Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2608/222 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 3e25b00b-a013-4aed-83fb-37f3dccb8377 Claim ID PDF Hash 276b6ab954f769ad... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2608/222-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Нөкис қаласы февраль 2026-жыл 20- Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси М.Хошмуратова хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХ (2025-жыл 18-февраль күнги 07-04/256санлы исеним хат тийкарында) қатнасыӯында, ХХның даўагер ХХ мәпин қорғап, жуўапкер ХХнен 42 648 000 сўм кредит қарыз, 3 920 000 сўм пайызын, 1 120 000 сўм пеня өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти өз суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ХХ (буннан кейин текстте ХХ деп жүритиледи) ХХ (буннан кейин текстте даўагер яки банк деп жүритиледи) мәпин қорғап, ХХнен (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) 42 648 000 сўм кредит қарыз, 3 920 000 сўм пайызын, 1 120 000 сўм пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден 42 648 000 сўм кредит қарыз, 3 920 000 сўм пайызын, 1 120 000 сўм пеня өндириўди сорады. ХХ менен жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. ХХ менен жуўапкердиң судқа мәлим болған ақырғы почта мәнзилине уйғарыў жиберилген. Сол себепли Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) 128-статьясынын екинши бөлимине тийкар жуўапкер тийисли тәртипте хабардар етилген деп есапланады. Суд сонлықтан исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) 128, 170статьяларына муўапық ХХ ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ӯәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституцияси 55-статьясының биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы 1 шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл 17-март күни дүзилген кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 25 % бенен 36 ай мүддетке 50 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратылған. Кредит шәртнамасының 1.1-бандине тийкар банк қарыз алыўшыға усы шәртнамада көрсетилген муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын бериў, қарыз алыўшы болса, алынған пул қаржыларын қайтарыў ҳәм пул қаржыларынан пайдаланғанлығы ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алған. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли 42 648 000 сўм кредит қарыз, 3 920 000 сўм пайызын, 1 120 000 сўм пеня, жәми 47 688 000 сўм қарызы барлығы истеги кредит шәртнамасы, даўагер ўәкилиниң суд мәжлисиндеги кѳрсетпеси ҳәм банк мағлыўматнамасы менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўа арзаны толық қанаатландырыўды лазым тапты. ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлийллеўи керек. Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың 2 қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сол себепли, суд даўагердиң даўа талабын толық қанаатландырыўды, жуўапкерден банк пайдасына 42 648 000 сўм кредит қарыз, 3 920 000 сўм пайызын, 1 120 000 сўм пеня, алдыннан тѳленген 41 200 сўм почта қәрежетин өндириўди, ЭПКниң 118-статьясына тийкар жуўапкерден республика бюджетине 953 760 сўм мәмлекетлик бажы ѳндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер ХХнен ХХ пайдасына 42 648 000 сўм кредит қарыз, 3 920 000 сўм пайызын, 1 120 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер ХХнен республика бюджетине 953 760 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.С.Убайдуллаев 3