Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2602/390 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BALTABAEVA NAGIMA DJOLDASOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8d87a177-1313-44c1-841b-cb6b00c917d9 Claim ID PDF Hash b508cd115d25cb6e... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2602/390-санлы ис Судья Н.Балтабаева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2026 жыл 20 февраль Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Н.Балтабаеваның басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, жәмийет баслығы ***, ўәкили *** (2026 жыл 11 февраль күнги 3-санлы исеним хат)лардың қатнасыўында, даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети мәпинде жуўапкер "***" акцинерлик жәмийетинен даўагер пайдасына 214 080 000 сом тийкарғы қарыз ҳәм 42 816 000 сом жәрийма өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер " ***" акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына 214 080 000 сом тийкарғы қарыз ҳәм 42 816 000 сом жәрийма ѳндириўди сораған. Суд мәжилисинде жәмийет баслығы даўа талабын қоллап-қуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилгенлигине қарамастан ўәкили суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди лазым тапты. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкилиниң түсиндирмесин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткерип бериў ҳаққындағы фьючерс шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен 2 байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 465-статьясы биринши бөлимине көре, контрактация шәртнамасына муўапық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши аўыл хожалығы өнимин қайта ислеў яки сатыў ушын бундай өнимди сатып алатуғын шахсқа - таярлаўшыға шәртлесилген мүддетте тапсырыў (тапсырып турыў) миннетлемесин алады, таярлаўшы болса бул өнимди қабыл етиў (қабыл етип турыў), оның ҳақысын шәртлесилген мүддетте белгили бир баҳада төлеў (төлеп турыў) миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025 жыл 29 сентябрь күни 48-санлы масақлы дән сатып алыў бойынша фьючерс шәртнамасы дүзилип, усы шәртнаманың 1.1 ҳәм 1.2-бәнтлерине муўапық «өним жеткерип бериўши» даўагер бийдай жеткизип бериў, «буйыртпашы» жуўапкер болса усы ѳнимди қабыл етип алыў ҳәм ҳақысын тѳлеў миннетлемесин алған. Даўагер тәрепинен жуўапкерге жәми 66 900 кг, яғный 214 080 000 сомлық бийдай жеткерип берилген болып, бийдайдың пулы жуўапкер тәрепинен толық төленбеген. Бул жағдайлар истеги шәртнама, жүк хаты, жәмийет баслығының суд мәжилисиндеги түсиндирмеси менен тастыйықланады. ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Сонлықтан, суд жуўапкерден даўагер пайдасына 214 080 000 сом тийкарғы қарызды өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама миннетлемелерин орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп бериўи белгиленген. Шәртнаманыӊ 4.3-бәнтине тийкар даўагер 20 пайыз яғний 42 816 000 сом жәрийма өндириўди сораған. Суд, жуўапкерден даўагер пайдасына 42 816 000 сом жәрийма өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени 3 қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, суд жәрийманың толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин ҳәм кредитор мәплерин итибарға алып, жәрийма муғдарын 21 408 000 сомға кемейтириўди мақул табады. ЭПК 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерге тийкар, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 214 080 000 сом тийкарғы қарызын, 21 408 000 сом жәрийма, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 5 137 920 сом мәмлекетлик бажы ѳндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" акцинерлик жәмийетинен даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 214 080 000 сом тийкарғы қарызын, 21 408 000 сом жәрийма, төленген 41 200 сом почта қәрежети ѳндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер "***" акцинерлик жәмийетинен республика бюджетине 5 137 920 сом мәмлекетлик бажы ѳндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья Н.Балтабаева 4