← Назад
Решение #2809263 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2602/622-санлы экономикалық ис
судья Н.Балтабаева
УЙҒАРЫЎ
(ис жүритиўди өндиристен қысқартыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2026 жыл 20 февраль
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Н.Балтабаеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили *** (2026 жыл 5-январь күнги 6/01-05/17-санлы исеним хат
тийкарында)тың
қатнасыўында,
даўагер
***ның
жуўапкер "***"
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 28 741 320,39 сом пеня өндириў
ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
***ның жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
28 741 320,39 сом пеня өндириў.
Судтың 2026 жыл 6 февраль күнги уйғарыўы менен Нөкис қалалық
Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 52-санлы мектепке
шекемги билимлендириў шөлкеми даўа предметине қарата бийғәрез талаплар
менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған.
Даўагер ўәкили даўадан ўаз кешиўин билдирип, исти өндиристен
қысқартыўды сорады.
Сондай-ақ, даўагер судқа өзиниң даўадан ўаз кешиўи, исти өндиристен
қысқартыў ҳаққындағы арзасын усынды.
Жуўапкер, үшинши шахс суд мәжилисине келмеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьясына
тийкар исти жуўапкер, үшинши шахстың қатнасыўысыз көриўди мақул
табады.
Суд, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып,
даўагердиң даўадан ўаз кешиўин қабыл етиўди ҳәм ис жүритиўди
өндиристен қысқартыўды мақул тапты.
ЭПКниӊ 157-статьясы биринши бөлимине муўапық, даўагер исти
биринши инстанция судында көриў ўақтында шешиўши қарар қабыл
етилгенге шекем даўаныӊ тийкары яки предметин өзгертиў, даўа талаплары
муғдарын көбейтириў яки кемейтириў, сондай-ақ даўадан ўаз кешиўге
ҳақылы.
ЭПКниӊ 110-статьясы 6-бәнтине тийкар даўагер даўасынан ўаз кешкен
ҳәм экономикалық суд оны қабыл еткен болса, экономикалық иси бойынша ис
жүритиў өндиристен қысқартылады.
Даўагер даўа арзасынан ўаз кешиўи ҳаққында судқа арза менен мүрәжат
етти.
Сонлықтан, суд даўагердиң даўадан ўаз кешиўин нызамшылыққа қайшы
келмегенлиги себепли қабыл етиўди ҳәм даўа арза бойынша ис жүритиўди
өндиристен қысқартыўды, даўагер тәрепинен даўа арза берерде төленген 41
200 сом почта қәрежетин оның мойнында қалдырыўды, даўагер усы
категориядағы даўа арза бойынша мәмлекетлик бажыдан азат етилгенлиги
себепли мәмлекетлик бажы өндирмеўди мақул тапды.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң
110, 111, 118, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд
УЙҒАРДЫ:
Даўагердиң даўасынан ўаз кешиўи қабыл етилсин ҳәм ис жүритиў
өндиристен қысқартылсын.
Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға
наразы тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде
Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге,
прокурор протест келтириўге ҳақылы.
Судья
Н.Балтабаева
2