фермер хожалығының баслығы тәрепинен акт имзаланбаған. 2 Демек, фермер хожалығы тәрепинен арнаўлы руҳсатнамасыз 2024 жыл вегетация дәўринде қанша муғдарда суўдан пайдаланғанлығы ис ҳүжжетлери менен тастыйқланбайды. Буннан тысқары, Инспекция хызметкери тәрепинен акт дүзиўде жуўапкердиң неше гектар жер майданына суўдан пайдаланғаны көрсетилместен тек ғана 9450 м3 суўдан пайдаланғанлығы көрсетилген болып, бул жағдайда 1 417 500 сом жәрийма санкциясы дурыс есапланғанлығын анықлаў имкинияты жоқ. ЭПК 221-статьясының екинши бөлимине муўапық, суд ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ҳаққындағы ис көрип шығылып атырғанда суд мәжилисинде: ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған-болмағанлығын ҳәм оның исленгенлиги фактин, тексериў ушын ҳәм тексериў нәтийжлери бойынша акт яки басқа ҳүжжет дүзиў ушын тийкарлар ҳәм қадағалаўшы органның ўәкилликлери баржоқлығын, усы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын нызамшылықта жуўапкершилик нәзерде тутылған-тутылмағанлығын ҳәм ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ушын тийкарлар бар-жоқлығын анықлайды ҳәм үшинши бөлиминде финанслық санкцияларды қолланыў ҳаққындағы исти көрип шығыўда суд финанслық санкциялар суммасының есап-санақ етилиўи қаншелли дурыс екенлигин де тексереди. Бирақ, арза бериўши тәрепинен бул жағдайлар үйренилмеген, тексериўши А.Есемуратов жуўапкердиң арнаўлы руҳсатнамасыз алынған суў муғдары қандай усылда ҳәм қайсы ҳүжжетлерге тийкар анықланғаны тийисли дәлийллер менен дәлийлленбеди. Бул жағдайда, арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылыўы лазым. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы 2020 жыл 6-январь күнги ЎРҚ-600санлы Нызамының 9-статьясы 1-бөлиминиң 7-бәнтине тийкар экономикалық судларда Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм оның орынлардағы органлары - суў туўрысындағы нызамшылықты бузғанлық себепли мәмлекетке жеткизилген зыянның орнын қаплаў ушын қаржыларды мәмлекет пайдасына өндириў ҳаққындағы даўалар бойынша мәмлекетлик бажы өндирилмейтуғынлығы белгиленген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, арза бериўши тәрепинен тɵленген 41200 сом почта қәрежетин арза бериўшиниң мойнында қалдырыўды, арза бериўшиден мәмлекетлик бажы өндирмеўди мақул тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. 3 Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 4